Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:06:05, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УЗАҚТЫ ГӨЗЛЕГЕН ИСБИЛЕРМЕН

Жақында «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы бас­қармасы тәрепинен усы бас­қарманың Нөкис ра­йонлық бөлиминиң ислеп атырған жумысларын кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм усы тараў қәнигелери қатнасыўында пресс-тур шөлкемлестирилди.

Атап өтетуғын болсақ, бүгинги күнде районда жәми 647 фермер хожалықлары ҳәм де ЖШЖлери ҳәрекет етип, усы субъектлерде жәми 21 357 гектар егислик майданларда аўыл хожалық егинлери жетистириледи. Районда келеси жыл зүрәәти ушын жәми 5800 гектар майданға ғәлле егиў белгиленген болса, ҳәзирги күнде 4655 гектарға егилип, сапалы өним жетистирилиўи ушын барлық агротехникалық қәделерге сай жумыслардың алып барылыўы бойынша агро­инспекция тәрепинен қадағалаўға алынған.

— Биз жыл басынан берли алып барылған қадағалаў илажлары нәтийжесинде анықланған кемшиликлер бойынша фермер хожалықлары баслықларына 66 ескертиў, 40 жазба көрсетпе, 3 усыныслар берилди ҳәм де қадағалаўлар барысында тараўдағы бир қанша нызам бузыўшылықлардың алдын алыўға еристик, - дейди «Өзагроинспекция»ның Нөкис районлық бөлими инспекторы       Ж.Акимниязов.

Сондай-ақ, өткерилген пресс тур даўамында биз нәсилшиликти раўажландырыўда тек ғана район көлеминде емес, ал республикамызға белгили болған, 2011-жылда өткерилген «Ташаббус» таңлаўының Өзбекстан көлеминде 2-орын  ийеси Есенбай Айтмуратов тәрепинен шөлкемлестирилген, «Кердер» АПЖ аймағындағы «Қоңыратбай Меҳри» шарўашылық фермер хожалығында болып, тәжирийбели шарўаның жумыслары менен жақыннан таныстық.

Көрип гүўасы болғанымыздай, бул жерде сырт еллерден алып келинген нәсилли маллар бағылмақта. Тийкарғы кәсиби кепсерлеўши болған Есенбай аға аўыл мийнетинен қайнап пискени, үйдеги мал-ҳалға қараў көбирек ер жигиттиң ўазыйпасы болғанлықтан ба, шарўашылыққа қол урыўы жүдә қыйыншылық туўдырмады. Деген менен ҳәр қандай исти баслаў, оннан нәтийже шығарыўда ўақыт, мийнет талап ететуғынлығы сыр емес. Негизи ата мәканы шымбайлы Есенбай  Айтмуратовтың Нөкис районы «Кердер» аўыл пуқаралар жы­йыны аймағына көшип келип қоныслаўы қут берекет дарытты десек асыра айтқан болмаспыз. Бул жерге келиўден-ақ, көптен берли шарўашылық фермер хожалығын дүзиўди кеўлине түйип жүрген ол 2004-жылы «Қоңыратбай Меҳри» шар­ўашылық фермер хожалығына тийкар салды. Биз фермердиң  пикирлери менен қызықсынып сәўбетке тарттық.

— «Ҳәрекетке-берекет» деген ғой ата-бабаларымыз. Мен өзим ҳеш жерде оқымадым. Оқыўға шараятым келиспеди. Бирақ, мийнеттен ҳеш қашан мойын таўламадым. Соған жараса ислерим де сәтине түсип, алға өрлей берди. Және де елимизде бүгинги күндеги ҳүкиметимиздиң исбилерменлерге жаратып қойған шараятлары, ис билгенге жүдә қол келеди, деп ойлайман. Болмаса мендей әпиўайы аўыл баласының дүньяның арғы шетинен мал әкелиўи кимниң ойына келипти дейсиз, - деди күлип ол.     — Мақсетим еле де көбирек нәсилли малларды алып келип, республикамызда нәсилшиликти ен жайдырыўға күш-ғайратымды сарплайман, - дейди Е.Айтмуратов.

Бүгинги күнде шарўашылық фермер хожалығында 700 бас нәсилли қарамаллар бағылмақта. Тийкарынан Германиядан «Сигментал», Украинадан «Қызыл шөл» ҳәм жақында Дания ҳәм Франция мәмлекетлеринен »Монбилярд» түрлери алып келинип, қаралмақта. 2021-жылы районлық халық банки бөлиминен 12 миллиард 680 миллион сумлық 14 процентли жеңиллетилген кредит алыўы, жумыс көлемин еле де арттырыўға хызмет етип атыр. Шарўашылықта маллардың күтимине қараў, жуғымлы от-жем менен тәмийинлеў әҳмийетли. Быйылғы жылдағы суўдың тамтарыслығы қы­йыншылық туўдырмай қалмады. Себеби, егислик майданлары суўдың аяғында жайласыўы  сезилерли тәсир көрсетти. Соған қарап суўды аз талап ететуғын егинлер жетистирилди.     

Жыл басынан усы күнге шекем маллардың бас санын көбейтиўде 200 баспақ алынған. Саўын сыйырлардың ҳәр бири күнине орташа 15-20 литр әтирапында сүт берсе, жәми ҳәр күни 5 тонна әтирапында сүт саўып алынбақта. Көрип гүўасы болғанымыздай, маллар ушын жазғы ҳәм қысқы қоралар қурылған. Олардың от-жемин бериўде, сы­йырлардың сүтин саўып алыўда қол мийнетинен емес, сырт еллерден алып келинген заманагөй үскенелер жәрдеминен пайдаланылмақта.

Биз сүт өнимлерин қайта ислеўши цехта болып, бул жердеги жумыслар барысы менен жақыннан таныстық. Ҳәзирги күнде бул жерде қайта ислеп шыға­рыл­ған сүт, қатық, иримшик, қаймақ, йогурт ҳәм басқа да түрдеги өнимлер хал­қымыз дастурханына жеткерип берилмекте.

Бүгинги күнде, «Қоңыратбай Меҳри» шарўашылық фермер хожалығында  96 адам жумыс пенен тәмийинленип, хал­қымыздың сүт ҳәм гөш өнимлерине болған талабын қанаатландырып келмекте.  — Ҳәр күни маллар ветеринар шыпакер тексериўинен өткерилип, олардың күтими ушын зәрүр болған мәсләҳәтлерине әмел етиў мақсетке муўапық. Тәжирийбемизге сүйенсек, бул жердеги мал түрлери бизиң ықлым шараятымызға тез бийимлесип кетиўи менен сақлаўға қолайлы, - дейди инспектор  Ж.Акимниязов.

Пресс-тур барысында қатнасыўшылар тараў қәнигелеринен өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.        

CҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF