АЛДЫНҒЫ ТӘЖИРИЙБЕ: СУЎСЫЗ ӨСКЕН ҒАЎАША, ГЕКТАРДАН 50 ЦЕНТНЕРЛИК ӨНИМ...
Қайыр-сақаўатлы алтын гүздиң тамылжыған ыссы күнлери түймедей сықырлаған ғореклерди толық писирип, бирде-биреўин қалдырмай ашпаға қарапты.
Көзимиздиң алдында бир түп ғаўашасынан 88 болық ғорек санап, соннан 19ын терип алғаны, қалғанлары «мурты бузылмай» турғанына кеўли толған «Сары алтын-Сардар» фермер хожалығының ис жүргизиўшиси Шүкирилла Садуллаевтың бизлерге айтары көп екен.
Жыйын-терим мапазы басланғалы Жулдыз Жуманазарова күниге 200 килограммнан асыра ҳасыл терип, фартугинен 6 тонна пахта төксе, хожалық күнине 27,5 тоннадан зыят жоқары сортлы өним тапсырыўға ерискен...
Көрген көз бенен еситкен қулақта не жазық болсын. Соңғы жыллары пахташылықта ат шығарып, шарўасы менен исбилерменлиги жүрискен «Сары алтын-Сардар» фермер хожалығының табыслары ҳаққында баспасөз бетлери менен радио-телевидениеде айтылып ҳәм жазылып киятыр. Дәслепки жыллары ғаўашаны жапырағы арқалы азықландырып, тамшылатып суўғарыўды үлкен жаңалық деп қабыл етсек, бүгинги күнде дийқаншылық илиминдеги ең соңғы жетискенлик — биостимуляторлық суйықлықларды қолланып, ғаўашаны жапырағы арқалы минерал төгинлер бирикпелери менен тойындырыўдан суўсыз өним жетистириўге бағдар алған. Базар қатнасықларына өтип ислегенимизде, шийки заттың өзине түсер баҳасының қымбатлаўына жол қоймай, сапасына айрықша кеўил бөлип, пайда-зыянымызды ойлап ис тутпағымыз шәрт. Пахташылықта дүнья тәжирийбесине сүйенген ҳалда Әндижан пахташылық институтының илимпазлары менен бирге ислесип, шигит егилген 183 гектарының 100 гектарына биостимуляторлық-суйықлықлар, атап айтқанда, ғаўашаның өсип-раўажланыўы менен мол өним топлаўына пайдалы тәсирин тийгизетуғын «Басф», «Элсмк-А», «Пластик» ҳәм «Рости» сыяқлы суйықлықларын өндиристе кеңнен қолланыўға өткен наманганлылардың ис-тәжирийбелерин үйренип қайтқаны исенимли қәдемлер атыўына себепши болады. Хожалық қурамындағы пахта бойынша туқымгершилик пенен шуғылланатуғын «Айс-Жайхун» ҳәм «Сары алтын-Голд» ислеп шығарыўшы кооперативлери бирлесип, 183 гектар жерге шигит еккен болса, бүгинги күнге гектар есабына зүрәәтлиликти 50 центнерге жеткерип, 500 тонналық шекти ийелеў ушын терим пәтин күннен-күнге ҳәўиж алдырмақта. Жерлерди ерте бәҳәрден егиске таярлаўдан баслап қандырып суўғарыў, сүрип-тегислеп, барлық майданлардан бир тегис нәл алыўға ерискен соң агротехникалық қәделерге сай тәрбия бериўде жумыстың бар аўырманлықларын мойынларына алған механизаторлардан Д.Оралбаев, А.Мәмбеткәримов, А.Абатов, М.Халмуратов, С.Қудайбергеновлардың атларын ҳүрмет пенен тилге алсақ арзыйды. Жыйын-терим мапазына хожалықтың 50ден аслам ағзалары белсендилик пенен қатнасып, 100ден аслам көмекшилер жәрдемге келсе де, жетистирген пахта ада болар емес. Шәпик қоллы теримшилерден У.Әўезова, Н.Мақсетбаев, Б.Қурбанбаева, Ж.Жуманазаровалар терген ҳәр бир килограмм пахтасы ушын 1800 сумнан мийнет ҳақыларын алып, атыз басларына қолайлы турмыс шараятларын жаратып берилиўи ис өнимдарлығының артыўына себепши болмақта.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
Журналист.
Қанлыкөл районы.