Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:18:06, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СЫН-ПИКИР ҚАЙТА ҮЙРЕНИЛМЕКТЕ

Бәриңизге белгили, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының өз хабаршысы Сағынбай Оразымбетов «facebook» тармағындағы жеке бетинде ҳәм газетаның 2022-жыл 13-октябрьдеги 123-санында Республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплериндеги Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылардың жумысына байланыслы «Мектеплерде жаңа штат енгизилди. Нәтийжеси қандай?» атлы көлемли сын материалын жәриялады.

Бул материал бойынша Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен бөлимниң социаллық тармақларындағы бетлеринде тийислисинше рәсмий жуўап қайтарылған еди.

Усы рәсмий жуўаптан қанаатланбаған С.Оразымбетов усы жылдың 17-октябрь күни өзиниң «facebook» тармағындағы жеке бетинде бул мәселеде және «Ақланыўға арналған жуўап» темасында усы мәселени қайта көтерип шықты.

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими авторға жуўап ретиндеF әйне пайытта бөлим ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте усы мәселелерди нызам шеңберинде толық қайта үйренип шығыў бойынша арнаўлы Жумысшы топардың жумыс баслағанын, үйрениў жуўмақлары бойынша анализленген мағлыўмат берилетуғынын мәлим етеди.

 

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF