САЛЫҚШЫЛАР ЖАҢА ЖОЙБАР ТИЙКАРЫНДА БИЛИМЛЕРИН СЫНАҚТАН ӨТКЕРДИ
Мәмлекетлик салық комитетиниң Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығына бағышланған «30 жыл 30 жас ушырасыўы» жойбарының Қарақалпақстан Республикасы (аймақлық) басқышы болып өтти.
Жойбарды өткериўден мақсет — жасы үлкен салықшылардың көп жыллық ис-тәжирийбесин жаслардың креатив пикирлери менен бирлестириў арқалы қәлиплесетуғын «Инновациялық усыл негизинде мәмлекетлик салық хызмети уйымлары жумысларының нәтийжесин және де күшейтиў, глобалласыў дәўиринде» «Устаз-шәкирт» бағдарламасынан мақсетке муўапық пайдаланыў ҳәм оларды сапа жағынан жаңа көринисте сақлап қалыўдан ибарат.
Жойбарға Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасынан ҳәм районлардан жәми 15 жуплық топарлар қатнасып, өз-ара күш сынасты.
Қатнасыўшылар белгиленген шәртлер бойынша мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, сондай-ақ, салық системасын жетилистириў, тараўдағы жетискенликлер ҳәм соңғы жыллардағы жумыслар бойынша мағлыўматлар берип, санлы экономика принциплерин қолланған ҳалда салыққа тартыў ҳәм салық тараўы бойынша саўатлылықты арттырыўдағы әҳмийетли мәселелерди анализлеў, әмелиятта жүзеге келип атырған усы ҳәм басқа да машқалаларды талқылаўға арзыйтуғын инновациялық усыныс киргизип, өз билимлерин көрсетти.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста Қараөзек районы мәмлекетлик салық инспекциясы топары биринши орынды ийелеп, Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды. Төрткүл районы мәмлекетлик салық инспекциясы екинши, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының екинши топары үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазларға Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен таярланған алғыснама ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.