Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:30:25, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРИЙХЫ БАЙ ҚАЛА

(НӨКИСТИҢ 90 ЖЫЛЛЫҚ ТАРИЙХЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ДЕРЕКЛЕР)

(1932-2022-жж.)

Мәмлекетлер ҳәм халықлар раўажланыўында қалалардың, тийкарынан пайтахт қалалардың орны ҳәм роли үлкен болып есапланады. Сондай қалалардың бири Нөкис қаласы болып табылады.

Автономиялы ўәлаяттың автономиялы республикаға айланыўына байланыслы Қарақалпақстан пайтахтының орны ҳаққында мәселе өзиниң үзил-кесил шешимин тапты. Пүткил аўқамлық Орайлық Атқарыў Комитети Президиумының 1932-жыл 1-апрельдеги қарары ҚҚАCCРдың ҳәкимшилик орайын Нөкис деп белгилеп, соның менен бирликте оны қалаға айландырды.

Нукус - Лучшие курорты - Узбекистан - Поиск попутчиков с Triplook

Нөкистиң жайласқан жери, суў қатнасын, қурғақлықтағы жол қатнасын ҳәм транспорт байланысларын келешекте раўажландырыў ушын күтә мақул келеди. Қаланың дәрьяға жақын жайласыўы қурылыс материалларын алып келиў, халықтың коммуналлық турмыс мүтәжликлерин суў менен тәмийинлеў ҳәм аўыл хожалығы өндирисин раўажландырыў ушын жақсы мүмкиншиликлерди ашып берди. Қабыл етилген қарарларға муўапық, 1932-жылы Қарақалпақстанда қаланы салыў бойынша таярлық жумысларына ҳәм оның жойбарын ислеп шығыўға кирисилди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Орайлық Атқарыў Комитети менен Халық Комиссарлар Кеңесиниң 1932-жыл 17-ноябрьдеги бирликтеги мәжилиси пайтахт Нөкис қаласының қурылысына таярлық, оны шөлкемлестириў ҳәм қурылысты табыслы тамамлаў ҳаққында мәселени қарап шықты. Қуры­лыс­қа басшылық етиў бойынша үш адам қурамында ҳүкиметлик комиссия дүзилди, олардың арасында Қ.Әўезов болды. Пайтахт қурылысының мәселелери бәрқулла республика басшыларының дыққат орайында болды. Сол жыллардағы көрнекли мәмлекетлик искерлер — К.Нурмухаммедов, Қ.Әўезов, И.С.Алиев, Д.М.Логинов ҳәм басқалар пайтахттың қурылысына тиккелей қатнасты. Қол күши (гербиш өриўшилер, сыбаўшылар ҳәм басқалар), инженерлер менен техниклер, атап айт­қанда, сантехника бойынша қәнигелер жетиспеди. Көплеген қурылыс материаллары қоңсылас республикалардан алып келинди.

Жергиликли қурылыс материалларын ислеп шығарыўға айрықша дыққат бөлинди. Тас гербиш пенен тәмийинлеў ушын қумбызлар қурылды, ҳәк алыў да жолға қо­йылды. Гербиш заводы қурылды. Республиканың қурылысларын маман қәнигелер менен тәмийинлеў ушын ҳәр қыйлы курслар ашылды. Мәселен, 1932-жылы Төрт­күлде үш айлық қурылысшылар курсы ашылып, онда 37 адам, соның ишинде үш ҳаял-қыз кәсип сырларын үйренди. Усы курслардың питкериўшилериниң көпшилиги Нөкис қаласын қурыўға, соның ишинде ун қаразының, жоңышқа туқымын тазалайтуғын заводтың, почтаның, мийманхананың, дәрихананың, турақ жайлардың қурылысларына қатнасты.

Нөкис қаласының қурылысы ҳаққында қарар қабыл етилгеннен соң бир жылдан кейин, 1933-жыл 10-июльде РСФСР Халық Комиссарлары Кеңесинде Нөкис қаласын раўажландырыўдың бас схемасы тастыйықланды. Ал, ҳақыйқатында имаратлар салыў жумысы тек 1934-жылдан басланды. Жумысларды жедел пәт пенен алып барыўға туўра келди, себеби, гидрогеологлардың болжаўлары бойынша 1935-жылы Төрткүлди дегиш алыўы мүмкин еди. Усыған байланыслы РСФСР Халық Комиссарлары Кеңеси ҳәм Пүткилаўқамлық Орайлық Атқарыў комитети Нөкис қаласын қурып питкериў мүддетлерине өзгерислер киргизди ҳәм қурылысты тезлетиў, қосымша финанс қаржылары ҳаққында қарарлар қабыл етти.

Орайда типография хәм оқыў орынлары ушын имаратларды, сондай-ақ, ремонтлаў-механикалық устаханаларды буннан былай қурыўдың жобасын иске асырыўға айрықша дыққат аўдарылды.

1936-жылы басшылық тәрепинен қурылысты питкериў графиги ислеп шығылды. Ҳүкимет ҳәм профсоюз шөлкемлериниң Төрткүлден Нөкиске көшип келиўи 1936-жылдың IV тоқсанына белгиленди.

Нөкистиң халқы жақын 10 жыл ишинде 15 мың адамды қурайды деп есапланды, ал, ҳақыйқатында 1939-жылдың 17-январында қала халқы 14 мың адамды қурады. Көрилген илажлар арасында республикада санаат ҳәм пуқаралық қурылыслар ен жайдырылды. 1938-жылы Нөкисте гербиш заводы пайдаланыўға тапсырылды, ол жылына 6 миллион дана гербиш ислеп шығарды. Бирақ, қурылыс көлемлериниң кеңейиўи жаңа гербиш заводын қурыўды талап етти.

1953-жылдан 1955-жыл аралығында қумлық жерде гербиш завод бой тикледи. Буның ушын «Қызкеткен»нен заводқа де­йин канал қазылды, ол қумлықлар ҳәм таслақлар арқалы өтти.

Республиканың пайтахты сыпатында Нөкис қаласы тез пәт пенен раўажланды, 1940-жылға келе бул жерде 47 кәрхана, соның ишинде бизиң елимизде бирден-бир жоңышқа туқымын тазалаўшы завод, полиграфкомбинат, гербиш заводы, механиза­цияласқан ун қаразы, сүт-май заводы, аяқ кийим ҳәм тигиўшилик артельлери, электр станциясы ислеп турды. 1940-жылы бала бақшалары, мәмлекетлик банк,  орайлык почта, мийманхана, турақ жайлардың ҳәм басқа да объектлердиң қурылысы питкерилди.

1940-жылы радиоузел салынды, телефон байланысы жолға қойылды. Мебель фабрикасының, пиво заводының, сондай-ақ, полиграфкомбинаттың қурылысы басланды, ол 1940-жылдың өзинде иске қосылды. Жаңа пайтахтта халық билимлендириўин раўажландырыў ушын жағдайлар дүзип берилди. 1941-жылға келип төрт мектеп салынып, оларда 68 муғаллим иследи, 2665 оқыўшы билим алды.

Урыс жылларында жылына 50-60 мың жуп аяқ кийим ислеп шығаратуғын аяқ ки­йим фабрикасы, жылына 1,5-2 мың тигиўшилик буйымларын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болған тигиў фабрикасы қурылды. Мотор ремонтлаў заводы ҳәм Нөкисте суткасына 15 тонна нан шығаратуғын механизацияласқан нанбайхана ҳәрекет етип турған кәрханалардың қатарына қосылды.

Уллы Ўатандарлық урыс тамамланғаннан кейин бизиң республикамыздың тийкарғы ўазыйпасы барлық халық хожалығын парахатшылық турмысқа бағдарлаў ҳәм экономика және мәденияттың буннан былай да көтерилиўин тәмийинлеў болды. Нөкис автономиялы республиканың санаат ора­йына айланды. 1948-жылы азық-аўқат са­наатының бир қатар кәрханалары, соның ишинде нан комбинаты ҳәм май заводы иске қосылды. Металды қайта ислеў, қурылыс ҳәм ағаштан буйымлар ислеў санааты раўажланды. Олардың көпшилиги шийки затты үнемлеў, жумыс ўақтынан нәтийжели пайдаланыў есабынан жобаларын артығы менен орынлаўға еристи.

Урыстан кейинги бес жыллық дәўиринде Нөкис электр станциясы ҳәм машина ремонтлаў заводы иске қосылды, қалалыларды аўызсуў менен тәмийинлеў жақсыланды.

Қаланың санаат кәрханаларының жумысшылары менен хызметкерлери өзлериниң интасы менен колхозларға күтә үлкен жәрдем көрсетти. 1954-жылдың өзинде Нөкистиң 49 санаат кәрханалары республиканың 40 колхозын өзлериниң ғамқорлығына алды. Олар 7 мың тонна пахтаны, 3 мың тонна минерал төгинлерин тасып берди.

Нөкис Қарақалпақстан илиминиң ҳәм мәдениятының орайына айланды. 1959-жылы комплексли илим-изертлеў институтының базасында Өзбекстан ССР Илимлер академиясының Қарақалпақстан филиалы ашылды. Оның биринши басшысы академик М.К.Нурмухаммедов болды. 1992-жылы Қарақалпақстан филиалы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлимине айландырылды, оның президиумының баслығы болып Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги С.К.Камалов хызмет етти.

Басқа аўқамлық республикалар илимпазларының жәрдеминде автономиялы республикада илимий кадрлар өсип жетилисти. 1956-жылы 22 адам илимий атақларға ҳәм дәрежелерге ийе болды. 1992-жылға келгенде 10 илимий мәкеме ислеп турды. Илимий мәкемелер менен қаладағы жоқары оқыў орынларында 3 академик, 3 хабаршы ағзасы, 24 илим докторы ҳәм 410 илим кандидатлары иследи. Олар бизиң үлкемиздиң экономикасы менен мәдениятын буннан былай да раўажландырыў менен байланыслы болған мәселелердиң кең топары бо­йынша изертлеўлер жүргизди. Урыстан соңғы жыллары Нөкис қаласы халық билимлендириўин раўажландырыўда үлкен роль атқарды. 1950-жылы қалада 12 мектеп болды, халықтың санының артыўы менен оқыўшылар саны да артып барды. Муғаллимлер жетиспеди. Муғаллимлерге болған талапты педагогикалық училище, педагогикалык институт  қанаатландырыўы тийис болды. 1976-жылы институт Қарақалпақстан мәмлекетлик университети етип қайта дүзилди.

Медициналық хызмет көрсетиў жақсыланды. 1958-жылы қалада 80 шыпакер ҳәм 250 орта медицина хызметкерлери болды, усы ўақытқа келип 475 орынға мөлшерленген 6 емлеўхана ҳәм 2 дәрихана ислеп турды.

1970-жыллары денсаўлықты сақлаў тараўында үлкен табысларға ерисилди. Бир қатар медицина мәкемелериниң объектлери — республикалық онкологиялық диспансердиң комплекси, рессанэпидстан­цияның жайы, республикалық балалардың жуқпалы кеселликлери ҳәм көз кеселликлери емлеўханаларының корпуслары иске қосылды. 1980-1990-жыллары денсаўлықты сақлаў тараўында, әсиресе, үлкен өзгерислер жүз берди. Емлеўханалар кеңейтилди ҳәм тазадан салынды.

1987-жылдан баслап қалада 7 мәденият үйлери ислеп турды, оларда көркем ҳәўескерлик 57 дөгерек шөлкемлестирилди, мәденият үйлери жанында 2 автоклуб, 5 халық ансамбли, 1 халық университети, хожалық есабындағы 1 дем алыс орайы ҳәрекет етти.

1990-жылы қалада 20 емлеўхана, 12 поликлиника болды, оларда 890 шыпакер ҳәм 2 мыңнан аслам орта медициналық хызметкерлер иследи. Республиканың дәриханалар басқармасы, медициналық илим-изертлеў институтлары ислеп турды.

С.Хожаниязов атындағы Жас тамаша­гөйлер театры жемисли иследи. 1991-жылдан баслап мәмлекетлик қуўыршақ театры ислей баслады.

Нөкис қаласы барған сайын қалалық-республикалық мәдений-ағартыў мәкемелериниң орайына айланып барды. Қалада  И.В.Савицкий атындағы сүўретлеў көркем өнери музейи, қолланба өнер музейи, үлкетаныў музейи ҳәм жаўынгерлик және мийнет даңқы музейи ислеп турды. 1958-жылы улыўма китап фонды 200 мың болған 15 китапхана болған болса, 1990-жылы қалалық орайластырылған китапханалар системасы өзиниң 14 филиалына ийе болды, олардан 10 жалпы ҳәм 4 балалар китапханалары болды. Китап фонды 458 150 нусқаны қурады, китап оқыўшыларының саны 30 874 адам болды. Қалада 1 «Жеңис» мәдений ҳәм дем алыў бағы, кинотеатр иследи. 1957-жылы Нөкис қаласында 28 клуб ҳәм мәденият үйлери, 42 қызыл мүйеш, 68 жалпы китапханалар болды.

Ғәрезсизликтиң дәслепки дәўирлеринен баслап мәмлекетте илим-билимге болған итибар күшейди. 1992-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан филиалы оның өз алдына бөлимине айландырылды. Бөлимде 140тан артық илимий хызметкерлер илим-изертлеў жумысларын алып барды.

1992-жылы ӨзР Илимлер академиясы Нөкис филиалындағы Н.Дәўқараев атындағы Тарийх, Тил ҳәм әдебият институты бөлинип, еки илимий орайF Тарийх, археология ҳәм этнография институты ҳәм Н.Дәўқараев атындағы Тил ҳәм әдебият инс­титуты иске түсти. Бул болса республикада тил ҳәм әдебият, тарийх илимлериниң раўажланыўына үлкен мүмкиншиликлер жаратты. Бүгинги күнде қарақалпақ үлкесинде 3 мәмлекетлик театр әмелде болып, оларF Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы академиялық театры, Сапар Хожаниязов атындағы Қарақалпақстан Жас тамашагөйлер театры ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрлары болып табылады. 4 мәмлекетлик музей. Нөкистиң «Сапар қағазы»на айланған И.В.Савицкий атындағы көркем өнер музейинде 2018-жылға келип, экспонатлар саны 100 мыңға жетти. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти ҳәм жазыўшы, мәмлекетлик ғайраткер Ә.Шамуратов үй музейи, Бердақ миллий музейи, «Репрессия қурбанлары яды» музейлери иске түсти.

Бердақ атындағы музыкалы театрға 2017-жылы «Академиялық театр» статусы берилди. Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан ҳүжжетли ҳәм илимий-көпшиликке арналған фильмлери Қарақалпақстан филиалы ғәрезсиз «Қарақалпақфильм» киностудиясына айландырылды.

Ғәрезсизлик жылларында жоқары билимлендириў системасы да жедел пәт пенен раўажланды. 1991-жылы республикада үш жоқары билимлендириў шөлкеми искерлик көрсеткен болса, 2010-жылда олардың саны 6ға көбейди. 2018-жылда 9ға, ҳәзир 10ға жетти.

Ҳәзирги күнде Нөкис қаласының экономикасы, қурылыс индустриясы, химия, фармацевтика ҳәм азық-аўқат, электротехника санааты тараўларына қәнигелескен. 51 мектеп, 15 китапхана, 10нан артық денсаўлықты сақлаў мәкемелери, 5 мешит бар. Ҳәзирги күнде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң саны 203 ке жеткен. Соннан 57 мәмлекетлик, 1 мәкемеге қараслы, 9 мәмлекетлик-жеке шериклик, 11 жеке меншик ҳәм 25 шаңарақлық мектепке шекемги  билимлендириў шөлкемлери бар.

Қалада аўыл хожалығы тараўы да раўажланбақта. 2022-жыл 1-июль жағдайына ири шақлы қарамаллар саны 9,0 мың басқа жетти. Экономиканың раўажланыўында, миллетлер аралық дослық, өз-ара дослығын беккемлеўде Нөкис халықаралық аэропортының роли жүдә үлкен болып есапланады.

Бир қатар илимпазлардың пикири бо­йынша Нөкис атамасы (топоними) «Нузкат», «Нузкас» сөзлеринен, яғный, «жаңа қоныс, қорған» сөзлеринен келип шыққан «Нускас», «Нускат» топоними биринши рет ХI әсирде автор Якут тәрепинен атап өтиледи, ол Нузкастың Хорезмдеги Журжанияға жақын қала екенлиги жөнинде жазады. Нуз хорезм тилинде «жаңа» деген мәнини аңлатады. Демек, бул «жаңа ҳәўли» деген мәниге жақын келеди. Түркменстан илимпазларының пикири бойынша, орта әсирдеги «Нузкас», «Нузкат» сөзлери ўақыттың өтиўи менен «Нөкис» сөзине айланған. Солай етип, усы атама өзи пайда болған ўақыттан баслап төмендегидей фонетикалық өзгерислерге ушырады: Нузкат — Нузкас — Нөкис, булар лингвистикалық көзқарастан аңсат түсиндириледи.

Грецияның дереклеринде Әмиўдәрьяны Оксус, Укус деп атаған. Ибн Хаўкалдың мағлыўматлары бойынша, усы сак-массагет атамалары Х әсирге дейин келген. Ҳәтте, жақын ўақытқа дейин Әмиўдәрьяның ҳәзирги Хожели, Қанлыкөл ҳәм Қоңырат районларының аймағынан өткен ҳәм Арал теңизине қуйған әййемги тармақларының бири Өгиздәрья деп аталған. Сондай-ақ, Өгизкөл, Өгиз аўыл атамалары болған. Усы бир-бирине уқсас атамалар тийкарында әййемги Әмиўдәрья — Оксус — Укузден Өгиз, Нөкис атамалары келип шықты, деп болжаў мүмкин.

Бул теманы және даўам еттириў мүмкин, неге дегенде бир мақалада Нөкис қаласының жетискенликлерин толық қамтып алыў қыйын.

Яхшибека АБДУЛЛАЕВА,

Әжинияз атындағы НМПИ «Жәми­йетлик пәнлер» кафедрасының баслығы, тарийх илимлериниң докторы, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF