Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:05:25, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МҮРӘЖАТЛАР ТЫҢЛАНЫП, МАШҚАЛАЛАР ШЕШИЛМЕКТЕ

«Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек,»-деген принцип тийкарында республикамызда физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылып, республикамыздағы сектор басшылары тәрепинен бул бағдарда көплеген унамлы илажлар әмелге асырылмақта.

9-октябрь күни Қанлыкөл районында Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары пуқаралары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың көшпели қабыллаўы болып өтти.

Көшпели қабыллаўда Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қабыллаўына жазылған дизим бойынша пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, оларды өз орнында унамлы шешиў илажлары көрилди.

Қабыллаўда тийкарынан пуқаралар халықты соңғы ўақытлары қыйнап кия­тырған социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтлик, медициналық жәрдем, жол, ишимлик ҳәм ақаба суў, электр ҳәм газ тәмийнаты, исбилерменлик жумысларында ушырасып атырған машқалалар бойынша мүрәжатлар етти.

Атап айтқанда, көшпели қабыллаў даўамында, Жо­қар­ғы Кеңес Баслығына жәми 433 мүрәжат келип түсип, соннан 200 ге шамалас машқала сол жердиң өзинде унамлы шешим тапты. Ал, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, оларды тез арада унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Соның ишинде, Қанлыкөл районы турғыны Парахат Төребаев өзи жасайтуғын көшесине жаңадан электр линиясын тартыў бойынша билдирген мүрәжаты сол орынның өзинде унамлы шешимин таўып, бул жумыслар баслап жиберилди.

Сондай-ақ, Мойнақ ра­йоны Мәдели аўыл пуқаралар жыйынындағы Порлытаў аўылы турғыны Жадигер Жапаровтың өзи жасайтуғын  аўылын газ бенен тәмийинлеў бойынша мүрәжаты унамлы шешилип, 8,2 км аралықтағы газ тармақларын тартыў ҳәм сол арқалы 200 ден аслам хожалықты қайта газге жалғаў жумыслары басланды.

Соның менен бирге, Хожели районынан Муҳаббат Бакиева ҳәм Насиба Жадигеровалардың оқыў ушын шәртнама төлем пулларына жәрдем етиў  бойынша, Тақыятас районынан Толыбай Ешмуратовтың өзи жасайтуғын  көшени оңлаў, Қоңырат районынан Замира Зарекееваның үйин шиферлаў, Азат Юсуповтың үйин оңлаў, шоманайлы Абилқасым Жамаловтың жумыссызлық бойынша мүрәжатлары өзиниң унамлы шешимин тапты

«Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында жолға қойылған бундай көшпели қабыллаўлар пуқаралар турмысында ушырасып атыр­ған ҳәм оларды қыйнап кия­тырған машқалаларға шешим табыўда соның менен бирге, халқымызды бүгинги күнинен разы болып жасаўы жолында исленип атырған жумыслардың және бир әмелдеги көриниси болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бундай көшпели қабыллаўлары республикамыз аймақларында даўам еттириледи.

Илажға Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Мухаммадиев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF