Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:49:26, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ЕСТЕЛИК БЕЛГИЛЕРИ ТАПСЫРЫЛДЫ

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының бир топар хызметкерлери елимиздиң экономикалық, социаллық, руўхый потенциалын раўажландырыў, жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ислерине мүнәсип үлес қосып киятырғаны ушын халықаралық естелик белгилери менен сыйлықланды.

Бүгин бажыхана уйымлары өзлерине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў барысында мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте мәмлекетимиздиң сиясий, социал-экономикалық раўажланыўына да мүнәсип үлесин қосып келмекте.

Усы мүнәсибет пенен болып өткен илажда басқарма баслығы И.Казаков халықаралық Әмир Темур жәмийетлик фондының естелик белгиси, бөлим баслығы А.Турдақов ҳәм бас инспектор Ю.Қудиярова «Бердақ Ғарғабай улы» халық­аралық естелик белгиси менен сыйлықланды.

Бундай сыйлықлар тараўдың барлық хызметкерлерин Әмир Темур ҳәм Бердақ бабамыз сыяқлы уллы тулғалардың избасарлары болып, елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы хызметке бәрқулла таяр турыўға шақырады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар

агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF