ҲӘРЕКЕТ-ЫРЫСҚЫ КЕЛТИРЕР
Мәмлекетимизде алып барылып атырған жумыслардың түп-тийкары пуқаралардың жақсы жасаўына қаратылған. Усы жылы 31-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы, сондай-ақ, «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы тийкарында ҳәр бир шаңарақтың мәпин гөзлеген ҳалда имканияты болғанынша жумыс пенен бәнт етип дәрамат дерегин жаратыўға қаратылған.
Мине усындай шаңарақлардың бири пайтахтымыздағы «Көк өзек» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Бахтыяр Сейтниязовтың шаңарағы есапланады. Ол мәмлекетимизде жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланып исбилерменлик ушын 6 айға жеңилликли мүддетте 33 миллион сум 14 проценттен «Микро кредит» банктен кредит алып, шаңарақ ағзалары менен ойласып қой бағыўды режелестирди.
— Ҳақыйқатында да, ата-бабаларымыз «Ҳәрекетке берекет», деп бийкарға айтпаған екен. Жумыс ислеймен, шаңарағымның абаданлығына ерисемен, деп нийет еткен ҳәр бир адам ушын мәмлекетимизде мүмкиншиликлер бар. Тәўекелшилик етип усы иске бийкар қол урмаған екенмен. Мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Замир Жийемуратовтың берген жәрдеми ҳәм мәсләҳәти менен кредит алып қойларды бағып атырман. Барлығы кеўилдегидей болды. Бундай имканиятларды жаратып, халықтың турмысының жақсыланыўына итибар берип атырған мәмлекетимиз басшыларына рахмет айтаман,-дейди Бахтыяр қуўанышын жасырмай.
Дурысын айтқанда «жумыс жоқ» деп қол қаўсырып отыра бергеннен пайда жоқ. Оның орнына ҳәрекет етсе, әлбетте, мийнетине жараса дәраматлы да болады. Бахтыяр дәслеп екиленип турса да ата-анасы ҳәм зайыбы Гүлназ Исмайлованың қоллап-қуўатлаўы менен бул иске бел буўды. Бастағы азы-кем қыйыншылықларын айтпағанда бәри өз жолына түсип кетти. Жазғы, қысқы қораларды , от-шөбин таярлап болғаннан кейин қойларды сатып алды. Аймаққа бекитилген ветеринар шыпакер менен мәсләҳәтлесип қойларды көзден өткерип суўын, от-шөбин жемин ўақты менен берип күтимине қарағаннан кейин қойлардың жүни жылтырап баслады. Буған кеўли толған Бахтыяр шын ықласын берип және де қойларды көбейтип бағып атыр. Оның зайыбы Гүлназ да кишкене нәрестениң күтимине қарап үйинде отырған еди. Ол да Бахтыярға жәрдемши. Бахтыярдың алдағы режелери — дәраматына жараса еле де кеңейтиўди мақсет етип отыр.
Б.КАРАМАТДИНОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: ҳәким жәрдемшиси З.Жийемуратов ҳәм Б.Сейтниязовлар.