Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:10:42, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЙРИМЛИ, МИЙМАНДОС АЎЫЛ ҲАЯЛЫ...

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды, шаңарақты, аналықты ҳәм балалықты қәстерлеп сақлаў, жәмийетте ҳаял-қызлардың абырайын және де жоқарылатыў, турмыс абаданлығын арт­тырыў, мүнәсип мийнет, турмыс шараятларын жаратыў ушын зәрүр мүмкиншиликлер ҳәм имканиятлар жаратылмақта.

Шынында да, бүгинги глобалласыў дәўиринде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып бармақта. Елимизде ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый белсендилигин арт­тырыў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Тийкарғысы, ҳаял-қызлардың үлеси денсаўлықты сақлаў, социаллық хызметлер, илим, тәлим-тәрбия, мәденият, көркем-өнер, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда салмақлы орынға ийе.

Солай екен, ҳәзирги абадан турмысымыз да, айдын келешегимиз де өмиримиздиң мазмуны, мәмлекетимиздиң қалқаны болған перзентлеримиздиң тәрбиялы, кәмил инсанлар болып ер жетиўинде де аналарымыздың орны гиреўли. Әсиресе, мийримли, миймандос аўыл ҳаялының мийнет ҳәм турмыс жоллары көпшиликке өрнек болары сөзсиз. Тийкарғысы, 15-октябрь халықаралық  «Аўыл ҳаяллары» күни мүнәсибети менен республикамыздың барлық районларында руўхый ағартыўшылық кешелери шөлкемлестирилип атыр. Мине усындай кешелердиң бири Тахтакөпир районындағы 10-санлы улыўма билим бериў мектебинде жүдә көтериңки руўх­та шөлкемлестирилди. Өзгеше аўыл тәбиятының бийбаҳа көринисине қоса кешеге сай безелген сахна келген мийманлар ҳәм жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.

Илажға районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, «Дослық» ордениниң ийеси, белгили ша­йыр Гүлнара Нурлепесова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Гүлхатиша Айымбетова ҳәм «Қара ой» аўыл пуқаралар жыйын ҳәм усы мектептиң нураный устазлары ҳәм оқыўшы жаслары қатнасты. Тийкарғысы, бул жерде жыйналғанлар шөл­кемлестирилген миллий үрп-әдет дәстүрлер, китаплар көргизбесин тамашалады. Және де илажда мектебимиздиң баслаўыш класс оқыўшылары шайыр Г.Нурлепесованың мийнет ҳәм өмир жолы менен жақыннан танысып, ша­йырға сораўларын берип, тийисли жуўаплар алды.

— Бүгинги өткерилип атыр­ған илаж шөлкемлестириўшилерине рахмет. Биз аўыл ҳаяллары буннан қатты қуўанышлымыз. Бул да бизлерге деген итибардың белгиси. Келген мийманлар менен де сәўбетлесип, пикир алысып атырмыз. Мен өзим Нөкистен усы Тахтакөпир районына келин болып түстим. Алдын қалалы қыз болсам бүгинлиги усы аўылдың кейўаны аўыл ҳаялына айландым. Буннан миннетдарман. Еңкейип келин болып түскен аўылымды, қоңсы-қобаларымды, абысын-келинлеримди бәрин-бәрин ҳүрмет етемен, сыйлайман. Айтайын дегеним, маған аўылға барма, мийнети аўыр, еплей алмайсаң дегенлер де болды. Тийкарғысы, қаладан аўылға келип, шеп болмадым. Ҳүрметли дем алысқа шығаман дегенше усы мектепте рус тили пәни муғаллими болып иследим. Ал, ҳәзир болса ақлықлар қоршаўындағы кемпир апа болыў менен бирге аўыл ҳаялыман, -дейди  «Қара ой» аўыл пуқаралар жыйыны тур­ғыны, мийнет нураныйы Айман Жексинбаева.

Ҳақыйқатында да ҳаял ол меҳрибан ана болыў менен бирге, опалы өмирлик жолдас. Солай екен, ҳәр бир ҳаял мейли, ол аўыл, мейли, қала болмасын, ҳүрмет ҳәм итибардан шетте қалмаўы тийис.

 

Н.ТУРДЫБЕКОВА.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF