Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:51:54, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚ АБАДАНЛЫҒЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ ЖОЛЫНДА

Елимизде Жаңа Өзбекстанды қурыў мақсетинде турмысымыздың барлық тараўларын еркинлестириў, экономика ҳәм оның тармақларын, жеке исбилерменликти раўажландырыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықтың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Беруний районында болды.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы «Жай­ҳун» мәкан пуқаралар жы­йыны аймағында жайласқан 53-санлы балалар бақшасын капитал оңлаў ҳәм «Бостан» МПЖ да жайласқан 120 орынлық балалар бақшасын жаңадан қурыў жумыслары менен жақыннан танысып, қурылыс жумысларын қадағалаў ҳәм өз ўақтында жуўмақланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берди.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев барлық министрлик, комитет, басқарма, шөлкем ҳәм райондағы  мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерлердиң басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.

Республикамыз районларында өткерилип атырған ушырасыў ҳәм мәжилислердиң тийкарғы мақсети — пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў ҳәм де халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге қаратылған болып, бундай ушырасыўлар еле де даўам еттирилетуғынлығы республикамыз басшысы тәрепинен атап өтилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, соның менен бирге, халық ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған басламалар, мәмлекетлик реформалардың орынланыўы менен байланыслы ис-илажларды атап өтип, бул бағдарда ушырасып атырған кемшиликлерге тоқтап өтти.

Өткерилген мәжилисте мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар бойынша финанслық қәте-кемшиликлерге жол қойылып, мақсетсиз жумсалып атырғанлығы ҳәм жеңиллетилген кредитлер мүтәж пуқараларға берилместен, мәнзилсиз жумсалған жағдайлары анықланғанлығы, сондай-ақ, бюджет қаржыларын талан-тараж етиў, есабатларға қосып жазыўлар сыяқлы унамсыз жағдайлар көп ушырасып атырғанлығы атап өтилди.

Мәжилисте жеңиллетилген кредитлерди мақсетсиз жумсап жибериў, талан-таражлыққа жол қойыў, ҳақыйқый мүтәж адамлар қалып, ажыратылған пулларды мәнзилсиз жумсаў жағдайлары тиккелей ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырғаны қатаң сынға алынды.

Соның менен бирге банк-финанслық қатнасықлардағы қәте-кемшиликлер, субсидияларды өзлестирип жибериў жағдайлары ушырасып атырғанлығы, денсаўлық, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, қурылыс, аўыл хожалығы сыяқлы бир қатар тараўлардағы кемшиликлер, пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиўдиң де қанаатландырарсыз екенлиги, мәмлекетлик ҳәм инвестициялық бағдарламалар шеңбериндеги жумысларда артта қалыўшылықлар ушырасып атырғанлығы атап өтилип, тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, мәжилисте  жылдың ақырына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 18,5 млрд. сумлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилип, берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң юридика бөлими баслығы Алишер Атажановты Беруний районына жуўапкер етип бекитти.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF