БАЛАЛАРДЫҢ КЕЎЛИНЕ ЖОЛ ТАПҚАН ШАЙЫР
Балалардың тили менен қәлем тербетип, олардың қәлбине жол тапқан, дөретиўшилиги жемиси саналған жигирмадан аслам қосықлар топламы жарыққа шығып, қарақалпақ балалар әдебиятының раўажланыўында салмақлы үлес қосқан, белгили ҳәм талантлы балалар шайыры, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, әжайып инсан Халмурат Сапаров еди.
Бәршемиз де балалығымызда оның қосықларын ядлап, гүрриңлерин оқып камалға келдик. Оның ҳәр бир дөретпесинде балалар әлеми сәўлеленип, келешек әўладты әдеп-икрамлылыққа тәрбиялаўға, Ўатанды қәстерлеўге, адамгершиликтиң уллы пазыйлетлерин санамызға сиңдирип, ақыл-ойымызды шарықлаўға хызмет етеди.
Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң мәжилислер залында усы музей жәмәәтиниң шөлкемлестириўинде марҳум шайырдың 90 жыллық юбилейине бағышланған «Балалар қәлбине нур берген шайыр» атамасындағы әдебий кеше болып өтти. Оған шайырдың шәкиртлери, «Жеткиншек» газетасының дөретиўшилик жәмәәти, студент-жаслар, мектеп оқыўшылары ҳәм ул-қызлары қатнасты.
Дәслеп келген мийманлар музей фойесинде шөлкемлестирилген шайыр дөретиўшилигине бағышланған көргизбе менен жақыннан танысты ҳәм музейди саяхат етти. Көргизбеде Х.Сапаровтың услап тутқан буйымлары, жарыққа шыққан топламлары, шайырдың өмир жолына бағышланып республикалық газеталарда басылған мақалалары орын алған болып, оқыўшыларға өзгеше заўық бағышлады. Илажды усы музей директоры, шайыр Ш.Пайзуллаева кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Оннан соң, Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист, белгили балалар шайыры ҳәм жазыўшы Я.Ажимов, «Жеткиншек» газетасының жуўаплы хаткери Д.Үббиниязова, шайырдың қызы Г.Сапаровалар сөзге шығып, шайырдың өмир жолы, дөретиўшилиги ҳәм әлпайымлығы менен адамгершилик пазыйлетлерин кең түрде еске алды. Атап өтилгениндей, шайырдың өмир жолына тоқталсақ, Х.Сапаров Шымбай районы Қ.Әўезов хожалығы аймағында дийқан шаңарағында туўылған. Аўыллық мектепти питкерип, Қарақалпақ мәмлекетлик пединститутының филология факультетине оқыўға киреди. Дәслепки мийнет жолын «Жас Ленинши» (ҳәзирги «Қарақалпақстан жаслары») газетасында қырық алты жылға шамалас, яғный 2002-жылдың август айына шекем әдебий хызметкер, бөлим баслығы, жуўаплы хаткер ўазыйпаларында жемисли хызмет атқарады. Сол жылы сентябрь айынан баслап өмириниң ақырғы күнлерине шекем «Жеткиншек» газетасында мийнет етип, жас дөретиўшилерге жол-жобалар көрсетип, устазлық етти.
Х.Сапаровтың әдебиятқа қызығыўшылығы ҳәм кирип келиўи мектеп дәўиринен-ақ басланды. Туңғыш жазған «Ўатаным» қосығы, соң «Мектебиме сыйлығым» деп аталған қосықлары «Жас Ленинши» газетасында жарық көреди. Буннан соң шайырдың қосықлары студент ўақытларында республикалық газеталарда, әдебий альманахларда жәрияланады.
Оның «Нәлше», «Жас уста», «Қурылтай», «Бахытлы балалық», «Айға ушып барғанда», «Алтын дәўран», «Ўатан суңқары», «Тәбиятқа саяхат» ҳәм тағы басқа да топламлары «Қарақалпақстан» ҳәм «Билим» баспаларында жарық көрип, көп санлы оқыўшылардың китап текшелеринен орын алды.
Шайыр жас әўладларды әдеп-икрамлы руўхта тәрбиялаўдағы шығармалар жазғаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен «Қарақалпақстан Халық билимлендириўи ағласы» нышаны менен сыйлықланған. Оның барлық шығармалары балаларға, жас әўладты тәрбиялаўға бағышланған. Сол ушында оны «Қарақалпақстанның Самуил Маршагы» деп те атайды. Композиторлар шайырдың қырықтан аслам қосықларына намалар жазған. Сондай-ақ, балаларға арналған қосықлары беларусь, молдаван, татар, қумық, башқурт, қазақ, түркмен ҳәм басқа да туўысқан халықлар тиллерине аўдарылды.
— Балалығымызда шайырды көрмесек те, дөретиўшилиги менен дос тутынып, оннан илҳам алып қосықлар, мақалалар жаздық. Еле қосық муқамына жетпеген болса да газетаға жоллап, бизге қосығымыз ҳаққында пикирлер билдирип хатлар келетуғын еди. Бир сапары еле ядымда, шайырдан »Қырық бес мың оқыўшыға ийе газетамызда қосығың жарамсыз болып қалды» деген хат келди. Демек сол ўақытлары газетаның тиражы жүдә көп болған. Буннан соң студентлик гезимде шайыр менен танысып, көрисиў несип етти. Ол жүдә әлпайым, кишипейил инсан еди. Музейде ислеген ўақытларымда шайырдың өмирлик зайыбы Сере апа менен бирге иследик. Ол да жүдә әлпайым, Халмурат ағаны ҳүрмет ететуғын, әдебиятты жақсы түсинетуғын саўатлы, тил алғыш ҳаял болғанлықтан биз шайырдың дөретиўшилиги ҳаққында бирге сәўбетлесетуғын едик. Жақында музейимизге олардың қызы, журналист Г.Сапарова Халмурат ағаның өмир жолына тийисли бир қанша қол жазбаларын, китапларын, сүўретлерин, тийисли буйымларын тапсырып, музейимиз экпонатынан орын ийеледи. Перзентиниң усындай саўаплы иске қол урғанынан жәмәәтимиз атынан шексиз миннетдаршылық билдиремиз, - дейди усы музей директоры Ш.Пайзуллаева.
Х.Сапаров тирилигинде шаңарағында орны төрден әдиўли, ғамқор әке болып, өмирлик зайыбы Серегүл менен жети перзентти камалға келтирип, улын уяға, қызын қыяға қондырды. Бүгинги күнде олардан өрбиген ақлық шаўлықлары бар. Перзентлери арасынан әке жолын қуўып, қызы Гүлайым дөретиўшилик пенен шуғылланып, журналист болып ислеп атыр.
Илаж даўамында сөзге шыққан мектеп оқыўшылары шайыр қосықларынан ҳәм де өз дөретпелеринен де толып-тасып оқып берди. Кеше қатнасыўшыларда умытылмас тәсирлер қалдырды.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.