БУЛ ЖЕРДЕ МИЙМАНДОС, КЕЎЛИ АШЫҚ ХАЛЫҚ ЖАСАЙДЫ
Самарқанд ўәлаятының белсендилери Нөкис районына сапары шеңберинде оннан аслам имарат ҳәм объектлердиң ашылыўында қатнасты.
Нөкис районын 2022-2024-жылларда социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде Самарқанд ўәлаяты исбилерменлери тәрепинен районда 2022-2023-жыллар даўамында баҳасы 368 миллиард сум муғдарында 27 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 1 мың 520 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жойбарлар мийманларда үлкен тәсир қалдырды. Биз олардың айырымлары менен сәўбетлестик.
Зайнаб ҲАЙДАРОВА — Нарпай районындағы «Меҳнат роҳати» фермер хожалығының баслығы, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген пахтакеш, «Меҳнат шуҳрати», «Дўстлик» ҳәм «Эл юрт ҳурмати» орденлериниң ийеси:
— Бир неше жыллардан берли көп тармақлы фермер хожалығына басшылық етип киятырман. Усы жылы 70-80 центнерден ғәлле, 42 центнерден пахта тапсырдық. 32 адам турақлы, 40 адам мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген.
Көптен берли Қарақалпақстанға, соның ишинде, Самарқанд ўәлаяты бириктирилген Нөкис районына келиўди әрман етип жүрген едим. Келдик, аўыл ҳаяллары менен сәўбетлестик, жасаў шараятлары менен жақыннан таныстық. Ҳәр бириниң көзинде қуўаныш, бүгинги күннен разы болыў кейпияты сезиледи. Әмелге асырылып атырған жойбарлар олардың жасаў шараятын және де жақсылаўға хызмет етеди. Биз соған исендик, бул жерде миймандос, кеўли ашық халық жасайды.
Зиёдулла САНАЕВ — Нарпай районындағы 52-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директоры, Өзбекстан Республикасы халық муғаллими, «Фидокорона хизматлари учун» ордениниң ийеси:
— Самарқанд ўәлаяты исбилерменлери тәрепинен жаңадан қурылған объектлерди пайдаланыўға тапсырыў, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем көрсетиў бойынша шөлкемлестирилген илажларда қатнастық. Әсиресе, дийқан базары, саўда комплекси, «Иймам ийшан» жомъе мешити, Ақманғыт посёлкасы пуқаралар жыйынының жаңа имараты ҳәм китапханасы район халқы ушын әжайып саўға болды. Билимлендириў тараўындағы жумыслар менен де жақыннан таныстық. Келешекте тәжирийбе алмасыў ушын режелер дүздик.
Мағлыўмат ушын, Самарқанд ўәлаяты менен биргеликтеги жумыслар даўам етеди. 2023-жыл 1-октябрьге шекем баҳасы 143,2 миллиард сум муғдарында 6 инвестициялық жойбардың иске қосылыўы есабынан 280 жаңа жумыс орны жаратылады.
Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.