Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:19:33, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҒАМҚОРЛЫҚ ДЕГЕН УСЫНДАЙ-АҚ БОЛАР

Халқымыздың ең таптырмайтуғын қәстерли үрп-әдетлериниң бири, жәрдемге мүтәж инсан­ларға бийминнет қәўендерлик ҳәм ғамқорлық көрсетиў болып табылады. Әсиресе, кем тәми­йинленген, жумыссызлықтан қыйналып атыр­ған ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге қайырқомлық көрсетиў, бүгинги күнде мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени айқын ҳақыйқат.

Дурыс, өмирдиң қатал нызамлары кимди болса да албыратып, аўыр сынаққа дусластыратуғынын ҳеш бир бенде қыялына келтирмейди. Ал, бундай сынаққа түскенде, перзентлери, шаңарағы бахты ушын қасарысып, тырмасып алдыға умтылғанлар, әззилик етип сынбайды. Керисинше, қолынан келетуғын өнери арқалы, ўақытша қыйыншылықтан шығысып кеткенлер қаншама дейсиз. Солай екен, тек ғана мийнет етип, машқаладан шығысаман дегенлерге мәмлекетимиз тәрепинен қоллап-қуўатлаўлар жетерли дәреже де берилмекте.

Жақында, Елликқала районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың көш­пели қабыллаўында бир топар ҳаял-қызларға субсидия тәризинде заманагөй тигиў машиналары тапсырылды. Ҳақыйқый ғамқорлық деген усындай-ақ болар. Ендигиден былай, тигиў машиналары ийелери, өз-өзин жумыс пенен бәнт етип, шаңарағына дәрамат келтириў имканиятына ийе болды.

Өмирдиң тосаттан таярлаған қыйыншылықларына бойсынбай киятырған Яқуджан Ҳад­жиева райондағы «Иқбол» мәкан пуқаралар жыйынында жасайды. Бир ул ҳәм қызы бар.

—  Ел басшыларына рахмет. Ҳал-жағдайымыздан хабар алып, қәўендерлик етиўден кемиси жоқ. Мәкан пуқаралар жыйыны қолдан келген жәрдемин берип, қайырқомлық көрсетип тур. Журт қатары таза имараттың тырнағын қаладық. Питпей атыр­ған кемис-қутықларын жамаў аңсатқа түспеди. Бирақ, усыған қарамастан питкерип жасап атырмыз. Идиралды перзентим аўзыма ас салғанына шүкиршилигим көп. «Қолдан бергенге қус тоймас» дегендей, көптен берли заманагөй тигиў машиналы болсам, деп әрман етер едим. Қолымнан көрпе-төсек, кийим-кеншек тигиў келеди. Тәўекелге бел буўып, ра­йон басшыларына мүрәжат етиўге бел байладым. Мүрәжатым бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының көшпели қабыллаўында субсидия тәризинде тигиў машинасы берилди. Президентимизге, Республикамыз басшыларына айтар алғысым шексиз. Халқы қәдирленген елде жасап атырғанымнан бахтиярман. Буннан былай, өзимниң бәнтлигимди тәмийинлеп,  қарыйдарлардан буйыртпа алып жумыс баслаўды жолға қоймақшыман, - дейди қуўаныштан толып-тасқан Яқуджан Ҳаджиева.

Биз, хошласып шығып баратырғанымызда, бир топар ҳаял-қызлар кирип келди. Олар, үй ийесине кийим тиктириўге бу­йыртпа бериў ҳәм қызларын шәкиртликке алып келгенлигин айтқанында, Я. Ҳаджиеваның баслаған иси сәтине түсетуғынлығына исеним арттырдық.

Қ.РЕЙМОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Елликқала районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF