Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:35:15, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲАСЫЛ ЗАЯ БОЛМАЙДЫ

Қоңырат — географиялық картаға қарасаңыз, дүнья жүзиндеги пахта егетуғын ең арқа зона болып есапланады. Жылы менен суўын берсе, қунарлы жерлеринен егинниң қай-қай түринен де мол өним жетистириў имка­нияты бар.

Тәбияттың дийқанға быйылғы жылдағыдай қарасыўынан кемиси жоқ. Жыйын-терим мапазы басланғалы аспаннан жерге ҳөл тамбай, машақатлы мийнетлери менен жетистирген ҳасылын қысқа мүддет ишинде жыйнап алыўларына мүмкиншилик жасады.

Венера Досманова басшылық ететуғын «Үркинбай» фермер хожалығы 200l-жылы дүзилген болып, райондағы экономикасы жоқары пәтлер менен раўажланған хожалықлар қатарынан орын алады. Ерте бәҳәрде 45 гектар жерге шигит егип, барлық майданлардан бир тегис нәл алынып, агротехникалық қәделерге сай тәрбия берилди. Сентябрь айының ишинде жобадағы гектар есабынан 26 центнерден 120 тонна жоқары сортлы пахтаны қабыллаў пунктине тапсырып үлгерген. Атызлардағы жаўдырасып ашылған «ақ алтын»ның соңғы мысқалларына шекем жыйнап алынса, орташа зүрәәтлилик 40 центнерге жетиў мүмкиншилиги бар. Жыйын-теримде ҳәр күни хожалық ағзалары менен көмекшилерди қоса есаплағанда l50ден аслам адам қатнастырылып, қабыллаў пунктине 7-8 тонна пахта жиберилмекте. Ўақыт пенен есапласпай, жигерли мийнети менен танылып атырған шәпик қоллы теримшилерден С.Төребаева, В.Қамысбаева, Б.Алламбергенова, А.Бегжановалардың ҳәр бири фартугинен 80-90 килограмм, мапаз басынан 3,5-4 тоннаға шекем пахта териўге ерискен. Ҳәр күни терилген пахталары ушын килограмына 2000 сумнан мийнет ҳақы төленип, атыз басларында ыссы аўқат, шай ҳәм басқа да қолайлы шараятлар жаратып берилген. Жумыстың бар аўырманлығын мойынларына алған механизаторлардан Қ.Хожабаев, А.Сабиров ҳәм Б.Айбасовлардың ислери мақтаўға ылайық.

Хожалық ағзалары овощ-палыз, азық-аўқатлық ҳәм от-жемлик егинлерден де мол зүрәәт алыўдың сырларын жетик меңгерип алған. 4l гектарлық гүзлик бийдайдың егиси әллеқашан сапалы байытылып, бүгинги күнде суўғарыў ҳәм азықландырыў жумыслары алып барылмақта. Хожалықта шар­ўашылық тийкарғы тараўға айландырылып, l00 бас мал, қой-ешкилерге қыс азығын молдан таярлаў жумыслары да избе-излик пенен бир-бирлерине иркинишсиз жүргизилмекте.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

журналист.

Қоңырат районы.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF