КОРОНАВИРУС: ЕНДИ БАЛАЛАРДА ШАНШЫЛА МА?
Дүнья жүзинде коронавирус пандемиясы жуқпалы кеселликлердиң тарқалыўының жүдә қәўипли екенлигин ескертип өтти. Кеселликке қарсы вакцина жаратылыўы ҳәм бул вакцинаны барлық мәмлекетлерде ислетиўи нәтийжесинде кеселликтиң бир қанша кемейиўине ерисилмекте.
Дүнья жүзинде коронавирус инфекциясы бойынша жағдайдың қурамаласып атырғанлығы бизди сергекликке шақырады ҳәм усы кеселликтиң алдын алыўда вакцина менен профилактикалық шаншыў дәлилленген ҳәм әҳмийетли илаж болып есапланады. Солай екен, өзимиз ҳәм жақынларымыз саламатлығын ойласақ, вакцинация ең қәўипсиз ҳәм туўры жол саналады.
Биз жақында Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының иммуно-профилактика бөлиминиң меңгериўшиси Ә.Досымбетовқа мүрәжат етип исленип атырған жумыслар бойынша айтып бериўин өтиниш еттик:
— Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2021-жыл 21-февральдағы «Коронавирус инфекциясына қарсы ғалаба шаншыў илажларына таярлық көриў ҳәм өткериў» ҳаққындағы 31-санлы буйрығы ҳәм Бас санитария шыпакериниң көрсетпе хатларында белгиленген ўазыпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамызда коронавирус кеселлигине қарсы профилактикалық шаншыў жумыслары өткерилмекте.
Республикамызда, пуқаралар арасында коронавирус инфекциясына қарсы иммунитетин күшейттириў мақсетинде шаншыў курсын толық алып болғаннан кейин 4-6 ай мүддети өтип, биринши бустер доза менен шаншыў, кейин 6 ай өткеннен кейин қайта шаншыў илажлары әмелге асырылмақта. Әлбетте, қайта шаншыўдың абзаллықлары ҳаққында халқымызға кең түрде үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта, коронавирус кеселлигине қарсы шаншыў илажлары өзиниң жасаў аймағындағы емлеў профилактика мәкемелеринде бийпул әмелге асырылмақта.
Бүгинги күнде 12 жастан жоқары пуқараларды шаншыў ушын республикада жәми 206 шаншыў ханалары, оларда жәми 309 шаншыў топарлары болып олардан 110 топары ҳәрекеттеги шаншыў топарлары бириктирилген және де 279 суўытқышлар менен тәмийинленген. 345 шыпакер, 549 вакцинатор ҳәм олардың дублерлары 236 регистраторлар бириктирилген.
Омикрон штаммасының пайда болыўы менен бүгинги күнде балалар арасында кеселлениўшиликтиң өсиўи гүзетилди. Илимпазлардың мағлыўматы бойынша Омикрон штаммасы Дельта штаммасына қарағанда 2 мәртебе көп мутацияға ушыраған. Дүньяда балалар ушын коронавирусқа қарсы вакцина жаратылған. 2022-жылдың 11-февралында балалар ушын Пфайзер вакцинасы Дүнья жүзи денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң реестрине киргизилген.
Өзбекстан Республикасы миллий эксперт топарының ҳәм Дүнья жүзи денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысы, пуқаралардың сораўларын есапқа алып, Өзбекстан Республикасында 5 жастан 11 жасқа шекемги балаларды коронавирус инфекциясына қарсы профилактикалық шаншыў ушын педиатрик-ПФАЙЗЕР вакцинасы менен балаларды қәўипсиз шаншыў жумыслары алып барылмақта.
2021-жылдың ноябрь айында АҚШта 5-11 жас балаларды шаншыў жумыслары басланған. Бүгинги күнде Германия, Испания, Греция, Италия, Португалия, Франция, Венгрия, Израиль, Бразилия, Австралия, Уллыбритания, Канада, Бельгия, Эстония, Саудия Арабстаны мәмлекетлеринде шаншыў өткерилип келинбекте.
Коста-Рика мәмлекети дүньяда 5 жастан 11 жасқа шекемги балалар ушын COVID-19ға қарсы мәжбүрий шаншыўды енгизген биринши мәмлекет болды.
Балалар арасында коронавирус кеселлигине қарсы Пфайзер вакцинасын енгизиў бойынша таярлық жумыслары август айынан баслап өткерилип келмекте. Бүгинги күни шаншыўды сапалы ҳәм қәўипсиз өткериў мақсетинде медицина қәнигелерин қайта таярлықтан өткериў жумыслары даўам етпекте.
Шаншыў жумысларын өткериў нәтийжесинде балалар арасында кеселликтиң кең тарқалыўының алдын алыў имканияты туўылады.
Балалардың өмирден ләззет алып жасаўы ушын бул шаншыўлар үлкен әҳмийетке ийе екенлигин ҳәм ата-аналардың перзентлериниң денсаўлығына бийпарық болмаўына ҳәм өзиниң аймақлық поликлиникаларына барып шаншыўын өз ўақтында алыўын усыныс етемиз.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.