Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:35:52, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘР БИР МҮРӘЖАТ АРТЫНДА ИНСАН ТӘҒДИРИ

Усы жыл 23-октябрь күни Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орын­баевтың Нөкис қаласындағы жеке қабыллаўы болып өтти.

Қабыллаўда тийкарынан пуқараларды бүгинги күни қыйнап киятырған социаллық қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик жумысында ушырасып атырған машқалалар, бәнтлик, медициналық жәрдем, электр ҳәм газ тәмийнаты, жол қурылысы, ишимлик ҳәм ақаба суў жеткерип бериў бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Мәселен, «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны тур­ғыны Гүлназ Айтымбетованың үйиниң төбесин бастырып бериў бойынша мүрәжаты унамлы шешилип, бул жумыс ислеп берилетуғын болды. «Әмиўдәрья» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Ерназар Мақсетов веб-программалаў ҳәм мәлимлеме технологиясы бағдарына қызығатуғынлығын билдирип, әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Оның бул қызығыўшылығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен қоллап-қуўатланып, оған компью­тер программалары ҳәм сайт жаратыўшы заманагөй компьютер алып берилетуғын болды.

Соның менен бирге, Гүлжайна Айназарованың екинши қәнигелик бойынша шәртнама төлеми төлеп берилип, жумысқа орналастырылды. Айгүл Жуманазарова менен Салтанат Төлегенованың турақ жайын оңлаўға қаржы ажыратылатуғын болса, Майрамгүл Мадреймоваға материаллық жәрдем пулы берилетуғын болды.

Улыўма алғанда, қабыллаў даўамында пуқаралардан 300ден аслам мүрәжат келип түсти ҳәм басым көпшилиги унамлы шешимин тапты. Ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар  тийисли тараў басшыларына тапсырылды ҳәм олардың орынланыўы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынды.

Солай етип, ҳәр бир мүрәжат артында инсан тәғдири бар. «Инсан қәдири ушын» принципин өзинде жәмлеген бундай қабыллаўлар басқа районларда да болып өтеди.

Қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Президенти кеңес­гөйиниң биринши орынбасары У.Муҳаммадиев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF