Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:10:23, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУМЫС НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН АРТТЫРЫЎҒА БАҒЫШЛАНДЫ

Монополияға қарсы гүресиў системасын тәртипке салыў ҳәм бәсекини раўажландырыў тараўындағы ең жақсы  әмелиятлардың базасын ҳәм структурасын жаратыў бүгинги күнниң талабына айланбақта.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде глобал бәсекиге шыдамлылық ҳәм экономикалық еркинлик индекслерин есаплаўға қосылыў, онда Өзбекстан ийелеген позицияларын және де жақсылаў бойынша бәсикиге унамсыз тәсир көрсетиўши факторларды анықлаў мақсетинде, мәмлекет тәрепинен берилетуғын жеңилликлер ҳәм преференцияларды анализ етиў, мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын баҳа ҳәм тарифлерди қысқартыў, баҳаларды декларация етиў тәртибин бийкарлаў, лицензиялар ҳәм руқсат бериўши ҳүжжетлердиң әмелдеги түрлерин қайта көрип шығыўға қаратылған илажлар бойынша жол карталары ислеп шығылған ҳәм усынылған.

Жақында Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң усы жылдың 9 айы даўамында әмелге асырыл­ған жумыслар нәтийжеси бойынша баспасөз конференциясы болып өтти. Оған усы тараў қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қуралларынан ўәкиллер қатнас­ты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети баслығы З.Камалов басқарып барды. Буннан соң, Өзбекстан Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң Мәлимлеме хызмети баспасөз хаткери С.Туляганова сөзге шығып, бүгинги күнде комитет тәрепинен исленип атыр­ған жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериўде, оны кең түрде  сәўлелендириўде ғалаба хабар қуралларының әҳмийети ҳәм орны айрықша екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, комитет баслығының орынбасары Б.Исмаиловтың комитет тәрепинен жыл басынан 9 ай даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққындағы баянаты тыңланды.

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын Regulation.gov.uz порталына жайластырылған Министрлер Кеңеси ҳәм жергиликли ҳәкимият органларының 88 қарар ҳәм бийликлери үйренип шығылған. Нызамшылық талапларына қайшы жағдайлар анықланып, қайта көрип шығылыўы ҳәм нызамшылыққа муўапықластырыў бойынша 3 жуўмақ берилген.

Сондай-ақ, комитет тәрепинен инсапсыз ҳәм ҳадал болмаған бәсеки жағдайлары бойынша үйрениў жумыслары алып барылған. Алып барылған илажлар даўамында 11 жағдайда Өзбекстан Республикасының «Бәсеки ҳаққында»ғы Нызам талапларына қайшы болған белги орнатылғанлығы анықланып, бул жағдай бойынша исбилерменлик субъектлерине түсиниклер берилип, нызам бузыўшылық жағдайлары сапластырылды. Және де инсапсыз бәсеки жағдайы бойынша комитетке 5 мүрәжат келип түскен болса, тийисли шаралар көрилди. Буннан басқа товар ҳәм хызметлер базарында да анализ ҳәм үйрениў жумыслары өткерилип, нызамға муўапық тәртипте илажлар көрип шығылған.

Әнжуманда қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF