Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:28:14, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КАДАСТР ПАСПОРТЫН РӘСМИЙЛЕСТИРИЎ ТӘРТИБИ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 2-сентябрьдеги «Кадастр тараўында айырым мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тас­тыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарарға муўапық, көшпес мүлк объектине кадастр паспортын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Усыған байланыслы көшпес мүлк объектин кадастр есабына алыў ҳәм кадастр топламын қәлиплестириў нәтийжесинде көшпес мүлк объекти бойынша электрон формада кадастр паспорты рәсмийлестириледи.

Кадастр паспортының формалары төмендеги түрлер бо­йынша белгиленедиF көп квартиралы үйдеги турақ жайдың кадастр паспорты, жеке тәртиптеги турақ жайдың кадастр паспорты,  турақ жай емес категориясындағы көшпес мүлк объектиниң кадастр паспорты,  жер участ­касының кадастр паспорты, қурылысы тамамланбаған объекттиң кадастр паспорты.

Белгиленген тәртипте келисим жойбар ҳүжжетлерине көре, объекттиң қурылысы (реконс­трукциясы) питкен жағдайда, бир сораўнамаға тийкарланып кадастр паспорты, қурылысы (реконструкциясы) питкен объекттен пайдаланыў ушын руқсатнамасы, көшпес мүлк мәмлекет дизиминен өткерилгенлиги ҳаққындағы реестрден көширме бир ўақытта бериледи. Сондай-ақ, арза бериўши кадастр паспортын алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталында дизимнен өтеди.

Үшинши шахслар мәпи ушын ҳәрекет етип атырғанда, сораўнамаға белгиленген тәртипте рәсмийлестирилген исеним хаты қосымша етиледи.

 Кадастр топламы қәлиплестирилгеннен соң кадастр паспортын бериў ушын төлем муғдары баҳасы көрсетилген хабарнама (инвойс) Мәмлекетлик хызметлер орайына ямаса арза бериўшиге электрон формада жибериледи.

Арза бериўши хабарнаманы алғаннан соң 1 ай даўамында төлем баҳасын төлейди.

Кадастр паспортын бериў ушын өндирилетуғын төлем муғдарлары Министрлер Кабинетиниң «Мәмлекетлик кадастры тараўында мәмлекетлик хызметлердиң баҳаларын белгилеўде дифференциал жантасыў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы 2014-жыл 10-июльдеги 186-санлы шешимине тийкарланып белгиленеди.

Төмендеги жағдайларда кадастр паспортын рәсмийлестириў пулсыз әмелге асырылады:

- көшпес мүлк объекти бо­йынша бирлемши кадастр топламы (паспорты) бар болып, объектте өзгерислер (реконс­трукция, қосымша ҳәм айрықша қурылыс) болмаса;

- көшпес мүлк объектиниң бир бөлеги өзгешелестирилгенде объекттиң қалған бөлегине ямаса реконструкциясыз тайпасы өзгергенде;

- кадастр топламы (паспорты) жойтылғанда (жарамсыз ҳалға келгенде).

Бундай жағдайларда кадастр паспорты 3 жумыс күни даўамында рәсмийлестириледи.

Хабарнамада көрсетилген төлем төленгеннен соң қағаз формасындағы кадастр паспорты Мәмлекетлик хызметлери орайы ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы усынылады. Пластик формасындағы кадастр паспорты тек ғана Мәмлекетлик хызметлери орайлары арқалы усынылады.

Төмендегилер кадастр паспортын бериўден бас тартыўға тийкар боладыF сораўнамада дурыс емес мағлыўматлар көрсетилиўи, көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықларды тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болмағанда, арза бериўши яки оның ўәкили келисилген мәнзилде болмаған жағдайда, ўәкилликли орган тәрепинен кадастр паспортын рәсмийлестириў бойынша көшпес мүлк объектине шеклеў яки хатлаў қойылғанда.

Басқа себеплер бойынша кадастр паспортын рәсмийлестириўден бас тартыў қадаған етиледи.

Б.ТОКУМБЕТОВ,

Шымбай районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайының бөлим баслығы.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF