НӨКИС РАЙОНЫН БИРГЕЛИКТЕ АБАТ ЕТЕМИЗ
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетимиздиң ўәлаятлары Қарақалпақстан Республикасының арқа районларына бириктирилген болып, олар аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға жәрдем берип келмекте.
Усы басламаға муўапық, Самарқанд ўәлаяты Нөкис районына бириктирилип, районды 2022-2024-жылларда социаллық — экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың денсаўлығын сақлаў, қурылыс-абаданластырыў жумысларын алып барыў, жаңа кәрханаларды иске түсириў арқалы жумыс орынларын жаратыў, бир сөз бенен айтқанда, ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсетинде 898,5 миллиард сумлық жойбар ислеп шығылған. Бул бағдарда 40 бәнттен ибарат «Жол карта»сы тастыйықланды. Соннан бүгинги күнге 36 бәнттиң орынланыўы толық тәмийинленген болып, 4 бәнт бойынша жумыслар даўам етпекте.
Жаңадан қурып питкерилген объектлерди пайдаланыўға тапсырыў, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем көрсетиў бойынша илажларда қатнасыў ушын Самарқанд ўәлаятының 200ден зыят белсендиси, кәрхана, мәкеме басшылары, жаслардан ибарат делегация өткен екшемби күни республикамызға келди. Нөкис темир жол вокзалында мийманлар салтанатлы жағдайда күтип алынды.
Буннан кейин Нөкис районына жол алып, дәслеп «Ҳәсиретли ана» естелигине гүл-шеңберлерин қойды. Соңынан дәслепки имарат — «Ақманғыт саўда комплекси»ниң ашылыў салтанатыболып өтти.
Онда Қарақалпақстан РеспубликасыМинистрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Самарқанд ўәлаятының ҳәкими Э.Турдимов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде, соның ишинде, республикамызда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға, аўыр аймақларды абаданластырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылып атырған итибарға тоқтап өтти.
Бунда мәмлекетимиз ўәлаятларының Қарақалпақстанның қала ҳәм районларына бириктирилиўи, өз-ара тәжирийбе алмасыў,орыналып атырған машқалаларды сапластырыў, халықтың бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет етпекте. Соның ишинде, Самарқанд ўәлаяты менен биргеликте Нөкис районында қысқа ўақыттың ишинде бир нешше объектлер қурып питкерилип, халықтың ийгилигиушын пайдаланыўға тапсырылды.
Халықтың күнделикли турмысында зәрүр болған «Ақманғыт саўда комплекси»ниң ашылыўы айрықша әҳмийетке ийе болды. Улыўма 52 миллиард сум қаржы есабынан қурып питкерилген бул жерде 115 дүкан, 512 саўда текшеси шөлкемлестирилди. Нәтийжеде мыңға шамалас жаңа жумыс орны жаратылды.
Усы күни район орайында «Имам ийшан» жомъе мешитиниң ашылыў мәресими болды. Дәслеп өткенлердиң руўхына дуўа оқылды. Жәми 12 миллиард сумлық қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылған мешитте бир ўақыттың өзинде 700 адамнама оқыўы ушын шараят жаратылған. Илаж қатнасыўшылары жаңа мешитте жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
— Самарқанд ўәлаяты тәрепинен барлық тараўлар сыяқлы халықтың денсаўлығын сақлаўда да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта,-дейди Нөкис районы медицина бирлеспесиниң баслығы Пердегүл Ембергенова.—Ўәлаяттың жергиликли бюджети есабынан 1,1 миллиард сум муғдарындағы районлық орайласқан емлеўханасына 3 дана «Дамас» автомашинасы ҳәм медициналық әсбап-үскенелер алып берилди. Ўәлаяттың 12 қәнигели шыпакери тәрепинен жәрдемге мүтәж пуқаралар медициналық тексериўден өткерилди ҳәм 22 пуқараға жоқары хирургиялық операция исленди.
Cондай-ақ, усы күни «Ақмаңғыт» посёлкалық пуқаралар жыйынының имараты ҳәм китапхананың пайдаланыўға тапсырылыў илажы болды. Самарқандлы исбилерменлер тәрепинен қурып питкерилген, улыўма баҳасы 3,5 миллиард сум болған имаратта барлық шараят жаратылған. Соның менен бирге, усы жердиң өзинде китапхананың ашылыўы жаслар ушын әжайып саўға болды.
Халықтың, соның ишинде, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында да бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Усы күни Саманбай аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Самантепгилам» кәрханасының шөлкемлестириўинде «Set Nukus-textile» фабрикасының ашылыўы болды. Бул жерде үйинде отырған 100 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди.
Самарқанд ўәлаяты тәрепинен районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў илажлары даўамында «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйыны ушын жаңа имарат қурып питкерилди.«Жомбой яшил чироқлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурып питкерилген имаратта барлық шараят жаратылған. Аймақтағы 2 ҳәм 15-санлы улыўма билим бериў мектеплерине қосым шакласслар қурып берилип, мектеплердиң китапханасына китаплар саўға етилди.
Күнниң екинши ярымында мийманлар И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болды.
Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң жәрдеми менен 2023-жылдың 1-октябрине шекем улыўма баҳасы 143,2 миллиард сумлық 6 инвестициялық жойбар иске түсирилип, 280 жаңа жумыс орны жаратылатуғынлығын айрықша атап өтиў орынлы. Атап айтқанда, «Навобод наслли парранда» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен улыўма баҳасы 35 миллиард сумлық қусшылық комплекси, «Жасмина Фруит кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен улыўма баҳасы 6 миллиард сумлық музлатқышлы қоймахана иске түсириледи. Демек, бирге ислесиў даўам етеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.