ҚАНЛЫКӨЛДЕ РЕФОРМАЛАРДЫҢ БАРЫСЫ СЫНҒА АЛЫНДЫ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аўыл халқының абадан турмысын тәмийинлеў, аймақлардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Қанлыкөл районында болды.
50 мыңнан аслам халық жасайтуғын Қанлыкөл районында халық хожалығының барлық тараўларында ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Атап айтқанда, 2022-жылдың январь-июль айларында санаат тараўында 201,0 млрд. сумлық, қурылыс тараўында 48,0 млрд. сумлық жумыслар исленип, бул көрсеткишлер өткен жылға салыстырғанда 101,0 процентке өскенлигин көрсетеди.
Ал, товарлар айланысы 147,6 млрд. сумды қурап, бул өткен жылға салыстырғанда 107 процентти қурады. Базар хызметлери тараўында болса, 86,2 млрд. сумлық хызметлер көрсетилип, бул 2021-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 123 процентке өскенлигин көрсетти. Деген менен, сыртқы саўда айланысы, экспорт, импорт тараўларында белгиленген режелерден артта қалыўлар бақланбақта.
Ең дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Қанлыкөл районы аймағында жаңадан бой тиклеп атырған «Жаңа Өзбекстан» турақ-жай массиви қурылысы менен жақыннан танысты.
Айтып өтиў орынлы, быйылғы жылы Қанлыкөл районындағы «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 14,3 гектар жер майданында 300 квартиралы 10 турақ жай, 1 улыўма билим бериў мектеби, 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў белгиленген болып, бүгинги күни бул жерде қурылыс жумыслары алып барылмақта.
Қурылыс жумыслары менен танысыў барысында Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен қурылыс жумысларын жеделлестириў ҳәм сапалы әмелге асырылыўын турақлы қадағалап барыў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев барлық министрлик, комитет, басқарма, шөлкем басшылары ҳәм райондағы мәкеме, шөлкем ҳәм кәрхана басшылары, сондай-ақ, Қанлыкөл районы белсендилериниң қатнасыўында мәжилис өткерди.
Онда бүгинги күни елимизде «Инсан қәдири ушын» принципинде әмелге асырылып атырған реформалар, қурылыс ҳәм абаданластырыў, үлкен дөретиўшилик жумысларға кеңнен тоқтап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы районда бул бағдарда кең көлемли жумыслар даўам етип атырғанлығын атап өтип, айырым тараў басшылары тәрепинен өз жумысына немқурайдылық пенен қараў жағдайлары, жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сынға алды.
Өткерилген мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы, мәмлекетлик уйымлардағы хызметкерлердиң өзлерине жүкленген ўазыйпаларын талап дәрежесинде орынламай атырғанлығы, секторлар жумысы қанаатландырарсыз екенлиги, мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билим бериў, медицина, социаллық қоллап-қуўатлаў сыяқлы бир қатар тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлер атап өтилди.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында белгиленген режелердиң орынланыўының кешигиў жағдайлары, аймақтың экспорт потенциалынан толық пайдаланбаў, исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы кемшиликлер, жумыссызлықты азайтыў, мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм Президент сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша артта қалыўлар да сынға алынып, тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.
Соның менен бирге, мәжилисте быйыл районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеўге республикалық бюджеттен жәми 9 млрд. 891 млн. сумлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев райондағы алып барылып атырған жумысларды ҳәм берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаровты Қанлыкөл районына жуўапкер етип бекитти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.