МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТИ
БУЛ ӨЗИ ҚАНДАЙ ХЫЗМЕТ?
Усы жыл 8-августта Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде мийнет етип атырған 118 мыңнан артық хызметшилердиң ҳуқықый статусын белгилеўши ҳәм олардың искерлигин бирден-бир қағыйдалар тийкарында тәртипке салатуғын «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.
Мәмлекетимизде мийнет етип атырған пуқаралардың бул нызам тәртип-қағыйдалар менен танысыўы ҳәм Нызамның әҳмийети ҳаққында кеңирек түсиник бериў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы бас инспекторы Насиба Қутлымуратовадан өтиниш еттик.
— Мәмлекетлик пуқаралық хызмети — мәмлекетлик хызметтиң бир түри болып, пуқаралардың мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларында, мәмлекетлик уйымлар ўәкилликлерин әмелге асырыўды нәзерде тутыўшы, ҳақы төленетуғын кәсиплик искерлик болып есапланады.
Усы Нызам менен мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларының мәмлекетлик реестри жүргизиледи ҳәм реестрге киргизилген лаўазымлардағы хызметшилердиң искерлигин тәртипке салады. Мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларының мәмлекетлик реестри Президент тәрепинен тастыйықланады ҳәм Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги тәрепинен жүргизиледи. Бул ҳаққында Нызамның 8-статьясында көрсетип өтилген. Демек, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып есапланады.
«Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, хызмет лаўазымларының мәмлекетлик реестрине киргизилген лаўазымларда искерлик көрсетип атырған пуқаралар мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери деп жүргизиледи.
Нызамда көрсетилгениндей, мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери төмендеги ҳуқықларға ийе есапланады:
- орынланған жумыслардың муғдары, өзгешелиги, сапасына муўапық өз ўақтында ҳәм толық көлемде ис ҳақы алыў;
- кәсиплик компетенциялары ҳәм айрықша хызметлери ушын хошаметлеў;
- турақлы түрде маманлығын асырып барыў;
- мийнетти қорғаў талапларына муўапық болған жумыс орнына ийе болыў;
- белгиленген тәртипте дем алыў;
- нызамшылыққа муўапық ҳуқықый ҳәм социаллық тәрептен қорғалыў, мәмлекетлик пенсия тәмийнатын алыў;
- мәмлекетлик уйым басшысының нызамсыз тапсырма ҳәм талапларын орынлаўдан бас тартыў;
- коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы хабар берген жағдайда мәмлекетлик қорғалыўы менен тәмийинлеў;
- өзиниң абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик абырайының ҳүрмет етилиўи.
Нызамда хызметшилердиң ҳуқықлары менен бир қатарда, олардың миннетлери, яғный, ўазыйпалары да белгилеп қойылған. Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси өз искерлиги даўамында конституцияға ҳәм басқа ҳүжжетлерге, өз хызмет миннетлерин ҳүждан менен орынлап ҳәм ишки тәртип-қағыйдаларға әмел етиўи, мәплер гөзлениўине жол қоймаў, бийғәрез ҳәм қалыс болыўы, мәмлекетлик сырлар ямаса нызамшылық ҳүжжетлери менен қорғалатуғын басқа сырларды қорғаў ҳаққындағы талапларға бойсыныўы, дәраматлары ҳәм мал-мүлки ҳаққындағы декларацияны усыныў, өз хызмет статусынан жеке ҳәм басқа нызамсыз мақсетлерде пайдаланбаўы, кәсиплик компетенциясын турақлы түрде асырып барыўы ҳәм мәмлекетлик мүлктиң сақланыўын тәмийинлеў, өзине исенип тапсырылған мәмлекетлик мүлктен тек ғана хызмет мақсетлеринде пайдаланыўы керек.
Сондай-ақ, «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызам арқалы мәмлекетлик пуқаралық хызметин өтеў менен байланыслы бир қатар шеклеўлер қойылмақта. Атап айтқанда, Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери:
- өз-ара жақын ямаса қуда тәрептен ағайин болған шахслар менен бир мәмлекетлик уйымда бирге (өз-ара бойсыныў ҳәм қадағалаў астында) хызмет етиў;
- педагогикалық, илимий ҳәм дөретиўшилик искерликтен тысқары ҳақы төленетуғын басқа бир искерлик пенен шуғылланыў;
- исбилерменлик искерлиги менен шуғылланыў;
- исбилерменлик искерлиги субъектлерин шөлкемлестириў, олардың шөлкемлестириўшиси (қатнасыўшысы) болыўы;
- өз хызмет ўәкилликлерин орынлаў яки орынламаў есесине қандай да бир сыйлық, пайда ямаса саўға алыўы;
- нызамшылықта белгиленбеген жеңилликлер, преференциялар ямаса абзаллықлардан өз хызмет статусы менен байланыслы ҳалда пайдаланыўы;
- сырт ел мәмлекетиниң пуқаралығын алыў;
- Өзбекстан аймағынан тысқарыда есап-бетлерге ийе болыў, көшпес ҳәм басқа мал-мүлкке ийе болыўға ҳақылы емес.
Мәмлекетлик пуқаралық хызметине мәмлекетлик тилди билетуғын, хызмет лаўазымларын ийелеў ушын тийисли маманлық талапларына ҳәм басқа талапларға жуўап беретуғын пуқаралар қабыл етиледи.
Он сегиз жасқа толмаған, қатнасық уқыплылығына ийе емес ямаса қатнасық уқыплылығы шекленген, деп табылған, белгили мүддетке мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларын ийелеў ҳуқықынан айырылған, коррупцияға байланыслы жынаятты ислеўде айыплы деп табылған, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислегенлиги ушын судланғанлығы тамамланбаған ямаса алып тасланбаған, денсаўлығының жағдайы мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымын ийелеў имканиятын бермейтуғын шахслар усы хызметке қабыл етилмейди.
Мәмлекетлик пуқаралық хызметшисин социаллық тәрептен қорғаў мәмлекет тәрепинен әмелге асырылады ҳәм мийнет демалысы, социаллық демалыслар берилиўи, өмири ҳәм денсаўлығын мәжбүрий қамсызландырыў, өмирине, денсаўлығына ҳәм мал-мүлкине жеткерилген зыянның орнын қаплаў, мәмлекетлик пенсия тәмийнаты менен тәмийинлениў ҳуқықына ийе.
Соның менен бир қатарда, мәмлекетлик пуқаралық хызметшисин медициналық хызмет көрсетиў, ротация тәртибинде басқа мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымына өткерилиўи менен байланыслы қәрежетлердиң орнын қаплаў, хызмет үй-жайлары, хызмет транспорты менен ямаса үй-жай ҳәм транспорт қәрежетлери ушын пуллы компенсация менен тәмийинлеў шаралары кепилленеди.
Жазып алған:
Б.КАРАМАТДИНОВА.