Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:56:46, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЛ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРЫ ХОШАМЕТЛЕНДИ

Нөкис қаласында «Халықаралық аўыл ҳаял-қызлары» күни мүнәсибети менен илаж болып өтти.

Онда түрли тараўларда жемисли мийнет етип атыр­ған ҳаял-қызлар қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары — шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова, Самар­қанд ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары — шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар басқармасының баслығы З.Рахманова, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары — аппарат басшысы К.Артықов шығып сөйлеп, бүгинги күни аўыллық жерлерде жасап атыр­ған ҳаял-қызлардың маш­қалаларын сапластырыў, олардың абадан турмыс кешириўи ушын жаратылып атырған ша­раятларға тоқтап өтти. Елимизде әмелге асырылып атыр­ған реформаларда олардың мүнәсип үлеси бар екенлиги мақтаныш етилди.

Атап өтилгениндей, БМШ Бас ассамблеясы тәрепинен аўыллық аймақларда жасап атырған ҳаял-қызлардың машқалаларына кең жәмийетшиликтиң итибарын қаратыў, олардың турмыс шараятларын жақсылаў мақсетинде резолюция қабыл етилип, усы тийкарда 15-октябрь — Халық­аралық аўыл ҳаял-қызлары күни деп белгиленди. Ҳәр жылы усы сәне елимизде кең түрде белгиленип келинбекте.

Илажда бир топар ҳаял-қызларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Қатнасыўшыларға көркем-өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF