Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:40:48, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚУРАМАЛЫ ХИРУРГИЯ ӘМЕЛИЯТЫ — ПАЛАТАДАҒЫ ҲАЯЛ ЕНДИ САЛАМАТ...

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 4-октябрьдеги «Хирургия хызметин трансформациялаў, аймақларда хирургиялық операциялардың сапасын арттырыў ҳәм көлемин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында  заманагөй технологиялық хирургиялық операциялар республикамыздың барлық аймақларында әмелге асырылып атыр.

Жақында Қарақалпақстан Республикасында туңғыш мәрте, яғный, Беруний районында лабораскопиялық жатыр экстерпациясы ҳәм жатыр түсиў кеселлиги ушын плас­тик операция табыслы тәризде әмелге асырылды.

Ҳаял-қызларымыз арасында жатыр өспеси — миома кеселлиги көп ушырасып атырған еди. Қурамалы операцияға районымыз медицинасының дар­ғасы, сыйқырлы қол ийеси, республика хирурглары ишинде өзине жараса абырай-мәртебеге ийе медицина тараўының пидайысы Базарбай Оразалиев жуўапкер болды.

Операция барысында арнаўлы 4 тесикшелерден ибарат лабораскопиялық аппарат ҳәм оның әнжамлары қарын бослығына тап роботлардай киргизилип, электрохирургиялық усылда жүргизилип, процессте ҳаял жатыры кесип алынды ҳәм  төменге түсип турған қын қарын бослығына плас­тик тикленди. Аўа, бул кәрамат еди. Биз әмелияттан табыслы шыққан наўқасты барып көрдик. Бәри әжайып! Наў­қастың кейпияты, биз бенен қарым-қатнасы да шын жүректен, ол өзин жақсы сезип атыр­ған еди!

Ҳақыйқатында да, бул инсан баласының гейде ақылы жетпейтуғын кәрамат. Нешше жыллардан бери ҳаял-қызлардың айырымлары бул кеселликтен азап шегип киятырған еди. Енди бул дәрттиң даўасы бойынша наўқаслар биймәлел районымыздың атақлы хирургы, жоқары катего­риялы шыпакер, медицина илимлериниң докторы, бийтәкирар ҳәм үлкен потенциал ийеси Базарбай Оразалиевтиң бөлимине мүрәжат етиўи мүмкин.

— Бул операцияға мен 6 ай таярландым. Алты айдың ҳәр бир минутында «Не ислесем наўқас операциядан жақсы шығады, қандай жағдайда ол дәрттен аўырыўларсыз ҳәм қәўетерсиз қутыла алады!» деген ой-пикир менен жасадым. Тынымсыз шуғылландым. Өзимди бул процесске таярладым, - дейди жоқары категориялы хирург Базарбай Оразалиев.

 Мине, сизге оғада кишипейиллик! Мине, сизге инсан көринисиндеги сыйқыршының жүректен шыққан пикирлери. Бул сөзлердиң өзи-ақ Базарбай Оразалиевтиң жетискенликлерин, кәсиплик шеберлиги ҳәм пидайылығын, тек республикамыз емес, ал, дүньяның мине мен деген хирурглары тән алған бир пайытта да өзиниң ийелеген тараўының қайсыдур шыңына умтылып жасаўды өзине әдет еткенлигиниң дәлили, десек асыра айтқан болмаймыз.

— Қашанлардур ҳәм ҳәзирге шекем хирургиялық операциядан соң наўқастың пүткиллей саўалып кетиўи ушын бираз ўақыт керек болар еди. Әсиресе, жатыр менен байланыслы операциялар бираз ўақытты талап етер еди. Лекин, лабораскопиялық жатыр экстерпа­циясы ҳәм жатыр түсиўи кеселлиги ушын пластик операциядан табыслы шыққан ҳаял үш-төрт күннен кейин-ақ бир қалта унды қыйналмай көтерип  кете алады. Ең тийкарғысы, ҳаял ҳаяллығын аңлап жасаўды бас­лайды!

Б.Оразалиев бизге пикирлерин баянлай отырып, заманагөй техноло­гиялық хирургиялық әмелият процеси сәўлеленген видеокөринисти көрсетер екен, тап алтын тапқан адамдай қуўанар еди.

Шыпакердиң бир күни. Бул бир күн қайсыдур хирургта әдеттегидей кешеди. Бирақ, мыңлап бийтапларға қайта өмир бағышлап киятырған Базарбай Оразалиевтиң жумыс күниниң ўақты шегараланбаған. Биз сәўбетлесиў ушын барғанымызда да ол жумыс орнында ойға берилип турғаны ушын алдына келгенимизди сезбеди де. Есикти әсте қағып, сәлем бергенимизден кейин сергекленди де қыялын жылаўлады. Шыпакеримиздиң көзқарасларынан аңлағанымыздай, ол даўалаўдың жаңа қырларын излеп атырған еди. Бундай пидайы инсанларға миннетдаршылық билдириў ушын болса биз базыда ылайық сөз таба алмай қыйналамыз.

 

Лола ХОЖАНИЯЗОВА,

Беруний районы «Халқ минбари» газетасының редакторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF