Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:50:25, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СПАРТАКИАДА ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

Соңғы ўақытлары республикамызда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында   хызметкерлер арасында  спорт жарысларын шөлкемлестириў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм   ғалабалық спортқа кең түрде тартыў арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

«Спорт — саламатлық гиреўи» сүрени астында спартакиада жарысларының  өткерилиўи сөзимизге айқын мысал бола алады. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң шөлкемлестириўи менен  Нөкис Әбу Әлий Ибн Сина атындағы жәмийетлик саламатлық техникумының спорт базасында Республикалық емлеў профилактикалық  мәкемелери хызметкерлери арасында саламат турмыс қәлпин енгизиў, оларды спортқа кеңнен тартыў мақсетинде «Спорт — саламатлық гиреўи» сүрени астында спорттың армрестлинг, шашка, стол тенниси, жеңил атлетика, дартс, арқан тартыў түрлери бойынша спартакиада шөлкемлестирилди.,

Спартакиаданың ашылыў салтанатында  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў минис­триниң Аналық ҳәм балалықты қорғаў ҳәм репродуктивлик саламатлық бойынша орынбасары Акмал Асқаров, Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Лизахан Байбосыновалар шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

Спорт жарыслары жуўмағында улыўма командалық есапта Қарақалпақстан Республикасы Санитария эпидемиялогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы 1-орынды, 1-санлы Республикалық руўхый  ҳәм неврологиялық диспансери 2-орынды, Республикалық Оба профилактикасы орайы Қарақалпақстан филиалы 3-орынды ийеледи ҳәм жеңимпазлар шөлкемлестириўшилердиң  дәрежели кубоклары, дипломлары, медальлары ҳәм  баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

 Сондай-ақ, жарыста «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», «Ең шебер ҳәўескер қатнасыўшы», «Жеңиске болған умтылыўшылығы ушын»,  «Ең жасы киши қатнасыўшы» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, оларға да арнаўлы дипломлар ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Ә.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF