АТАҚЛЫ ПАХТАКЕШТИҢ АТЫЗЛАРЫНДА...
Ата-бабаларымыздың «Гүзар жол бойында мәрт яки нәмәрт отырады» дегениндей, «Нөкис-Қоңырат» магистраль асфальт жолы бойында, районға кире беристе шағаладай ашылған пахтазарлық көз қумарыңды қандырады.
Алыс-жақынлардан келген мийманларды нанлар, дуз бенен күтип алыў, атыз басларындағы дала шертеклеринде дийқаншылықтың жоқары мәденияты менен таныстырыў — қулласы, 2000-жыллары дүзилген «Мустақиллик» фермер хожалығы жумысларына қарап баҳа бериледи.
— Соңғы жыллары суўдың тамтарыслығын басымыздан кеширип атырмыз, - дейди хожалық баслығы, Қарақалпақстанға мийнети сиңген пахтакеш, жақында ҳаж сапарына барып қайтқан Қуўат Өтеков кеўилли түрде.
— Ең баслысы шигит егилген 60 гектардан бир тегис толық нәл алып, гектарына 25 центнерден 150 тонна зүрәәт жетистириў ушын жыл даўамында тынымсыз мийнет еттик. Суўсызлықта биологиялық усылларда ғаўашаны жапырағы арқалы азықландырыў түрине күш салынды. Әспеклеп, суўды тамшылатып суўғаратуғын агрегатлар арқалы үнемлеп пайдаландық. Хожалық ағзалары менен механизаторлар ғаўашаны минерал ҳәм жергиликли төгинлер менен азықландырып, шербетлеп суўғарыў, шүдигарға қойып, ушын шырпыў сыяқлы агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырғанның нәтийжесинде мол өним топлаўға ерисилди. Биоматериалларды жеткерип бериўде шәртнама тийкарында ислесип атырған «Агроәлем» хожалығы басшыларына рахмет айтқымыз келеди.
Жерлерди егиске сүрип-тегислеўден баслап сапалы шигит егиўде, шербетлеп суўғарыўда көзге түскен суўшылар менен механизаторлардан А.Худайбергенов, М.Қубатов, М.Ярылқағанов, С.Султанов, Д.Абдуллаев ҳәм шәпик қоллы теримшилерден Р.Юсупова, Э.Бегжанова, К.Қазакбаевалар басқаларға үлги болды. Жобадан зыят 50 тонна ҳасыл жетистириў ушын күнниң ашық-жарық күнлеринен утымлы пайдаланып, шыйрақласып атырмыз, - дейди хожалық баслығы Қ. Өтеков кеўилли түрде.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
журналист, Қоңырат районы.
СҮЎретте: Теримшилерден Р.Юсупова, Э.Бегжанова, хожалық баслығы Қ.Өтеков,
М.Ешниязов ҳәм К.Қазақбаевалар атыз басында.
Автордың түсирген сүўрети.