ШЕТКИ АЙМАҚ ТУРҒЫНЛАРЫНЫҢ ТУРМЫСЫНДАҒЫ УНАМЛЫ ӨЗГЕРИСЛЕР
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыздың ең шетки аймақларынан бири Мойнақ районының «Қызылжар» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Әлий» аўылында болып, халықтың жасаў шараятын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты.
Дәслеп «Қызылжар» аўыл пуқаралар жыйыны имаратының ашылыў салтанатына қатнасып, бул жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Жаңа имаратта пуқаралар жыйынының баслығы, орынбасарлары, профилактика инспекторы ушын арнаўлы бөлмелер ажыратылған болып, барлық қолайлы шараят жаратылған. Сондай-ақ, имаратқа тутас социаллық объектлер қурып питкерилген болып, нураныйлардың жазғы ҳәм қысқы дем алыў орынлары, аймақ турғынларына хызмет көрсететуғын тигиў цехы, компьютер ханасы, руўхыйлық бөлмеси ҳәм басқа да хызмет көрсетиў орынлары қурылған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы жаңа имараттағы мәжилислер залында аймақ турғынлары менен ушырасып, сәўбетлести.
Атап өтилгениндей, халықтың турмыс шараятларын жақсылаў бағдарында айтарлықтай жумыслар алып барылды. Аўылдың инфраструктурасы жақсыланды, балалар майданшалары қурылды, жоллар тәртипке келтирилди. Ишимлик суўы ҳәм электр тәмийнаты жақсыланды, суўғарыў-ирригация тармақлары оңланды.
Илажда аўыл пуқаралар жыйынының белсендилери, нураныйлар, сондай-ақ, қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына белсене қатнасқан тараў ўәкиллерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы тапсырылды.
Бул жаңаланыўлар аймақ турғынларын айрықша қуўанышқа бөлемекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.