ТИЛ — МИЛЛЕТТИҢ АЙНАСЫ
Буннан 33 жыл бурын мәмлекетлик тил статусын алған өзбек тили мәмлекетимизде ҳәр жылы кең түрде нышанланып келинбекте. Миллетимиздиң айнасы есапланған өзбек тилиниң раўажланыўына, тил сыпатындағы статусының асырылыўына үлкен итибар қаратылып пәрман, қарар ҳәм нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди.
Сондай-ақ, 2020-2030-жылларға мөлшерленген Концепция, өз алдына Бағдарлама дүзилип, булар бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Бес томлық «Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги», отыз томнан ибарат «Қәрезсизлик дәўири өзбек наўайытаныўшылары» илимий-изертлеў жумыслары комплекси жаратылды.
Өткен күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық театрында 21-октябрь Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күнине бағышланған «Қәдириң бәлент болсын, Ана тилим» атамасында салтанатлы илаж болып өтти.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан республикаларының мәмлекетлик гиминлери жаңлады.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаев республикамыздың барлық халқын байрам мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм өзбек тилиниң раўажланыўына, сондай-ақ, келешек әўладқа Ўатанға садықлық руўхында тәрбия берип атырған бир топар оқытыўшыларға естелик саўғаларын тапсырды.
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы Р.Палўанова шығып сөйлеп, өзбек тилин раўажландырыўға байланыслы алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти ҳәм Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Н.Матьякупова «Ана тилим» қосығын оқып берди.
Салтанатлы илаж концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Б.КАРАМАТДИНОВА.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.