ӨЗБЕКСТАНЛЫ ФУТБОЛШЫЛАР ЖӘҲӘН ЧЕМПИОНАТЫНДА 3-ОРЫНДЫ ИЙЕЛЕДИ
Түркияның Стамбул қаласында ампутантлар арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.
Онда табыслы қатнасқан Өзбекстан сайланды командасы ағзалары қола медалы ушын болып өткен ушырасыўда Гаити сайланды командасы футболшыларын 4-2 есабында жеңилиске ушыратып, 3-орынды ийелеўге миясар болды.
«Галатасарой» клубының стадионында болып өткен ойында Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Абдураҳмонов хет-трикке ерискен болса, және бир голды Худойқулов өз есабына жаздырып қойды.
Солай етип, мәмлекетимиз сайланды командасы өз тарийхында 3-мәрте жәҳән чемпионатының қола медалын қолға киргизди. Буннан тысқары, өзбекстанлы футболшылар 2007, 2010 ҳәм 2012-жыллары жәҳән чемпионы атағын жеңип алған еди.
Жәҳән чемпионатының финал ойынында болса, Түркия ҳәм Ангола сайланды командалары өз-ара күш сынасып, онда майдан ийелери 4-1 есабында жеңиске еристи ҳәм жәҳән чемпионы атағына миясар болды.
Ә.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.