ҚАЙТА ТИКЛЕНИЎШИ ЭНЕРГИЯ НӘТИЙЖЕЛЕРИ
Ҳәзирги күнде глобал ықлым өзгериўи дүнья жүзлик машқалаға айланып бармақта. Оның себеплерин излестирсек, айланып келгенде инсанияттың тәбиятқа, қоршаған орталыққа бийпәрўа қатнасында пайда болып атырғандай сезиледи.
Әпиўайы ғана мысал, ҳәр күни үйимизди жақтыландырыў ушын электр энергиясынан яки тәбийғый газден пайдаланамыз. Бирақ, оны үнемлеп сарплаўға бәрше де бирдей итибар қарата бермейди. Үйимизге жетип келемен дегенше қанша басқышлардан өтетуғынлығын ойламасақта керек, мениңше. Әлбетте, заман раўажланып, инсан мүтәжликлерин қанаатландыратуғын, оған хызмет ететуғын технологиялар түри де күннен-күнге артып бармақта. Бириншиден, бәршемиз барлық қолайлылықларға ийе шараятта жасаўды қәлеймиз, буның ушын тынбай мийнет етемиз. Жетискенимизде болса, оны үнемлеўди умытамыз. Себеби, ҳәр айда ақшасын төлеп отырсаң болғаны емес пе деп пикирлейтуғынларда табылады. Айтжағамыз, ҳәр бир нәрсениң муғдары, мөлшери болғанындай бизге инам етилген тәбийғый байлықлардың да өлшеми бар.
- Соның ушында келешекте қайта тиклениўши энергияға болған талап артады. Буның ушын ҳәзирден-ақ, халқымызды буған үйретип, олардың абзаллығын түсиндирип барсақ мақсетке муўапық болар еди, - дейди ekolog.uz сайтының бас редакторы, медиатренер Н.Қосимова.
Солай екен, бүгинги күнде дүнья жүзинде тәбийғый жол менен пүткил инсаниятқа, қоршаған орталыққа зыянсыз болған қуяш батареялары ҳәм самал станцияларын жолға қойыў әлле қашан басланған.
Бизиң республикамызда да бул бағдардағы жумыслар тәжирийбе сынаў мақсетинде енгизилип атыр. Атап айтқанда, БМШның Раўажландырыў бағдарламасы, Глобал Экология фонды (ГЭФ)ның қаржыландырыўы көмегинде ҳәм Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги тәрепинен 2017-2023-жылларға мөлшерленген «Аўыллық жерлерде энергия үнемлеўши турақ жай имаратларының қурылысына көмеклесиў» жойбары шеңберинде исленип атырған жумыслар, аўыллық жерлерде энергия үнемлеўши кем углеводлы турақ жайлардың қурылысын жеделлестириўге хызмет етпекте.
Жасыл ипотека кредитлери механизмин ислеп шығыў, оның кең көлемде тәжирийбеде сынап көриў ҳәм ен жайдырыў арқалы елимизде тез пәтлер менен раўажланып баратырған аўыллық жерлерде турақ жайлар қурыў секторының буннан былай да турақлы ҳәм пәс углеводлы турақ жайларға болған талабының артыўына хызмет етеди.
Усы жойбар тийкарында Қарақалпақстан Республикасында Әмиўдәрья, Қоңырат, Хожели районлары аймағында жайласқан жәми 5 көп қабатлы 4 этажлы 24 квартиралы еки-үш бөлмеден ибарат жайларға электр энергиясын үнемлеўши қуяш батареялары орнатылды ҳәм 2020-жылы тапсырылған. Биз Әмиўдәрья районы аймағында жайласқан «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйынында ҳәм Хожели районындағы «Күн нуры» мәкан пуқаралар жыйынында болып, усы үйлерде жасап атырған пуқаралар менен сәўбетлестик.
— Мен бул жайға көшип келгениме үш жылға қарады. Бул жердеги жаратылған шараяттан кеўлимиз тоқ. Электр энергиясынан пайдаланыўда ҳеш қандай машқала болмайды. Себеби, бизге қарама-қарсы тәрепте жайласқан үйлерде электр энергиясында үзилис болса, бизде ондай машқала жоқ, дәрҳал қуяш панелинен келип турған электр энергиясынан пайдаланамыз. Бул жақсы әлбетте. Ал екинши тәрепи, бул тәжирийбе сынаў ретинде енди енгизилип атырғанлығы ушын энергияны көп талап ететуғын үскенелерди мәселен, кондиционер, утюг, мини печькаларды ҳәм басқа жоқары кернеўли үскенелерди қосыў мүмкин емес. Толық тәмийинлеўге күши жетпейди. Сол жағынан қыйыншылығы бар,- дейди Әмиўдәрья районындағы «Гүлзар» мәкан пуқаралар жыйынындағы көп қабатлы үйлердиң биринде жасаўшы З.Атамуратов.
Усы орында айтып өтсек, ҳәр бир шаңараққа еки қуяш панельлери орнатылған болса жәми 600 ватт қуўатлылыққа ийе. Көринип турғанындай, хожалық ийелериниң пикирлерине бола, күнделикли турмысымызда электр энергиясын үнемлеўши лед лампалары яки усы сыяқлы электр энергиясын тежеўши хожалық техникаларынан пайдаланған мақсетке муўапық. Бул арқалы биз шаңарақ бюджетиндеги дәраматымызды үнемлеўге ериссек, екиншиден қәўипсиз электр энергиясының ен жайыўына өз үлесимизди қосқан боламыз.
Биз Хожели районындағы «Күн нуры» мәкан пуқаралар жыйынында болып, энергия тежеўши қуяш панельлери орнатылған хожалық турғынлары менен де оның абзаллықлары ҳаққында билиўге қызықсындық. — Усы жерде бир жылдан берли жасап атырман, қуяш панелинен пайдаланыўды баслағаныма 6 ай болды -деп, таныстырды өзин жас хожалықлардың бириниң үй бийкеси Гүлжамал Атамуратова. Мен өзим мектепте муғаллим болып ислеймен. 3 балам, өмирлик жолдасым менен бирге жасаймыз. Жас хожалықларға бул қурылмалардың жәрдеми үлкен деп ойлайман. Бизге айтыўынша, жайымыз төбесине орнатылған қуяш панелиниң пайдаланыў мүддети 25 жыл, ал, аккумляторы 5 жыл мүддет деп айтылды.
Өзимиз көрип гүўасы болғанымыздай 5 жақтыландырыў шырағы, холодильник, телевизор бир ўақыттың өзинде ислеп тур. — Бирақ, аристон котёлымызды қоссақ, ажыратып жибереди толық күши жетпейди - деди, ол.
— Қосымша қуяш панелинен пайдалансам, айына 10 мың сум төлеймен, ал, тек ғана мәмлекетлик келип турған электр линиясынан пайдалансақ, 25-30 мың сум әтирапындағы энергияны сарплаймыз. Соның ушын көбирек, қуяш панелинен келип турған электр энергиясынан пайдаланып киятырмыз.
Буннан басқа, усы жерде жасаўшы бир неше турғынларда унамлы пикирлер билдирди.
Ҳәзирги күнде тәбийғый ресурслардан кең пайдаланыўды жолға қойыў мақсетинде ҳүкиметлик дәрежеде жеңилликлер жаратыўға итибар қаратылып атыр. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 5-октябрь сәнесинде 568-санлы қарары менен жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен ислеп шығарылған қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлегин компенсация етиў тәртиби тастыйықланды. Сондай-ақ, усы жылдың 1-октябрь сәнесинен баслап физикалық шахслар (тутыныўшылар) Энергетика министрлиги жанындағы бюжеттен тысқары Тармақлараралық энергияны тежеў фонды қаржылары есабынан республикада ислеп шығарылған қуяш ҳәм самал электр станциясы ҳәм де қуяш суў ысытыў қурылмаларын үш жыл даўамында процентсиз бөлип-бөлип төлеў арқалы сатып алыўы мүмкин (09.09.2022-жылдағы ПП-220-санлы Пәрман).
Бунда қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларының баҳасын толық төлеген жағдайда, оларды сатып алған ҳәм орнатқан тутыныўшыларға сатып алыў баҳасының бир бөлеги белгиленген муғдарларда Фонд қаржылары есабынан компенсация етиледи.
Демек, бул бағдардағы халқымызға берилип атырған жеңилликлер, алдағы ўақытларда қайта тиклениўши энергия дереклериниң ен жайыўына жол ашары анық.
Зоя ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.