КОРРУПЦИЯ — РАЎАЖЛАНЫЎ ДУШПАНЫ
Коррупция — раўажланыў душпаны екенлиги ҳәр бир тараўда атап өтилмекте. Соның ушын да оған қарсы гүресиў бағдарында елимизде ҳәр қыйлы зәрүр нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, илажлар турақлы рәўиште шөлкемлестирилмекте.
Атап айтқанда, «Ўзмиллийбанк» АЖниң Мәлимлеме ҳәм банк қәўипсизлиги департаменти қурамында 2021-жыл март айында Комплаенс қадағалаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў Басқармасы, соның ишинде, Банктиң Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы филиалларында Комплаенс қадағалаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бас қәнигеси (кейинги орынларда — Бас қәниге) лаўазымлары енгизилди ҳәм олар маман қәнигелер менен толықтырылды.
Филиалымыз Бас қәнигеси Бас офис тәрепинен 2021-жылы Коррупцияға қарсы гүресиў менеджментин қолланыўға қаратылған 8!9 37001-санлы халықаралық стандарты бойынша оқыў семинарында қатнасып, сертификат алды. Филиал басшылығы ҳәм Бас қәниге 2021-жыл ноябрь айында «Ўзмиллийбанк» АЖниң Мәлимлеме ҳәм банк қәўипсизлиги департаменти Комплаенс қадағалаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў басқармасы хызметкерлери менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы филиаллары ҳәм Банк хызметлерин көрсетиў орайларына хызмет сапарлары шөлкемлестирилип, Президентимиз, Министрлер Кабинети, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Орайлық банктиң коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў процесин жетилистириў ҳәм жеделлестириўге қаратылған қарар ҳәм бийликлердиң мазмун-әҳмийети ҳаққында мәжилислер, сәўбетлер ҳәм ушырасыўлар өткерилип, түсиниклер берилди ҳәм филиал Бас қәнигесине лаўазым миннетлемесин нәтийжели әмелге асырыўға қаратылған теориялық ҳәм әмелий жәрдемлер көрсетилди.
Бас қәниге 9-декабрь — Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күнине бағышланған Контркоррупция ҳәптелиги мүнәсибети менен Бас офисте Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги хызметкери аралықтан өткерилген мәжилис-ушырасыўда қатнасты. Филиал басшылығы ҳәм Бас қәниге өткен жылы декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жуўапкер хызметкерлерин тартқан ҳалда «Коррупция — раўажланыўымызға тосқынлық» атамасындағы семинарда қатнасты.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте филиалда «Коррупцияның алдын алыў, банк хызметкерлери тәрепинен лаўазым дәрежесинен жеке мақсетлерде пайдаланыў сыяқлы жағдайларға жол қоймаслық ис-илажлары» темасында жыйналыс өткерилди.
Филиалымыз ҳәм барлық БХКО ҳәм БХО имаратларында орнатылған мониторлар арқалы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша видеороликлер көрсетилип, банкке тийисли имаратлар аймағында шөлкемлестирилген антикоррупция мүйешлеринде ҳуқықый үгит-нәсият материаллары жайластырылды.
Банк системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында тез хабарлаў имканын бериўши байланыс каналлары, арнаўлы мәлимлеме порталлары, социаллық тармақлардағы рәсмий бетлер, «Cаll-cеntеr» жумысы жолға қойылыўы мүнәсибети менен филиал басшылығының қадағалаўы астында Бас қәниге, қарыйдар ҳәм хызметкерлер арасында Банктиң веб-сайтында «Коррупцияға қарсы гүресиў» бөлими енгизилип, коррупцияға байланыслы ҳәрекетлер ҳаққында мәлимлеме бериў ушын байланыс каналлары жаратылғанлығы кең үгит-нәсиятланды.
Бас қәниге филиалдың тийисли структураларының жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте агентлик тәрепинен коррупцияға қарсы ишки ведомстволық норматив-ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин хызметкерлерге жеткериў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, «Ўзмиллийбанк» АЖниң коррупцияға қарсы гүресиў Сиясаты, қурамлық бөлимлерине байланыс каналлары арқалы коррупциялық ис-ҳәрекетлер ҳаққында келип түскен хабарларды қабыл етиў ҳәм көрип шығыў Регламенти, хызметкерлердиң коррупциялық ҳәрекетлери ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларын бузыў жағдайлары үстинен хызмет тексериўин өткериў бойынша Регламенти, мәплер соқлығысыўын басқарыў бойынша Уставы, коррупциялық қәўип-қәтерлерди баҳалаў методикасы ҳәм басқалар.
Филиалдағы Коррупцияға қарсы гүресиў тараўына жуўапкер болған филиал хызметкери турақлы рәўиште Бас офис тәрепинен әмелге асырылып атырған хызмет тексериўлеринде қатнаспақта ҳәм ҳәр бир анықланған нызамбузыўшылықларда коррупциялық жағдай бар екенлиги талқыланбақта.
Бас қәниге ҳәм филиалдың барлық қурамлық дүзилмелериниң басшылары менен биргеликте Коррупциялық қәўип-қәтерлерди баҳалаў бойынша тийисли буйрыққа тийкар, коррупциялық қәўип-қәтерге ең көп мейил болған лаўазымларды анықлаў ҳәм де оларды азайтыў бойынша ис-илажлар ислеп шығыў бойынша Банк жумыс процесинде коррупциялық қәўип-қәтерлерди баҳалаў ҳәм олардың дәрежелери бойынша Коррупциялық қәўип-қәтерлер картасы ислеп шығылды.
Бас қәниге «Ўзмиллийбанк» АЖ Басқарыўының 2022-жыл 28-марттағы бийлигине тийкар, қурамлық бөлимлер хызметкерлериниң этика ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў тараўында оқытылыўын шөлкемлестириў бойынша 2022-жыл 4-5-апрель күнлери Банктиң аймақлық филиаллары Комплаенс қадағалаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бас қәнигелери ушын оқыў-семинарында қатнасты.
Буннан тысқары, «Ўзмиллийбанк» АЖниң Ишки аудит департаменти директоры тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл, Қоңырат филиаллары басқарыўшылары, орынбасарлары, бас есапшы, бөлим ҳәм БХКО баслықлары, жуўмақлаўшы қадағалаў, ишки қадағалаў, хызметкерлер менен ислесиў бөлими, қәўипсизлик, режим ҳәм мәлимлемени қорғаў бөлимлерине Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша тараўларды тәртипке салыўшы ҳәм есабат дәўиринде филиаллар кесиминде енгизилген коррупцияға қарсы гүресиў тараўына тийисли болған норматив-ҳуқықый ҳәм ишки ҳүжжетлердиң мазмун-әҳмийети менен таныстырылды.
Филиалдың Бас қәнигеси Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы академиясы тәрепинен «Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша нәтийжели ведомстволық ис-илажлар шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў» темасында 2022-жыл 13-25-июнь күнлери «Ўзмиллийбанк» АЖниң Комплаенс қадағалаў ҳәм коррупцияга қарсы гүресиў хызметкерлери қатнасында қәнигелик арттырыў курсында қатнасып, сертификат алды.
Филиалда коррупцияның алдын алыўға қаратылған процесслердиң нәтийжелилигине жуўапкер болған ҳалда, филиал баслығы орынбасарлары, қурамлық дүзилме басшылары ҳәм Комплаенс қадағалаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў Бас қәнигелериниң бул мәселедеги ўазыйпалары өз ўақтында ҳәм талап дәрежесинде орынланыўы қатаң қадағалаўға алынбақта.
К.КАЗАКОВ,
«Ўзмиллийбанк» АЖниң ҚР филиалы басқарыўшысы ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы.