«ӘҲМИЙЕТЛИ 40 КҮНЛИК»КЕ БАҒЫШЛАНДЫ
Хожели районындағы «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан мәмлекетлик тоғай хожалығының тәжирийбе майданшасында «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде жәрияланған «Әҳмийетли 40 күнлик» даўамында терек нәллерин егиў ҳәм тәрбиялаў, суўғарыў системаларын шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған илимий-әмелий семинар болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитетиниң баслығы, Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң баслығы Н.Обломурадов, қала ҳәм район ҳәкимлери, тийисли тараўлардың басшылары, депутатлар ҳәм нураныйлар қатнасты.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында усы жылдың 11-октябри күни мәҳәллелерди абат етиў ҳәм халықты ойландырып жүрген мәселелерди шешиў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде аймақларды көклемзарластырыў, өткен жылғы тәжирийбеден келип шығып, 20-октябрьден 1-декабрьге шекем нәл егиў бойынша «Әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланды.
Семинарда қәнигелер тәрепинен нәллердиң өзгешеликлери, оларды егиў схемалары, суўғарыў тәртиби, төгин ҳәм тәрбия бериў процесслери, аймақтың климат шараятына сай түрлерди бейимлестириў, шорға шыдамлы түрлерин көбейтиў, егилетуғын нәллерди кеселлик ҳәм зыянкеслерден сақлаў бойынша әмелий тәжирийбе алмасылды.
Республикамыздың барлық қала ҳәм районларында гүз мәўсиминде аймақлардың климат шараятына сай келетуғын жәми 5 миллион 250 мың түп саяманлы, мийўели терек ҳәм пута нәлин егиў режелестирилген.
Быйылғы жылдың гүз мәўсиминде Тоғай хожалығы комитети тәрепинен 925,5 мың түп, нәл жетистиретуғын фермер хожалықлары тәрепинен 1 миллион 951,5 мың түп, пуқаралардың үй қапталы қыйтақ жерлери ҳәм басқалар тәрепинен 2 миллион 373,4 мың нәл жеткерип бериледи.
Белгиленген ўазыйпалар тийкарында республикамызда «Жаcыл мәкан» жойбары шеңберинде ҳәр бир аймақтың жергиликли климат шараятына сай 14 миллион түп терек ҳәм пута нәлин егиў режелестирилип, соннан өткен жылдың гүз мәўсиминде 6 миллион 512 мың түп, быйылғы жылдың бәҳәр мәўсиминде 8 миллион 952 мың, жәми 15 миллион 463,8 мың түп терек нәли егилип, реже 110,5 процентке орынланды.
Усы күни семинар қатнасыўшылары тәрепинен мәмлекетлик тоғай хожалығының тәжирийбе майданшасына жақсы нийетлер менен терек нәллери егилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.