Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:11:00, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУҚЫМ ТАҢЛАЙ БИЛГЕН ФЕРМЕР

Гүздиң қысқа күнлери дийқанлар ушын ҳақый­қый сынақ. Дақыллардың жетилисип писиўи, жы­йын-терим жумысларын тезирек жуўмақлаўға асықтырады. Қулласы, бүгин дийқанлар атыз басынан бир адым шетке шығыўды қәлемейтуғын мәўритлерди басынан кеширмекте.

Атайы дийқанлар қатарында тилге түскен Ел­ликқала районындағы «Қырық­қызабад» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Элим таласи» фермер хожалығының баслығы Қадамбай Казаковты бир тәрепи шағаладай  шағырайып ашылған пахта, бир тәрепи жасыл гилемдей жердиң жүзин жасырған гүзлик бийдай нәллери бой көрсеткен атыз басында ушыраттық. Ҳармасыннан соң быйылғы зүрәәт туўралы пикирине қулақ түрдик.

— Дийқан қәлегендей ҳәр жылы бәҳәрги ҳаўа райы қолайлы келе бермейди. Үстимиздеги жыл­ғы егис мәўсими қыйыншылық туўғызды. Лекин, гүзин берип, пахта жетистириў шәртнамасын орынладық. Бәҳәрде тапқа түскен пахтаның «Султан» сорты исенимимизди ақлады. Ханасы енапаттай, алақаныңды толтырады. 9-10 шигитли болғаннан соң әнейи болсын ба?! Тек ғана апрель айының басында ексең, қолың бәлент келерин басымыздан кеширдик. 35 гектар майданнан 114 тонна пахта жетис­тирип, абырайлы болдық. Атызларымыздағы зүрәәтти есаплап, тағы да 20 тонна пахта тапсырыўды режелестирип отырмыз, - дейди Қадамбай Казаков.

Атыз ишинде шәпик қоллары менен ықласланып пахта терип атырған теримшилерден С.Балтаева, Ш.Садуллаева ҳәм Г.Балтаевалардың тапқан табыслары шаңарағы дәраматына әдеўир қосент болыпты. Ҳәзирги күнлери килограмына 2000 сумнан ис ҳақы берилип атырғаны, жыйын-теримниң өнимдарлығының артыўына унамлы тәсирин тийгизип атыр.

Қ.РЕЙМОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Елликқала районы.

СҮЎРЕТТЕ: фермер Қ.Казаков атыз басында.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF