«GSP+» СИСТЕМАСЫ — ЭКСПОРТ ИМКАНИЯТЫ
Европа Аўқамы (ЕА) терең реформалар ҳәм демократиялық өзгерислерди әмелге асырып атырған Өзбекстанға үлкен қызығыўшылық пенен қарап келмекте.
Мәмлекеттиң халықаралық структураларға интеграцияланыўы ҳәм де Европа жәмийетшилиги менен мүнәсибетлерин тереңлестириўге ҳәр тәреплеме көмек көрсетпекши. Ҳақыйқатында өз-ара пайдалы байланыслардың бүгинги жоқары дәрежесин сақлаў ҳәм беккемлеў мудамы актуал мәселе болып табылады.
Сол көзқарастан алып қарағанда, кеңейттирилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы питимди тез пурсатта қабыллаў, мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине (ВТО) қосылыўын қоллап-қуўатлаў мәселелери бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе.
Саўданы еркинлестириў, өз-ара товар айланысы ҳәм инвестицияларды көбейтиўге тәсир етип атырған тосқынлықларды сапластырыў, жаңа базарларға шығыў мәселелеринде шериклик механизмлериде зәрүрли ўазыйпалардан есапланады.
Президент Шавкат Мирзиёев Парламентке жоллаған Билдириў хатында усы жөнелиске де бөлек тоқталар екен, «Исенимим кәмил, жаңа Өзбекстан менен Европа Аўқамы ортасындағы шериклик көлеминиң кеңейиўи өз-ара байланыслардың мазмун-мәнисин байытыў, қызықлы жойбарларды илгери жылжытып, жаңа шеклерге ерисиўге хызмет етеди.
Европа Аўқамы структуралары менен жақын шерикликте мәмлекетимизге кеңейттирилген саўда преференциялары — «GSP+» системасын қолланыў бойынша зәрүрли қәдемлер тасланды. Бул система келешекте республикамызда ислеп шығарылатуғын 6 мыңнан аслам түрдеги өнимлерди Европа базарына бажы төлемисиз алып кириў имканиятын береди. Бул өз гезегинде, бир ғана тоқымашылық өнимлериниң жыллық көлемин 300 миллион АҚШ долларына асырыў ушын шараят жаратады» деп айтып өткен еди.
Сонлықтан, жаңа экспорт базарларына шығыў ҳүкиметтиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири екенлиги белгилеп берилди. Буған байланыслы, Жәҳән саўда шөлкемине ағзалық мәселеси ҳәм де ЕА менен кең қамтылған шериклик бойынша ислерди жеделлестириў, «GSP+» системасы шеңбериндеги жеңилликлерди мәмлекетимизде нәтийжели қолланыў ушын бөлек бағдарлама ислеп шығыў мәселеси үстин туратуғын жөнелислер қатарында көрсетип өтилди.
Усы мәнистен алып қарағанда, 2021-жылдың 10-апрель сәнесинен баслап Өзбекстан ушын ЕАның турақлы раўажланыў ҳәм нәтийжели басқарыў бойынша арнаўлы преференциялар системасы («GSP+») күшке кириўин әҳмийетли тарийхый ўақыя ретинде тән алыў мүмкин (GSP-General System of Pregerennces — улыўмаластырылған жеңилликлер системасы).
Өзбекстан усы «GSP+» системасы шеңберинде бенефициар мәмлекет ретинде қабылланды. Бул ЕА ҳәм Өзбекстан ортасындағы мүнәсибетлерде зәрүрли басқыш болып, тәреплер ортасындағы байланысты ҳәм де саўда айланысын және де тереңлестириўге мүмкиншилик береди. ЕА ҳәм Өзбекстандағы көплеген мәпдар тәреплер, атап айтқанда, жергиликли ҳүкимет шөлкемлери, исбилерменлер субъектлери ҳәм де пуқаралық жәмийети шөлкемлери менен биргеликте жаңа жолдың басланыўы болып есапланады.
Өзбекстан ендигиден былай ЕАна қатар өнимлерди жеңиллестирилген шәртлерде жеткизиўи мүмкин. «GSP+» системасы ЕА базарларына раўажланып атырған мәмлекетлерден жеткизилип берилген аўыл хожалығы ҳәм басқа да айырым түрдеги өнимлер экспортына берилген жеңилликлер есапланады. Оған ағза болған мәмлекет ЕА базарларына 3000ға жақын өнимлерди бажыхана төлемлерисиз, 3200 түрдеги өнимлерди болса, пәсейттирилген ставкалар бойынша экспорт етиў мүмкиншилигине ийе болады.
«GSP+» системасы тоқымашылық өнимлери экспортын жеделлестириўде зәрүрли механизмлерден бири болып есапланады. Бул Өзбекстан ушын жүдә актуал мәселе болып табылады. Итибарлысы, бул жаңалық «Гөне континент» теги ири бизнесменлер тәрепинен де унамлы күтип алынбақта.
«GSP+» нәтийжесинде тариф тосқынлықларының бийкар етилиўи Өзбекстан өнимлериниң Европа базарларына экспорт көлеминиң өсиўине, соның менен бирге, халықаралық сапа стандартларын тәмийинлеў ушын ислеп шығарыў системаларын раўажландырыўға жәрдем береди. Бул жеңиллетилген тәртип, соның менен бирге, Франция ҳәм Өзбекстан компанияларының актив шериклиги арқалы жаңа Жипек жолының раўажланыўына жәрдем береди ҳәм де саўда-экономикалық ҳәм қаржылық шериклик ушын жаңа мүмкиншиликлерди ашады.
Өзбекстан «GSP+» бенефициари мәртебесин алғаны тарийхый ўақыя болып, мәмлекет раўажланыўындағы жаңа зәрүрли басқышты баслап берди. Усы мәнистен алып қарағанда, «GSP+» мәртебеси Өзбекстанға ЕА менен тек ғана саўда, бәлки технологиялар, билим ҳәм илимий тәжирийбе алмасыў тараўында да үлкен мүмкиншиликлерди ашады. Бул мәртебе ЕА мәмлекетлери инвесторлары ҳәм жеке сектор ўәкиллерине Өзбекстанда перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға күшли түртки береди. Қалаберсе, мәмлекетимиз ҳәм де ЕА мәмлекетлери ортасындағы саўда-экономикалық байланысларды диверсификациялаў ҳәм жедел раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратады.
Өзбекстанда «GSP+» преференциялар системасы мәмлекеттиң COVID-19 дағдарысынан тиклениў дәўиринде, яғный, әйне, ўақтында қолланылып атыр.
«GSP+» системасына ағзалық қандай мүмкиншиликлер береди!
«GSP+» системасы қамтып алып атырған өним линияларының үштен еки бөлегине салыстырғанда тарифлер толық бийкар етиледи. Сол арқалы стандарт «GSP+» системасына салыстырғанда қосымша экономикалық жеңилликлерге ийе боламыз. Бул болса, өз нәўбетинде, экспорт көлеминиң өсиўи ҳәм мәмлекетке қосымша инвестициялар киргизилиўине хызмет етиўи сөзсиз.
Қысқарттырылған жеңилликлерден пайдаланып атырған өним сегментлери, тийкарынан, тоқымашылық ҳәм кийим-кеншек, пластмасса өнимлери, соның менен бирге, мийўелер ҳәм де палыз өнимлери болып табылады. Бул Орайлық Азия мәмлекетлерине салыстырғанда Өзбекстанның экспорт қурамының көп түрли екенин көрсетеди.
Өз нәўбетинде, бул система Өзбекстанда әтирап-орталық, инсан ҳуқықлары, мийнет принциплери ҳәм нәтийжели басқарыў бойынша 27 ири халықаралық конвенция талапларының орынланыўы менен байланыслы реформаларды әмелге асырыў ушын жақсы хошамет болып табылады.
Соны да айтып өтиў орынлы, Өзбекстанның ЕА базарына географиялық жақынлығына қарамай, саўда потенциалынан еле де толық пайдаланып атырған жоқ. ЕА мәмлекетимиз экспорт бағдарлары дизиминде тек жетинши орында турыўы да пикиримиздиң айқын дәлили болып табылады. Солай екен, «GSP+» системасы әпиўайы саўда жеңилликлеринен әҳмийетли екенлиги және де айқынласады. Өз гезегинде, «GSP+» системасына қосылып атырған мәмлекетлерден арнаўлы бир шәртлерди орынлаўы талап етиледи. Инсан ҳуқықлары ҳәм де тийкарғы мийнет стандартлары саласында 16, әтирап-орталықты қорғаў ҳәм нәтийжели басқарыў саласында 11, жәми 27 халықаралық конвенцияны ратификациялаў ҳәм де оларды нәтийжели әмелге асырыў зәрүр болады.
Арнаўлы регламентке муўапық, «GSP+» системасына ағза мәмлекетлердиң сол миннетлемелерди атқарыўы турақлы гүзетип барылады. Солай екен, Өзбекстанның «GSP+» системасы бенефициары ретинде қабыл етилиўи социаллық-экономикалық ҳәм мийнет саласындағы реформалар ҳәм де избе-из унамлы раўажланыўды сәўлелендирип турады. Улыўма алғанда, Өзбекстан ушын сыртқы саўда байланысларында жаңа мүмкиншиликлердиң ашылып атырғаны, экспорт көлеминиң ҳәм экспорт географиясының кеңейип баратырғанлығы мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың әмелдеги көриниси болып табылады.
«GSP+» системасы Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы ортасындағы саўда-экономикалық мүнәсибетлерди сапа тәрепинен жаңа басқышқа алып шығады ҳәм де жәҳән сиясий ҳәм экономикалық системасына интеграциялаў процесслерин жеделлестиреди.
А.НУРҒАЛИЕВ,
«Өзбекстан илимий-сынаў ҳәм сапа қадағалаўы орайы» мәмлекетлик кәрханасы Қарақалпақстан филиалының экспортқа көмеклесиў Бюросы ўәкили.