БАЛАЛАР ҚУЎАНЫШҚА БӨЛЕНДИ
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиндеги «Жаслар қанаты», Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети физика факультетиниң студент-жаслары ҳәм тьюторлары Хожели районындағы 17-санлы қәнигелестирилген МШБШде тәрбияланып атырған балалардан хабар алып, оларға естелик саўғалары тапсырылды.
Атап өтилгениндей, дүньяда балалардың қуўанышына, күлкисине ҳеш нәрсени алмастырып болмайды. Халқымыз балажанлы халық. Перзентлериниң бахтын, келешегин ҳәмме нәрседен үстин қояды.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен перзентлеримиздиң келешеги, тәлим-тәрбиясы, әсиресе мектепке шекемги билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар оларға болған үлкен итибардың белгиси болып табылады.
Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, бүгинги күнде шөлкемде имканияты шекленген 77 тәрбияланыўшы бар. Оларға тәжирийбели педагог хызметкерлер тәлим-тәрбия бермекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.