Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:07:33, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА КӘРХАНАНЫҢ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ КӨРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2021-жыл 17-ноябрьдеги  «2022-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында аўыл хожалығы тараўын  раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы мәжилис протоколы тийкарында белгиленген тапсырмаға муўапық, Кегейли районына Әндижан ўәлаяты бириктирилген еди.

Әне усы ўәлаят ўәкиллери тәрепинен Кегейли районында исбилерменликти  раўажландырыў, халыққа еле де қолайлықлар жаратыў мақсетинде бир қатар жойбарлар қәлиплестирилип, әндижанлы исбилерменлердиң жәрдеминде 608,9 млрд. сумлық 24 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 1985 жаңа жумыс орынларын жаратыў белгиленди.

Кеше Әндижан ўәлаяты исбилерменлери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў, жойбарлардың өз мүддетлеринде иске түсиўине иркиниш жасап атырған машқалаларды үйрениў ҳәм оған шешим табыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи Т.Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Кегейли районы  Ақтуба аўыл пуқаралар жыйынында қурылысы басланған «Aqtuba textil group»  жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи Т.Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев район ҳәкими Д.Утемуратов пенен биргеликте бул кәрхананың қурылыс жумыслары менен танысып,  ўәлаят исбилерменлери ҳәм кәрханада жумыс баслаў ушын арнаўлы курсларда оқытылып атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлесип,  олардың пикир-усынысларын тыңлады.

Соны атап өтиў керек, бул жойбардың улыўма баҳасы 30 млрд. сум болып, тоқымашылық кәрханасы иске түскеннен соң бул жерде 500 ҳаял-қыз  турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.

Ә.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF