Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:22:19, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОҲИГҮЛДИҢ АЛТЫНҒА ТАТЫРЛЫҚ ГҮМИС МЕДАЛЫ

Көкке бой созған тикжарлы, сылдырлап ағатуғын булақлары менен даңқ таратқан Арарат таўының етегинде жайласқан Арменияның Ереван қаласынан таралған хошхабар елимизге жылдырымдай тезликте жетип келди.

Усы жылдың 13-17-октябрь күнлери аралығында Ереван қаласында спорттың самбо гүреси түри бойынша жаслар арасында Жәҳән чемпионаты болып өтти. Биз ушын қуўанарлы тәрепи, Өзбекстан сайланды командасының ағзасы, Елликқала районлық спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Моҳигүл Камилжанова 72 килограмм салмақ категориясында қатнасып, гүмис медальды қолға киргизди.

Бундай абырайлы жарысларға нәментай палўанлар келмейтуғыны аттан анық. Жәҳән чемпионаты билегинде күши, жүрегинде оты бар ҳақыйқый палўанлардың күш сынасатуғын майданы.

Ана-Ўатан, киндик қаны тамған журтының ар-намысын қорғаў жуўапкершилиги спортшыдан мәртликти, сабырлылықты талап етеди. Изинде көз тигип отырған жерлеслериниң исенимин ақлаў — парызы, қалай да басым өткериўи турған гәп. Жуўапкершиликти сезинген Моҳигүл гилемге қәдем таслаўынан қарсыласларын қарсымасын-қарсыма жаўырнын жерге тийгизип, «жулдыз» санатты. Финал беллесиўине жоллама алғанын күтилмеген ўақыя болды деўге болмайды. Себеби, кишкенелигинен самбо гүресиниң усыл-әдислерин тренери Расул Балтабаевтан үйренемен дегенше қаншама шынығыўларда тер төкпеди дейсиз. Тынымсыз исленген шынығыўлар оны қатайтты. Ал, нәтийже узақ күттирмеди. Ол бес мәрте жаслар арасында Өзбекстан чемпионы. Өзиниң салмақ категориясында теңсиз бол­ғанлықтан Өзбекстан сайланды командасының қурамында Азия чемпионатында қарсыласларынан бир текше жоқары екенлигин дәлиллеп, чем­пионлықты қолға киргизди.

Еревандағы беллесиўлер де аңсат кешпеди. Әсиресе, ярым финалда геўдеси жоталы, өзине исенген израиллы палўанды дизе бүктирген Моҳигүлдиң гүресиў усыллары қәниге тренерлерди таң қалдырды.

Жасыратуғыны жоқ, финал беллесиўинде спортшы қызымызға азғана әўмет жетиспеди. Лекин, жаўырыны жерге тиймеген палўанлар арасындағы беллесиўде сыйлы екинши орынды қолға киргизиў де ҳәр кимге несип ете бермейди. Спортта азы-кем сәтсизлик ушырасатуғыны тәбийғый ҳәдийсе. Жас палўан қызымыз Моҳигүл Камилжанованың келешеги алдында. Оның келеси чемпионаттан алтын медаль менен қайтатуғынлығына үлкен исеним арттырамыз.

Қонысбай РЕЙМОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Елликқала районы.

СҮЎРЕТТЕ: (солдан биринши) М.Камилжанова.  

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF