ЎАТАНДЫ МӘРТЛЕР ҚОРҒАЙДЫ
Ҳәр бир мәмлекетти қорғаў, оның шегараларының қол қатылмаслығын, сол мәмлекетте жасап атырған халықтың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў ер жигитлердиң азаматлық ўазыйпасы екенлигин дәлиллеп отырыўдың кереги жоқ болса керек.
Ғәрезсизлик жылларында елимиздиң қорғаныў қүдиретин ҳәм әскерий потенциалын беккемлеў жолында алып барылған көлемли жумыслардың нәтийжесинде мәмлекетти ҳәр тәреплеме қорғай алатуғын Қураллы Күшлер қәлиплести десек, асыра айтқан болмаймыз.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-апрельдеги «Шақырылыўшыларды таңлап алыў тәртиби ҳаққында»ғы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 21-июльдеги «Шақырылыўшыларды таңлап алыў илажларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарларына тийкар республикамыз аймағында жасаўшы 18 жастан 27 жасқа шекем болған пуқараларды 2022-жылдың 10-августынан 2023-жылдың 10-февралына шекем Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қурамын интеллектуал потенциалға ийе, руўхый әдеп-икрамлылық жақтан жетик, билимли ҳәм физикалық жақтан раўажланған шақырылыўшылар менен тәмийинлеў ушын қала ҳәм районлардың қорғаныў ислери бөлимлеринде 2023-жылғы мүддетли әскерий хызметке шақырыў илажлары алып барылмақта.
Шақырыў илажлары дәўиринде мүддетли әскерий хызметке шақырылыўы ушын шақырыў жасындағы пуқаралар алдынғы медициналық тексериў нәтийжелерине көре денсаўлығы бойынша саламат деп табылған, физикалық таярлық ҳәм жеке тәртипте сәўбеттен өткен болыўы лазым.
Шақырылыўшылар таңлаўда бир жылда тек бир мәрте қатнасыўы мүмкин.
Физикалық таярлық нәтийжелери бойынша айрықша, жақсы ҳәм қанаатландырарлы баҳаланғанлар менен таңлаў кеңеси баслығы ҳәм ағзалары тәрепинен жеке тәртипте сәўбет өткерилип, ўатансүйиўшилик, пидайылық сыяқлы пазыйлетлерге баҳа бериў, мәҳәлле ҳәм жәмийеттеги тутқан орны, абырайы, жүрис-турысы, қызығыўшылықлары, сондай-ақ, уллы сәркардаларымыз Әмир Темур, Жалалатдин Мангуберди, Захриддин Мухаммад Бабур ҳәм басқалар ҳаққында Өзбекстан тарийхынан алған билимлерин сынақтан өткерген ҳалда әскерий хызметти өтеў ушын усыныслар берилген, сондай-ақ, денсаўлығы бойынша саламат деп табылған шақырыў жасындағы пуқаралар биринши гезекте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарына шақырылады.
Пуқаралар тәрепинен мүддетли әскерий хызмет, мобилизациялық шақырыў резерви хызмети ҳәм басқа тараўға байланыслы жүзеге келетуғын сораўлар ҳәм мүрәжатлар бойынша район (қала) қорғаныў ислери бөлимлериндеги шақырыў, аймақлық-медициналық комиссияларға мүрәжат етиўи мүмкин, мүрәжатлар ол жерде шешилмеген жағдайда Республика әскерий медициналық комиссиясы ҳәм Басшылық кеңеси тәрепинен көрип шығылады.
Ўатанды мәртлер қорғайды. Солай екен, гезектеги мүддетли әскерий хызметке атланып баратырған жасларымыз өзиниң бар билим менен күш-жигерин елимизди қорғап, бүгинги парахат турмысымызды беккемлейтуғынына исенемиз.
С.ЖАНИЕВ.