Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:25:03, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚЫСҚА АЗЫҚ-АЎҚАТ ӨНИМЛЕРИ ЖЕТЕРЛИ МЕ!

Бәршеңизге мәлим, ҳәзирги күнде дүнья жүзинде азық-аўқат өнимлерине болған талап ҳәм оның қәўипсизлигин тәмийинлеў   глобал машқалаға айланбақта. Мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарларда баҳалардың турақлылығын сақлаў әҳмийетли мәселе болып табылады.

Ҳәр қашанда халықтың сапалы ҳәм қолайлы баҳадағы азық-аўқат өнимлерине болған талабы жоқары. Жақында Нөкис қаласы ҳәкимлиги киши мәжлислер залында бул бағдарда пайтахтымызда исленип атырған жумысларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти. Илажда Экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким орынбасары Камал Қәлимбетов сөзге шығып, 2022-2023-жылғы қыс, бәҳәр айлары ушын ишки базарда бийдай, ун ҳәм өсимлик майы өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў, улыўма азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ҳәр ҳәптеде дийқан базарлары ҳәм азық-аўқат сақлаў қоймаханаларында алып барылып атырған мониторинг жумыслары ҳаққында кең түрде айтып өтти.

— Бүгинги күнде қаламыз турғынларының азық-аўқатқа болған талабын қанаатландырыў бағдарында жәми 3310 тонна азық-аўқат өнимлери, яғный, соннан  995 тонна картошка, 450 тонна пияз,  955 тонна гешир,  910 тонна гүриш өнимлери менен халқымызды турақлы тәмийинлеўди белгилеп алғанбыз, - деди қала ҳәкиминиң орынбасары К.Қәлимбетов.

Бүгинги күнде «Нукус Дилшада» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоймаханасында 50 тонна ун, 50 тонна қумшекер, 20 тонна өсимлик майы, 10 тонна пахта майы ҳәм бас­қа да бир қатар жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер қоймаханаларында қыс мәўсими ушын сақланбақта. Буннан тысқары, ҳәр күни қаламыздағы мәкан пуқаралары жыйынларында график тийкарында қала ҳәкимлиги тәрепинен «Нөкис дийхан базары» акционерлик жәмийети ҳәм Нөкис қалалық салық инспекция­сы менен биргеликте азық-аўқат ярмаркалары шөл­кемлестирилди.

Сондай-ақ, базарларымызда айырым түрдеги азық-аўқат өнимлерин қолайлы баҳаларда басқа ўалаятлардан алып келиў де жолға қойылған.

Халқымызды қыс ҳәм бәҳәр айларында азық-аўқат өнимлерин жетерли муғдарда тәмийинлеў, баҳалардың кескин түрде артыўына жол қоймаў, оның турақлылығын сақлаўға ерисиў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Илаж даўамында журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўаплар алды.

 

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы  хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF