Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:12:54, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЛОКОМАЦИЯ — ЭМОЦИОНАЛЛЫҚ ЖАНТАСЫЎ

Заманагөй көринислердеги живопись ҳәм көркем өнер дөретиўшилик пенен халқымызды жақыннан таныстырыў, әсиресе, жаслардың руўхый дүньясын байытыў, олардың ана-Ўатанымызға болған сүйиспеншилигин арттырыў сыяқлы көринислерди өзинде жәмлеген көргизбелер қандай адам болмасын, онда эмоционаллық жантасыў сыяқлы айрықша сезимди пайда етпей қоймайды.

Усы жылдың 24-28-октябрь күнлери Ташкент қаласында «Художник ҳәм жәмийет. Келешек көркем өнер концепциялары» атамасында IX Ташкент халықаралық заманагөй көркем өнер биенналесин өткериў белгиленген еди. 27-октябрь күни усы IX Ташкент халықаралық заманагөй көркем өнер биенналеси шеңберинде пайтахтымыздағы Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында қарақалпақстанлы жас талантлы художниклериниң «Локомация» атлы көргизбениң ашылыў кешеси болып өтти.

Көргизбени Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының мәденият ҳәм мәнаўият мәселелери бойынша кеңесгөйи Г.Изентаева кирис сөз бенен ашты. Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарекеев, Ташкент қаласынан келген мийман, медицина илимлериниң кандидаты, доцент Ж.Каримбердиев ҳәм басқа да бир қатар белгили художниклер шығып сөйлеп, бүгинги көргизбениң әҳмийети ҳәм ондағы дөретиўшилик мийнетлердиң қунлылығына жоқары баҳа берди. Көргизбеге тийкарынан алпыстан аслам живопись мийнетлер қойылған болып, художниклер Бахтияр Серекеев, Тимур Шардеметов, Саламат Бабаджанов ҳәм Наўрыз Айтмуратовлар өзлериниң соңғы ўақытлары дөреткен әжайып ҳәм өзгеше картиналары менен қатнасты.

Айтып өтиўимиз керек, ке­йинги әўлад художниклери өзлериниң ишки ой-өрислерин, эмоционаллық кеўил кеширмелерин белгили бир заманагөй көринислерде көрсетиў ўазыйпаларын өзгеше усыллардағы дөретиўшилик көринислерде алып бармақта. Живопись тийкарғы дәстүрлеринде тәрбияланған бул авторлар өзлериниң айрықша ислеў усылларын ислеп шыққан, бунда көбинесе Европа дөретиўшилик мектеплерине сай бол­ған жағдайлар сәўлеленеди. Бундай жедел алға илгерилеўлерди олар өз алдына ҳәрекет ретинде баҳалағаны ушын бул көргизбе «Локомация» деген атамаға ийе болды. Локомация — илимий термин (латынша l9!7! — орын, m9589 — ҳәрекет) бир орыннан алға ҳәрекетлениў, бослықта жедел ҳәрекетлениў дегенди аңлатады. Раўажланыў ҳәм эволюция­лық өзгеше ҳәрекетлениў өзиниң идеялық ҳәм филосо­фиялық көринисиндеги процесинде болған түсиниклери бул художниклерге көргизбениң усылай аталыўына түртки болды.

— Бүгинги көргизбеде заманагөй, ҳәзирги күндеги жас художниклердиң дөретиўшилик мийнетлери орын алды. Бунда  бизиң илимимизде сүўретлеў өнеринде тийкарынан реализм бағдарына көбирек итибар қаратылған болса, ал, бүгинги күндеги мәмлекетимиз тәрепинен сүўретлеў өнерине болған итибардың нәтийжесинде басқа да бағдарлар кеңнен тарқалып атыр. Әне, сол бағдарлардың қатарында абстракция жөнелисинде ислеп атыр­ған художниклеримиз бар. Мине, усындай талант ийелериниң өзгеше көргизбелери қойылмақта. Художниклер тийкарынан бүгинги күнге, тәбиятқа, жәми­йетке болған ишки кеширмелери, қызығыўшылық сезимлери менен қатнас жасағанлығы картиналарында айқын көринеди. Көргизбе көпшилик ықласбент­лердиң қызығыўшылығын арттырмақта. Басқа көргизбелерден өзгешелиги — көп ғана социаллық тармақларда берилетуғын дағаза, рекламалардың тийкарында Ташкент қаласынан, Қазақстан, Иран ҳәм басқа да шет мәмлекетлерден бул көргизбеге жоқары қызығатуғынлығын билдирмекте. Бул болса, бизиң жетискенлигимиз десем, қәте­леспеймен. Көргизбе он бес күн даўам етеди. Басқа да ықласбент­лер болса көргизбеге келип, сүўретлеў өнериниң басқа жөнелислериндеги сәўлеленген картиналарды, бүгинги күнниң көринисин тамашалап, эстетикалық заўық алыўға шақыраман, - дейди Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими бас илимий хаткери А.Хожамбергенов.

Қулласы, бул көргизбениң ашылыўы барлық қатнасыўшыларда өзгеше сезим пайда етип, айрықша тәсирлер қалдырды.

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: көргизбеден көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF