МҮРӘЖАТЛАР УНАМЛЫ ШЕШИМИН ТАПТЫ
Усы жыл 16-октябрь күни Елликқала районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Елликқала, Беруний, Төрткүл ҳәм Әмиўдәрья районларының пуқаралары ушын жеке қабыллаўы болып өтти.
Қабыллаўда тийкарынан пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар қатарында бәнтлик, медициналық жәрдем, электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суў тәмийнаты, жол қурылысы, халықты социаллық қорғаў, исбилерменлик тараўындағы машқалалар бойынша мүрәжатлары тыңланды.
Усы күни қабыллаўда жәми 284 мүрәжат келип түскен болса, соннан 124 машқала орнында өз шешимин тапты. Ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығының жеке қадағалаўына алынып, олардың шешими бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Мәселен, Әмиўдәрья районы «Бостан» мәкан пуқаралар жыйынының турғыны Зухра Рахимованың турақ жайының оңлаўға мүтәжлиги бойынша билдирген мүрәжаты унамлы шешилип, үйин оңлап бериў бойынша 30 миллион сум қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, Төрткүл районынан Хуршида Абдуллаеваның мүрәжаты бойынша бир жыллық шәртнама пулы төлеп берилетуғын болды.
Беруний районы «Орайлық» мәкан пуқаралар жыйынының турғыны Жерен Ражапова перзентин емлетиў бойынша қаржылай жәрдем сорап еткен мүрәжаты, «Бостан» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Эгамберген Уразалиевтың «Тажмаҳал» көшесин оңлаў бойынша мүрәжаты унамлы шешимин табатуғын болды.
Ҳәр бир мүрәжат артында инсан тәғдири бар. Солай екен, Президентимиздиң басламасы менен «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында алып барылып атырған бундай илажлар даўам етеди.
Қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Муҳаммадиев қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.