Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:38:35, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛАЛАРҒА МЕДИЦИНАЛЫҚ ЖӘРДЕМ

«Денсаўлық — терең байлық» деп бийкарға айтылмағанындай, адам наўқасланса дәрҳал шыпакер қабыллаўына барыўға мәжбүр болады ҳәм шыпакер бизге үмит береди. Сол себепли де Президентимиз тәрепинен соңғы жыллары мәмлекетимизде медицина тараўына айрықша итибар қаратылмақта.

Әсиресе, инсан саламатлығын беккемлеў, медициналық хызмет көрсетиў сапасын арттырыў, балалар саламатлығына итибар  жоқары дәрежеге көтерилмекте. Өткен ҳәпте ишинде пайтахтымыздағы республикалық көп тармақлы медицина орайында 10-октябрьден 15-октябрь аралығында «Қайырқомлық мәнзили» ак­циясы өткерилди. Мойнақ ра­йонынан басланған бул саламатлық илажында Қарақалпақстан балалары медициналық тексериўден өткерилип, оларға жәрдемлер көрсетилмекте. Бул акцияда наўқас балалар Ташкент педиатрия медицина институтының тәжирийбели шыпакерлери педиатр, лор, көз офтолмологи, ортопед, травматолог ҳәм кардиохирург­лар, УЗИ, ЭКГ сыяқлы керекли медициналық әсбап үскенелер жәрдеминде тексериўлерден өткерилди. Соның менен бирге, тексериў нәтийжелерине бола наўқас деп табылған балаларды операциялық жол менен емлеў жумыслары алып барылды. Және айтып өтиўимиз керек, есапта турған жүрек — қан тамыр кеселликлери бойынша да балалар кардиохирург тәрепинен тексерилип, егер операция ислениўи керек болған балалар Ташкент қаласына жоллама менен жиберилиўи нәзерде тутылған.

— Бизиң Қарақалпақстан Республикасына келиўимиздеги баслы мақсетимиз — балаларды қоллап-қуўатлаў шөлкеми ҳәм Ташкент педиатрия медицина институты менен биргеликте нәўбеттеги қайырқомлық мақсетиндеги әмелге асырылып атырған балалардағы хирургиялық әмелиятлар, тексериў усыллары, диагностика, лабораториялық тексериўлерди тәжирийбели шыпакерлер менен биргеликте әмелге асырыў болып табылады. Бүгинги күнге шекем 500ге шамалас амбулатор наўқасларды көрдик. Солардан операциялық жол менен ортопед-травматолог, отолоринголог, офтолмолог, пластикалық операциялардың 50ге жақынын өткердик. Соның менен бир қатарда, бул жердеги шыпакерлер менен биргеликте шеберлик класларын, операция әмелиятларын өткерип атырмыз. Нәтийжелеримиз жақсы. Халыққа жәрдем, әсиресе, балалар саламатлығын беккемлеўге үлесимизди қосқанымыздан қуўа­нышлымыз. 10-октябрь күни Мойнақ районында болдық ҳәм үш жүзден аслам наўқасларды медициналық тексериўден өткердик. Солардан  айырымларын Нөкис қаласына алып келип операция әмелиятларын иследик. Мақсетимиз де — алыс Таш­кентке бармаўы мақсетинде усы жердиң өзинде жәрдем бериў, яғный саламатлығын беккемлеў, - дейди Ташкент қаласындағы педиатрия медицина институтының балалар ортопед-травматологи Абдулҳал Азизов.

Биз усы орайда болғанымызда операция жолы менен емленген жасы жетпистен асқан апа Мойнақ районынан келген Амангүл Нажикованың пикирлери менен қызықсындық:

— Мениң ақлық қызым Айзада Абдуллаева көз кеселлиги менен наўқасланып, соны алып келген едим. Буннан алдын 2019-жылы СамПМИге апарып операция ислеттим. Сол ўақытта шыпакерлер қызымның сол көзиндеги кеселлик оң көзине де өтиў итималы бар екенлигин айтқан еди. Бир еки күн болды, қызыма бийпул операция ислеттим. Енди саламатлығы жақсы. Мениң Ташкенттен келген шыпакерлерге миннетдаршылығым шексиз. Барлығына, рахмет! Усындай қайыр­қомлық илажлары көп өткериле берсе екен, - деп өзиниң қуўанышын билдирди.

Бул ананың қуўанышын көрип, орайға наўқас балаларын қушағына алып, кимиси излерине ертип нәўбетте турған барлық аналар перзентлерине саламатлық тилеп, шыпасын берсин! дегимиз келеди. 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: акциядан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF