Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:18:22, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘКИМ ЖӘРДЕМШИЛЕРИ ХАЛЫҚҚА СҮЙЕНИШ БОЛМАҚТА

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде орынларда халықты қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыў, ҳәр бир мәҳәлле ҳәм аўылда пуқаралардың турмысын жақсылаў бойынша кең көлемли әмелий илажлар әмелге асырылмақта.

Бунда мәҳәллелерде шөлкемлестирилген ҳәким жәрдемшилериниң қосып атырған үлеси айрықша болмақта.

Себеби, бүгинги күндеги аймақлардағы «мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасын енгизиў жумыслары халықтың дәраматлы мийнет пенен бәнтлиги тәмийинлениўинде, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаўда әмелге асырылатуғын механизмлерди жаңа басқышқа алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Бүгинги күнде ҳәким жәрдемшилериниң нәтийжели жумыс ислеўине орынларда барлық қолайлы шараятлар жаратылып, олар ушын пуқаралар жыйынларының имаратларында өз алдына бөлмелер ажыратылып, зәрүр мебель ҳәм үскенелер менен тәмийинленбекте. Компьютерлери ҳәм планшетлери интернет тармақларына жалғанған.

— Жаратылған жаңа сис­тема тийкарында ҳәким жәрдемшилери тәрепинен быйыл, жыл басынан берли 367 мың 907 шаңарақ хатлаўдан өткерилип, халықтың экономикалық-социаллық жағдайларына бола категорияларға бөлинди,-дейди Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары А.Сапаров.

Атап айтқанда, усы шаңарақлардың 11,1 проценти дәраматы аз, бирақ дәрамат табыўға ҳәрекет етип атыр­ған биринши категориядағы шаңарақлар есабына, 51,5 проценти турақлы дәрамат­қа ийе, қосымша дәрамат табыўды қәлеўши екинши категориядағы шаңарақлардың есабына, 5,4 проценти социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан, майыплығы болған үшинши категориядағы шаңарақлардың есабына, 32 проценти экономикалық жағдайы жақсы ҳәм өзине тоқ шаңарақлар төртинши катего­риядағы шаңарақлардың есабына туўра келмекте.

Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен хатлаў нәтийжесинде анықланған ҳақый­қый жағдайдан келип шығып, машқалаларды саплас­тырыў бойынша «мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасы тийкарында жыл жуўмағына шекем әмелге асырылатуғын жумыслардың «жол карта»сы ислеп шығылды.

Онда тийкарғы итибар жумыссыз пуқараларды жумысқа орналастырыў, оларды мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумыс­ларға тартыў, халыққа турақлы дәрамат дәрегин жаратыў ушын жеңиллетилген кредитлер ҳәм субсидиялар алыўға жәрдемлесиў, жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке үйретиў арқалы бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылды.

Усы «жол карта»лары тийкарында мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшилери тәрепинен бүгинги күнде 6176 жаңа исбилерменлик субъ­ектлери шөлкемлестирилип, өз жумысларын баслады.

Атап айтқанда, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде  23683 юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге 545,3 миллиард сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

Исбилерменлик жумысларын баслаўы, кәсип-өнерге оқытылыўы, қыйтақ жериндеги жумысларын шөл­кемлестириўи ушын әсбап-үскенелерди сатып алыўы сыяқлы илажлар ушын 7021 пуқараға 40,1 миллиард сумлық субсидиялар ажыратылды.

Аўыллық жерлерде халықтың, әсиресе, «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»ндеги жәрдемге мүтәж пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 6981 лотқа бөлинген 2979 гектар майдан электрон таңлаўға қойылып, 14247 пуқара 5245 гектар жер майданларының жеңимпазлары болды.

Халық арасында шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде 2603 шаңарақта 25363 бас қой, ешки, 4099 шаңарақта 317399 бас қус, 177 шаңарақта 2426 қоян, 265 шаңарақта 3781 пал ҳәрре уяларының бағылыўы жолға қойылды.

Исбилерменлик жумысларын басламақшы болған жумыссыз адамлардан жәми 15150 пуқара, соннан 10324 пуқара кәсип-өнерге ҳәм 4826 пуқара исбилерменликке оқытылды.

Мийнетке жарамлы, жумыссыз ямаса рәсмий емес түрде бәнт пуқаралар арасында үгит-нәсият илажларының алып барылыўы нәтийжесинде 23 мың 143 пуқара өзин-өзи бәнт етиўи арқалы бәнтлиги тәмийинленди.

Ҳәким жәрдемшилериниң мәҳәллелерде өткерген хатлаўларының нәтийжелери, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды оқы­тыўға бағдарлаў, кредит ажыратыў ҳәм исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў бойынша алып барыл­ған әмелий жумыслары сын көзқараста баҳаланып барылмақта. Сондай-ақ, олардың қарым-қатнас, сөйлесиў мәденияты, интакерлиги ҳәм шөлкемлестириўшилик қәбилетлерине айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, «мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасында ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын мониторинг етиў ҳәм баҳалап барыў бойынша «Онлайн мәҳәлле» платформасы ар­қалы нәтийжелилигин баҳалаў системасы жолға қойылды.

Үшинши шеректиң жуўмағы менен ҳәким жәрдемшилериниң ең әҳмийетли нәтийжелери бойынша көрсеткишлерин (KPI) баҳалаў жуўмақлары Қарақалпақстан Республикасында 88,2 баллды қурайды.

Районлар кесиминде, Мойнақ районы 96,5 балл менен биринши, Беруний районы 93,3 балл менен екинши, Қанлыкөл районы 92,9 балл менен үшинши орынды ийелеп турыпты. Нөкис қаласының баҳаланыўы 79,9 баллды қурайды.

Жол қойылған қәте-кемшиликерди сапластырыў мақсетинде республикадан бириктирилген ўәкиллер ҳәм министрлик ҳәм мәкемелер менен биргеликте ҳәким жәрдемшилериниң дәрежеси ҳәм билим көнликпелерин және де арттырыў бо­йынша семинар-тренинглер өткерилип келинбекте.

Быйыл халықтың бәнт­лигин тәмийинлеў мақсетинде айрықша илажлар бағдарламасы ислеп шығылып, тараў басшыларына белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша «мәҳәлле кесиминде»ги жәми 1034 жойбардың әмелге асырылыўы белгиленди. Жойбарлардың улыўма баҳасы 230,4 миллиард сумды қурайды. Соннан, 117,4 миллиард сумлық бөлеги интакерлердиң өз қаржылары, 112,5 миллиард сумлық бөлеги банк кредитлери ҳәм 300 миллион сумлық бөлеги сырт ел кредитлери есабынан қаржыландырылады. Усы жойбарлардың әмелге асырылыўы арқалы 5265 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы режелестирилген.

Быйылғы жыл әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарлардан бүгинги күнге шекем 112,8 миллиард сумлық 859 жойбары иске түсирилди. Оның 69,3 миллиард сумлық бөлеги интакерлердиң өз қаржылары, 43,5 миллиард сумлық бөлеги банк кредитлери есабынан қаржыландырылды. Усы жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 4085 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Мәҳәллелерде санаат, өнерментшилик ҳәм жумыс­ты бөлип алып ислеў механизмлери де кеңнен енгизилмекте.

Бозатаў, Кегейли, Қо­ңырат, Шымбай, Еллик­қала районларында бир мәҳәлледен, Қараөзек ҳәм Нөкис районларында екеўден ҳәм Тахтакөпир районында үш мәҳәлледе жәми 12 микроорайлардың шөл­кемлестирилиўи ҳәм 109 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы режелестирилген. Олар Бозатаў, Қумшүңгил, Ата мәкан, Есим, Алтынкөл, Ақмаңғыт, Бақаншақлы, Дәўқара, Қараой, Қаратерең, Көкши қала, Елликқала пуқаралар жы­йынлары.

Ҳәзирги ўақытта шөл­кемлестирилиўи режелестирилген микроорайлар ушын жол транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктуралары хатлаўдан өткерилди. Олардан 12 мәҳәлледе электр энергиясы, 9 мәҳәлледе тәбийғый газ, 8 мәҳәлледе ишимлик суў, 2 мәҳәлледе канализация тармақлары бар екенлиги анықланған.

2023-2024-жылларда және 40 мәҳәлледе усындай микроорайлардың шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF