Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:52:08, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ГҮЗГИ-ҚЫСҚЫ МӘЎСИМГЕ ТАЯРСЫЗ БА?

Күнниң аязлы қыраўлы күнлери ҳә демей есик қағады. Солай екен, пайтахтымызда гүзги-қысқы мәўсимге қандай таярлықлар алып барылмақта? Мине, усы мәселелер дөгерегинде Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң киши мәжилислер залында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында брифинг болып өтти.

Әнжуманда Нөкис қаласы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникация, коммунал тармақлары, көклемзарластырыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша орынбасары Қабылбек Айт­баев сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2022-жыл 23-сентябрьдеги 522-санлы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 26-сентябрьдеги «Экономика  тармақлары, социаллық тараў объектлери ҳәм көп қабатлы жай фондын 2022-2023-жыллардың гүзги-қысқы мәўсиминде турақлы ислеўге таярлаўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына кең түрде тоқтап өтти.    

— Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының 2022-жыл 9-октябрьдеги Нөкис қаласында көп қабатлы турақ жайлардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў бойынша белгилеп берген тапсырмаларын орынлаў мақсетинде 418 көп қабатлы турақ жайларды оңлаўда әмелий жәрдем көрсетиў ушын министрлик, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары бириктирилди - деди ҳәким орынбасары Қ.Айтбаев. — Атап айтатуғын болсақ, ҳәзирги күнде 185 көп қабатлы турақ жайлардың подъездлеринде оңлаў жумыслары алып барылмақта. Қаламызда жайласқан 4 көп қабатлы жайлар алдында балалар майданшасы қурылып, 15 көп қабатлы жайлар алдына бетон қаплама төселди.

Сондай-ақ, 41 көп қабатлы жайлар қасында түнги жақтыландырыўшы бағаналар орнатылды. «Дослық гүзары» ҳәм «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралары жыйыны аймағында жайласқан 23 көп қабатлы жайлардың ишки ыссылық системаларына оңлаў жумыслары алып барылды.

Соның менен бирге, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм Халық билимлендириў бөлимине қараслы барлық мектеплеринде де таярлық  жумыслары қызғын алып барылмақта. Сондай-ақ, ҳәзирги күнде көмир қоймахасында резервте 277 тонна жергиликли көмир сақланбақта.  

 Журналистлер өзлерин қызықтырған машқалалар бойынша сораўлар берип жуўаплар алды.

Буннан соң журналистлерге пайтахтымыздағы объектлерге медиатур шөлкемлестирилип, дәслеп пайтахтымыздағы жаңадан пайдаланыўға тапсырылған «Технопарк»те болып, ҳәзирги күнде бул жердеги жасларымызға жаратылған шараятлар менен Техно­парк­тиң бөлим баслығы Тимур Тәженов жақыннан таныстырды.

 Буннан соңғы мәнзил «Алланияз Қаҳарман» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 8-санлы улыўма билим бериў мектеби болды.

— Халқымыздың сүйикли перзенти, Өзбекстан Қаҳарманы Алланияз Өтениязов усы мектепте отыз жылдан аслам усы аймақ балаларына инглис тилинен сабақ берди, - деди мектеп директоры А.Сайыпова. — Мектебимиз имараты жанынан қосымша 330 орынлық жаңа мектеп имараты қурылып пайдаланыўға тапсырылды. Ҳәзирги күнде ишки таярлық жумыслары алып барылмақта...

Мектеп дәрўазасынан кирер екенбиз, мектеп ҳәўлисинде бой көтерген жаңа имарат ҳәм мийўе тереклер ҳәр қыйлы декоратив тереклер көзди қуўантады. Мектепте 757 оқыўшы билим алып атырған болса, оларға 78 муғаллим тәлим-тәрбия бермекте. 

 Сондай-ақ, классларға киргенимизде жаратылған шараятлардан оқыўшы-жаслардың жүзлериндеги куўанышты аңлаў қыйын еместей. Бизге жол баслаған мектеп директоры А.Сайыпова қурылысы питкерилиўи алдында турған жүз орынлық асхана, мәжилислер залы қурылысы менен таныстырып, бул жердеги қурылысшыларға ҳармасын айттық. Жап-жасыл түске бүркенген мини стадион да дыққатымызды тартты. Стадион қурылысы жақын күнлерде питиў алдында тур.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF