ТАПҚАНЫ ТОЙҒА БУЙЫРҒАН ИСБИЛЕРМЕН
Тастуяқтай туяна адамның иси сирә артқа кетпейди. Тапқан тийинин мысқаллап жыйнағанның берекетин асырыў адамына пайлы. «Тапқаның тойыңа буйырсын» деп ел-халықтан көп пәтия алған елликқалалы исбилерменлерден бири Исламбек Мәмбетовтың тағы бир әрманы иске асты.
Буннан саррас үш жыл алдын кеўлине түйип жүрген нийети ел-халықтың той-қуўанышларын пайызлы етип өткеретуғын тойхана имаратының тырнағын қалаған еди. Басқалардай урда-тут қурылысқа күш салмады. Болмаса, қолы жуқналы. Фермер сабырлыққа салып, өзи басқарған көп тармақлы «Бургутқалъа саодати» фермер хожалығының ҳәр жылғы пахта, гүзлик бийдай өниминен түскен пайдасы есабынан имараттың қурылыс жумысларын алып барды. Мине, усындай ҳәрекетлердиң нәтийжесинде көптен күткен имарат бой тикледи. Ҳадал мийнетиниң арқасында елдиң мүтәжине жарайтуғын бундай имараттың қәд көтергенинен кеўли тоқ.
Быйылғы жылы да Исламбек фермердиң асығы алшы келди. Мәмлекет қырманына 178 тонна пахта тапсырылып, шәртнамасын орынлады. 15-октябрь — Халықаралық «Аўыл ҳаяллары күни» байрамы ҳәм «Рейимбай ата» тойхана имаратының пайдаланыўға тапсырылыў мүнәсибети менен байрам дастурханын жайды. Салтанатлы кешеде аўыл ҳаял-қызлары бир кесе шай үстинде кеўилли дем алды.
— Бул тойханамыз иске түскели аўылымыздың он еки жасы турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Алдын аўылымызда ким той бермекши болса, район орайына барып өткериў ҳәлекшилигине түсетуғын еди. Енди мине, зәўлим имаратымызда аўыл халқы тойларын бериўине толық имканият жаратылды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3l-августта қабыл еткен «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәр бир исбилермен ушын қолай имканият ҳәм жеңилликлер жаратты. Сонлықтан да, исбилерменлик бағдарындағы жумысларымызды жетилистириў ушын логистика тараўы бойынша 10 млрд. сум кредит есабынан 10 дана жүк автомашинасын сатып алыўды режелестирип отырмыз. Бул бизнес-режемиз иске асса, қоңсы сырт еллерге овощ-палыз, мийўе өнимлерин алып барыўды жолға қоймақшымыз. Себеби, районымызда овощ-палыз, мийўе өнимлерин сырт еллерге экспорт етиўди қәлеўши фермерлеримиз аз емес. Ҳәзирги күнде бул бағдарда жумысларды алып барып атырмыз, - дейди «Бургутқалъа саодати» фермер хожалығының баслығы Исламбек Мәмбетов.
«Жақсы нийет — ярым ырыс» дегенди унататуғын бул исбилермен жигиттиң ойлаған әрманлары иске асыўына күши де, жигери де жеткиликли.
Қ.РЕЙМОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
Елликқала районы.