Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:11:34, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫН ҚОРҒАЎ ТАРАЎЫНДА НЫЗАМШЫЛЫҚТЫ ЖЕТИЛИСТИРИЎ

Жәмийетимизде халықтың бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм де тәмийинлеў бо­йынша ҳуқықый сана-сезимин және мәдениятын арттырыў, нызамшылықты беккемлеў ҳәм де балалардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўды және де жетилистириўге қаратылған үгит-нәсиятлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Жасларды еркин, демократиялық, адамгершилик принциплеры тийкарында кәмил инсан руўхында өсириў, олардың тек өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин жақсы билиўши ғана емес, ал, оларды әмелге асыра алатуғын ҳәм де өз миннетлемелерин де саналы түрде орынлаўшы инсан ретинде жәмийеттиң тең ҳуқықлы ҳәм белсенди субъекти етип тәрбиялаў пуқаралық жәмийетке тийкарланған демократиялық, ҳуқықый мәмлекетти қурыўды өз алдына мақсет етип алған демократиялық мәмлекетлер сыяқлы Өзбекстан ушын да әҳмийетли мәселе есапланады.

Ерте заманлардан берли ҳәр қайсы ата-ана өз баласының дени саў ҳәм бәркамал, ақыллы, бахытлы болыўын қәлейди. Сондай перзентти камалға келтириў, оның турмыста мүнәсип орын ийелеўине ерисиў — ҳәр бир ата-ананың ең уллы, ең муқаддес әрманы, десек, алжаспаймыз. Әйне ўақытта бүгинги күшли заман, турмыстың өзи жас әўлад тәр­биясы бойынша алдымызға жаңа-жаңа, оғада әҳмийетли ўазыйпаларды қойып атыр.

Бириншиден, жас әўлад тәрбиясы республикамыз ушын ең әҳмийетли мәселе есапланады, себеби, мәмлекетимиз халқының 40 процентин 18 жасқа шекемги балалар, 60 процентин 30 жасқа шекемги жаслар қурайды. Усының себебинен, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың үстин туратуғын бағдары балалар ҳәм жаслардың физикалық, интеллектуал ҳәм руўхый раўажланыўы ушын қолай ҳәм ең жақсы шараятларды жаратыў, соның менен бирге көп балалы шаңарақларды, жетим балаларды ҳәм шаңарақ орталығынан ажыралған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў есапланады.

Екиншиден, мәмлекетте жаслар мәселеси, оларды өз пуқаралық позициясына ийе инсан ретинде тәрбиялаў, ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин тәми­йинлеў мәселелерине ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринде-ақ мәмлекетлик сиясаттың үстин туратуғын бағдары ретинде үлкен итибар қаратылып келинбекте. Ғәрезсизликке ерискен ўақытта, яғный, 1991-жылдың 20-ноябринде, «Өзбекстан Республикасында жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаттың тийкарлары ҳаққында»ғы арнаўлы Нызам қабыл етилип, 2016-жыл 14-сентябрьде болса, оның орнына «Өзбекстан Республикасында «Жасларға ти­йисли мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы Нызам жаңа редакцияда қабыл етилгенлиги буған дәлил бола алады.

Усы Нызамда жасларға тийисли сиясаттың мақсети, Өзбекстан Республикасының жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат тараўындағы кепилликлери, жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызамлардың мазмун-мәниси қандай болыўы кереклиги, буған байланыслы Өзбекстан Республикасының халық­аралық шәртнамалары нормаларының үстинлиги принципи көрсетип өтилген.

Бул болса, жаслар сиясаты мәселеси 1992-жылғы ғәрезсиз Өзбекстанның Конституциясында өз көринисин табыўына, сол жылы Өзбекстанның БМШниң тийкарғы ҳүжжетлеринен бири есапланатуғын «Бала ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенцияға қосылыўына ҳәм усы ҳүжжетлер тийкарында өткен дәўир даўамында балалар ҳәм жаслар мәселелерине тийисли 100 ден артық нызамлардың қабыл етилиўи ҳәм де 2008-жылда бул тараўдағы арнаўлы нызам есапланған Өзбекстан Республикасының «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамы, 2019-жыл 22-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Бала ҳуқықлары кепилликлерин және де күшейтиўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўине тийкар болды. 2008-жыл 7-январь күни күшке кирген Өзбекстан Республикасының «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамы, 18 жасқа шекемги субъектлер есапланатуғын, балалардың ҳуқықый жағдайын белгилеўге тийисли мүнәсибетлерди тәртипке салыўға, бала ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине юридикалық кепиллик бериўге қаратылған. Атап өтиў керек, Нызам нормаларының ярымынан көбиси бала ҳуқықларының кепилликлерин белгилеўге арналған.

Жоқарыдағылардан келип шығып, соны айтыў мүмкин, өткен дәўир даўамында мәмлекетте балаларды ҳуқықый тәрептен қор­ғаўдың халықаралық ҳәм миллий ҳуқықый тийкарлары жаратылды ҳәм олар тур­мысқа енгизип барылмақта.

Усы ҳуқықый ҳүжжетлерде балалар, соның менен бирге, халықтың басқа барлық қатламы ўәкиллериниң де бала ҳуқықлары тараўындағы ҳуқықый мәдениятын қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға үлкен итибар қаратылған. Бул бағдарда ҳуқықый тәрбия зәрүр әҳмийетке ийе болады. Буған байланыслы тийисли халықаралық ҳүжжетлер, парламенттиң нызам ҳәм қарарлары, мәмлекет Президентиниң идеялары, ти­йисли пәрман ҳәм буйрықларының орынланыўының нәтийжеси болып есапланыў, бүгинги күнде мәмлекетимизде мектепге шекем ҳәм улыўма орта билим бериў мәкемелери, жоқары оқыў орынлары ҳәм жоқары оқыў орынлары кейинги билимлендириўде ҳуқықый билимлендириў системасы жаратылды. Бала ҳуқықларын үйрениў мәселеси усы системаның структуралық бөлегине айланды.

Айрықша атап көрсетиў зәрүр, халықта бала ҳуқықларына тийисли ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириўде ҳүкимет тәрепинен қабыл етилген төмендеги бағдарламалық ҳүжжетлер де зәрүр әҳмийетке ийе. Ҳәр жылы қабыл етилетуғын мәмлекетлик бағдарламаларда балалар, жаслар мәселелери мудамы дыққат орайында болып атыр. Әсиресе, 2008-жылдың «Жаслар жылы», 2010 жылдың «Бәркамал әўлад  жылы», 2014-жылдың «Саламат бала жылы», 2016-жылдың «Саламат ана ҳәм саламат бала» деп жәрияланыўы балалар, жаслар ҳәм олардың тәр­биясы мәмлекетлик сиясаттың баслы мәселеси екенлигин көрсетип берди. Әсиресе, буған байланыслы мәмлекет көлеминде әмелге асырылып атырған түрли ис-илажлар жаслардың ҳуқықый мәдениятын, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин нәтийжели әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетте бүгинги күнде халықтың бала ҳуқықларына тийисли ҳуқықый мәдениятын раўажландырыў бойынша ҳуқықый тийкар ҳәм институционал система жаратылды ҳәм ол раўажланыўландырып барылмақта. Бирақ, нызамлардың ислеўи, механизмлериниң нәтийжелилиги биринши орында, халықтың ҳуқықый мәде­ния­тының қайсы дәрежеде екенлигине байланыслы. Оған болса, бул тараўда билимсиз ерисип болмайды. Сол себепли де, мәмлекетте инсан ҳуқықлары саласындағы билимлендириўди раўажландырыў менен бир қатарда, оның халықтың үлкен бөлегин қурайтуғын балалардың ҳуқықларын да арнаўлы оқытыў бүгинги күнниң актуал мәселесине айланып атыр.

Б.УТЕМУРАТОВ,

Шоманай районы Әдиллик бөлими юридикалық хызмет көрсетиў орайының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF