Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:21:08, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕКТЕПЛЕРДЕ ЖАӉА ШТАТ ЕНГИЗИЛДИ. 
НӘТИЙЖЕСИ ҚАНДАЙ?

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-марттағы «Руӯхый-ағартыӯшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириӯ ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5040-санлы қарары менен мәмлекет бюджети қаржылары есабынан мектеплерде 0.5 штат бирлигинде мәдений-дөретиӯшилик мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы лаӯазымы енгизилди.  

Оның ис ҳақы муғдары улыӯма орта билим бериӯ мәкемелериниң жоқары мағлыӯматлы оқытыӯшысы ушын орнатылған базалық тариф ставкасы муғдарында белгиленди. Сол жылдың апрель айынан баслап республикамыздағы барлық улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде Қарақалпақстан Жазыӯшылар аӯқамы ағзалары, журналистлер жумыс баслады.

Мине, арадан бир жылдан аслам ӯақыт өтти, мениңше бул ӯақыт аралығы олардың жумысларын талқылаӯ ушын жетерли болады деп ойлайман. Ал, енгизилген усы штат бирликлердиң бүгинги күндеги мектеплердеги жумысы қандай? Мәдений-дөретиӯшилик жумыслар қалай алып барылып атыр? Мақаламда усы саӯалларға жуӯап излеймиз.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 726 мектеп бар. Олардың ҳәр биринде биреӯден үгит-нәсиятшы бар болатуғын болса, оларда ҳәзир кимлер ислеп атыр? Қарарда белгилеп берилгениндей усы штатта жазыӯшы-шайыр яки журналистлер ислеп атыр ма?

Егер мағлыӯматларға жүгинсек, ҳәзирги күни Қарақалпақстан Жазыӯшылар аӯқамына 90нан аслам жазыӯшы-шайыр ағза, бирақ бүгин олардың көпшилиги арамызда жоқ екенлигин есапқа алсақ, ары барса ағзалар саны 30-40 адамнан аспайды. Ал, ҳәзирги күнде мектеплерде усы лаӯазымда ислеп атырған журналистлер болса, онша көп емес. Билиӯимше, көпшилик республикалық газеталарда ислейтуғын журналистлер мектеплерде үгит-нәсиятшы болып ислемейди. Мысалы, «Еркин Қарақалпақстан» газетасында ислейтуғын 10 журналисттиң екеӯи ғана мектепте үгит-нәсиятшы екен. Еситиӯимше, «Жеткиншек» газетасынан бирде-бир журналист мектепке тартылмаған. Басқа республикалық газеталарда да дерлик усындай жағдай. Яғный, редакциялардағы журналистлердиң 30 проценти де шықпайды. Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында да усыған уқсас жағдай.

Мен енди Қарақалпақстан хабар агентлиги менен районлық газеталардыӊ журналистлери туӯралы толық мағлыӯматқа ийе емеспен. Солай да, олардың хызметкерлериниң барлығы усы жумыста ислеп атыр деп айта алмаймыз. Районлық газеталардың штат бирлиги 2-3 адамнан ибарат екенин есапқа алсақ, соннан 16 район, бир қаладағы басылымларда ислейтуғынлардан мектеплерде 2 адамнан ислегенде де 34 адам деген түсиник келип шығады.

Енди жоқарыдағы фактлерди бирлестирип, есап-санаққа шақсақ, журналистлерден асып кетсе 60 адам, ал, жазыӯшылар аӯқамы ағзаларынан шама менен 40 адам ислеп атыр, деген жуӯмақ келип шығады. Ал, қалған мектеплерде болса, муғаллимлер үгит-нәсиятшы лаӯазымында ислеп атырғаны өз-өзинен белгили. Солай да, биз муғаллим бул дөретиӯши инсан емес дегеннен аӯлақпыз. Ҳәтте, алыс-алыс районларда да дөретиӯшилик қәлеми бар устазлар табылады. Сондай-ақ, бурыннан белгили баслы журналистлик жумыс ислемеген, бирақ журналистлик дипломы бар адамлар да бар. Жоқарыдағы екеӯинен қопал есапта 50 адам деп алсақ, шама менен 100, яқшы сәл көбейтсек 120+100 жазыӯшы-шайыр, журналистлер усы штатта ислеп атыр, деп алайық.

Ал, енди буны 726 штаттан алып тасласақ, сонда қалған мектеплердеги, анығырағы 506, яғный, мектеплердиң ярымынан көбинде кимлер үгит-нәсиятшы?-деген саӯал туӯылады. Сонда бүгинги күнде мектеплерде мәдений-дөретиӯшилик жумыслар менен шуғылланыӯ ушын ажыратылған штатлардың айлықларын кимлер алып жүрипти?

Мен енди буған мысалды факт пенен емес, былайынша-ақ келтирип өтейин. Егер керек болса факт қолымда. Ҳәтте, журналист, басылым хызметкерлеринен базылары руӯхыйлық бөлимлеринен «өте алмаған» фактлер де бар. Буны сонда қалай түсиниӯимиз мүмкин? Басылымда ислеӯши журналист дөретиӯшилик мәселелерине жарамаса, ал, оныӊ орнына мектептиң анық пәнлер муғаллимлери жумысқа алынса, бул жерде шийкишилик бардай түйиледи. Я бизде редакцияларда журналистлер таярланбайды, яки руӯхыйлық бөлимлеринде көзбояӯшылық бар.

Және қайталайман, егер руӯхыйлық бөлимлери меннен анық фактти сорайтуғын болса, дәлиллеп бериӯге мен таярман.

 

Көрсеткишлер санларда

Қарақалпақстан Республикасы Руӯхыйлық ҳәм ағартыӯшылық орайыныӊ мағлыӯматы бойынша бүгинги күнде мектеплердеги усы лаӯазымларда ислеп атырған жазыӯшы-шайыр, журналистлерден басқа кимлер ислеп атырғанын бир есаплап көрдим. Улыӯма 726 мектепте 124 адам қарарда белгилеп берилген талапқа туӯры келмейтуғын қәнигелер, олардың ишинде 10-класс питкерген аттестатқа ийе адамлар ислейтуғынын көрип ҳайран болдым.

Мағлыӯматлар төмендегише: 22 баслаӯыш тәлим, 13 тарийх, 8 МҒИ, 8 биология, 7 рус тили ҳәм әдебияты, 6 дене тәрбия, 5 музыка, 5 технология, 4 химия, 3 математика, 2 МҒИ, ҳуқық, 2 мийнет, 2 педагогика, психология, 2 сүӯретлеӯ өнери, 2 философия, 2 кәсиплик тәлим, 2 оқытыӯшы (мен де түсинбедим, мағлыӯматта усындай), еки 10-классты питкерген адам, 1 математика, информатика, 1 биология, баслаӯыш тәлим, 1 тарийх-география, 1 химия-биология, 1 МҒИ, руӯхыйлық, ҳуқық, 1 китапханашы, 1 информатика, 1 ЭЕМ операторы, 1 эколог, 1 агрономия, 1 сүӯрет-сызыӯ, 1 физика-астрономия, 1 санаат технологы математика, 1 мектепке шекемги тәлим, 1 концерт атқарыӯшысы, 1 сахна ҳәм экран драматургиясы, 1 инглис тили, 1 мәлимлеме қәӯипсизлиги, 1 немец тили, 1 мәденият, 1 мәденият ҳәм көркем өнер, 1 география, 1 ҳуқық, 1 МҒИ сыртқы бөлим студенти, 1 журналистика сыртқы бөлим студенти, 1 тарийх сыртқы бөлим студенти, 1 түркмен тили сыртқы бөлим студенти.

Сондай-ақ, дизим арасынан ҳәтте бир емес, ал еки мектепте үгит-нәсиятшы орынды уялмай ийелеп отырғанлар ушырасқанына ҳайран қалдым. Буған мысал келтиретуғын болсақ, 1.Г.Наӯрызымбетова (қәнийгелиги қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими) Бозатаӯ №9 мектеп пенен Кегейли районындағы №19 мектепте үгит-нәсиятшы. 2.Э. Бермаханова (қәнийгелиги журналист) Кегейли №21 мектеп, Нөкис қаласы №37 мектепте ислейди.

Улыӯма алғанда, үгит-нәсиятшы штаты сабақ жетиспеген ҳәм пенсияға шыққан муғаллимлер ямаса айырым жумыслылар ушын жыллы орын болып кеткен сыяқлы.

Айта берсең гәп көп. Шынына келгенде, Президент тәрепинен жақсы нийетте ашылған үгит-нәсиятшылық штаты кимлергедур жемтик, кимлергедур қосымша жеӊил дәрамат табыӯ дереги болып қалғандай. Сораӯсыз нәрсениң қардары көп болады, дегени усы шығар, сирә.

 

Еки орын былай турсын, мыңсан жумысты атқарып жүргенлер де бар екен

Туӯрысы, жоқарыдағы жемтик орын дегенимиз бийкарға емес еди. Буннан басқа Қарақалпақстан Республикасы Руӯхыйлық ҳәм ағартыӯшылық орайының «Маърифат» тарғиботшылар жәмийети (Мен руӯхыйлықтың берген мағлыӯматы бойынша жаздым. Негизинде бул таза қарақалпақ тилинде «Ағартыӯшылық» үгит-нәсиятшылар жәмийети болыӯы лазым. Алжасық болмаӯы ушын кейинги орынларда да руӯхыйлық берген атамасында келтирдим)  дегени де бар. Онда да жоқарыда атап өткен мектеплердеги үгит-нәсиятшылардың базылары ағза болып жүргени қалай да адамда саӯалларды пайда етеди. Олардың көпшилиги әллеқашан пенсия жасынан өтсе де, елеге шекем жасларға орын бермей жумыс ислеп атырғанлар қатарына киреди. Мысалы, Орал Атаниязова, Жубатхан Сағындыков, Яхшибека  Абдуллаева, Мырзагүл Сапаевалардыӊ базылары театрда, гейпаралары жоқары оқыӯ орынларында ҳәм пенсия, ҳәм айлық алып, жумыс ислеп жүргенлер саналады. Ал, айырымлары болса, ҳәтте депутат. Олардың көпшилиги пенсияға шыққанына онлаған жылдыӊ жүзи болған болса да усыншама жумысты бир өзи қалай атқарып жүргени адамды ҳайран етпей қоймайды. «Тарғиботшылар» жәмийетиниң де өзине жараса жумыслары бар. Түрли орынларда үгит-нәсият жүргизеди. Сондай-ақ, жасы пенсияға келмесе де Назира Матяқупованың ҳәммесине ӯақыт таӯып жүргени де адамның басына сыймайды. Мысалы, ол «Қарақалпақстан таңы» газетасы бас редакторы, ҚР Жоқарғы Кеңеси депутаты, мектепте үгит-нәсиятшы. Ал, телпекти ортаға қойып бир ойланып көриң, буның барлығына ол қалай үлгериӯи мүмкин? Ал, Раӯаж Отарбаевтың «шаққанлығы» дәстанға жайғасады. Мысалы, ол мектепте үгит-нәсиятшы, «Әдалат» СДПсы баслығы орынбасары, тағы «тарғиботшылар» жәмийети ағзасы, соныӊ менен бирге ҳәзирги күнде журналистика факультетинде сырттан оқыйды. Буныӊ барлығына үлгериӯ ушын адам ким болыӯы керек? Я робот, я компьютер, әлбетте!

Бунысын да қойып турайық, ал, енди мектепте үгит-нәсиятшы, ҳәм пенсия, ҳәм тағы басқа жерден айлық алып ислеп атырған «тарғиботшылар» жәмийети ағзаларының да жумыс бериӯине адамның исениӯи қыйын. Сөзим қурғақ болмаӯы ушын факт келтиремен: Кеңесбай Каримов (Жазыӯшылар аӯқамы баслығы, пенсияда, Жоқарғы Кеңес депутаты, мектепте үгит-нәсиятшы, тарғиботшылар жәмийети ағзасы), Халила Дәӯлетназаров (Пенсияда, «Әмиӯдәрья» журналы редакторы, мектепте үгит-нәсиятшы, тарғиботшылар жәмийети ағзасы), Шарапатдин Аяпов (Мектепте үгит-нәсиятшы, ҚР руӯхыйлық-ағартыӯшылық орайы хызметкери, пенсионер ҳәм тарғиботшылар жәмийети ағзасы).

Мениӊше, пенсия жасындағы адам былай турсын, тозған компьютерге бирден бир неше команда бергенимизде де қатып қалған болар еди. Ал, булар болса...

Әлбетте, жоқарыдағы жолдаслардың пенсия жасына шекем мәденият, билимлендириӯ, көркем өнер тараӯларын раӯажландырыӯдағы хызметлерин ҳеш ким бийкарламайды. Бирақ, бир нәрсе анық, адамның физикалық жағдайынан келип шыққанда, олардың пенсия жасында жүрип, усыншама жумысты минсиз атқарыӯына ҳеш ким де исенбейди. Я болмаса олар мен билмеген дәри-дәрмақтан пайдаланып, күш-қуӯат алады, я болмаса денелери тозбайтуғын, жумыс ислеӯ қәбилетин жоғалтпайтуғын полат темирден жасалған болса, мени кеширерсиз.

Негизинде пенсия жасын белгилеӯде адамның медициналық тәреплери толық есапқа алынады. Адам организминиң қайсы жасқа шекем толық жумыс беретуғынын есапқа алып, пенсия жасы белгиленеди. Сонлықтан, елеге шекем Өзбекстанда пенсия жасын көтериӯ мәселеси изге сүрилип киятыр. Себеби, пенсия жасы көтерилсе адам организминиң буған шыдам бере алмайтуғыны былай турсын, сол аймақта жасаӯшылардың өмир сүриӯ жасы да есапқа алынады. Соның ушын, жоқарыдағы жолдаслардың көпшилигиниӊ пенсия жасында бир емес 4 жумысты толық қуӯатлылықта ислеп жүргенине адамныӊ исениӯи қыйын. Сондай-ақ, пенсияға шықпаған болса да, бир неше жумыс ҳәм ӯазыйпаларды атқарып атырған айырым шахслардың организми де басқа адамлардыӊ организминен бираз қуӯатлы деген пикирге де ҳасла қосылып болмайды.

Бул жерде бир нәрсе аян, ол да болса ҳүкиметтиң бергенинен жеке мәпи ушын пайдаланып қалыӯ идеясы алға сүрилген. Яғный, оған шамасы келсе де, келмесе де сол жумысларды атқарған болып, табыс табыӯ. Бирақ, олардыӊ бул ҳәрекетлери жәмийеттиң раӯажланыӯына кери тәсир етип атырғанлығы жүдә ашынарлы жағдай, әлбетте.

Билиӯимизше, тарғиботшылар жәмийети ағзаларына да айлық төленеди екен. Соның ушын да бул пенсионерлер бундай «көргизбе» ушын айлық алатуғын талапты ҳеш қашан қоймайды.

Мен бул мақаланы айырым адамлардың табыс таӯып, шаңарағына дәрамат келтирип атырғанын қызғанғаным ушын жазып отырғаным жоқ. Ойым тек адамлар айлығын ҳадаллап алсын, шамасы келгенинше ҳәрекет етсин демекшимен. Жоқарыда айтқанымдай, пуқараларға пенсия жасы қурыдан-қуры белгиленбеген. Жумыс ислеӯ қәбилети пәсейип кететуғынын есапқа алып, пенсия берип қойыпты. Буған ҳеш кимниң де даӯы жоқ шығар. Солай да, гейпара адамлардың ҳүкиметимиздиң пенсионерлерге ислеген жақсылығын басқаша түсинип атырғаны өкинишли. Олар бүгин шамасы келсин-келмесин, денсаӯлығы көтерсин-көтермесин, үлкен-киши мәкемелерде лаӯазымлы орынларды ийелеп, «Аӯырдың үсти, жеңилдиң асты» менен жүргенлиги жасына сай ҳәрекет емес. Ал, базылар болса ҳәм пенсия алып, ҳәм бир мәкемениң штатын бәнтлеп жүргени де азлық еткендей, бир неше жумыстың басын услап отырғаны да инсаныйлық, адамгершилик, жасыүлкенлик пазыйлетлерине жат нәрсе.

 

Жумысқа алынғанлар қарарға сәйкес келе ме?

2021-жыл 20-апрельдеги Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги, Өзбекстан Республикасы Руӯхыйлық ҳәм ағартыӯшылық орайы, Өзбекстан журналистлер аӯқамы ҳәм Өзбекстан Жазыӯшылар аӯқамының «Улыӯма орта билим бериӯ мәкемелеринде мәдений-дөретиӯшилик мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы лаӯазымын енгизиӯ ҳаққында»ғы қоспа қарарында бул лаӯазымға кимлер алыныӯы анық белгилеп берилген. Қарардың 2-бәнтинде: «Мәдений-дөретиӯшилик мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы лаӯазымына атақлы шайыр, жазыӯшы, журналист ҳәм дөретиӯшилер, сондай-ақ, дөретиӯшилик қәбилетке ийе болған ана тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлерин улыӯма орта билим бериӯ мәкемелерине бириктириӯ кестеси үшинши қосымшаға муӯапық тастыйықлансын», 3-бәнтинде: «Үгит-нәсиятшы лаӯазымына талабан сыпатында жоқары яки орта арнаӯлы (педагогикалық мағлыӯматқа ийе болған қәнигелер, Өзбекстан жазыӯшылар аӯқамы, Өзбекстан журналистлер аӯқамы ағазалары) мағлыӯматқа ийе болған шахслар усыныс етиледи.

Жоқарыдағы талаптан келип шыққанда руӯхыйлық орайы мағлыӯматы бойынша жумысқа қабылланғанлардың көпшилиги бул талапқа жуӯап бермей қалғаны қызық болды. Әлбетте, биз талапты басшылыққа алғанда республикамызда қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен миллети ӯәкиллери көпшиликти қурайтуғын аймақларды да есапқа алып, усы пән муғаллимлерин жоқарыдағы талапқа жуӯап береди, деп ойлаймыз. Деген менен, базылары туӯралы бундай деп айтыӯға тил бармайды. Мысалы, инглис тили, рус тили ҳәм әдебияты пәни ҳәм тағы басқа да пән муғаллимлери усы лаӯазымға неге алынған деген саӯал пайда болады. Енди белгиленген талапқа жуӯап бермейтуғын қәнигелер бойынша мағлыӯматларды фактлерде келтиремиз:

  1. Әмиӯдәрья районында 9: 2 рус тили (биреӯи пенсияда), 1 математик, 1 биолог, 3 баслаӯыш тәлим, 1 тарийх, 1 химия-биология.
  2. Беруний районында 31: 7 баслаӯыш тәлим (биреӯи пенсияда), 2 биология, 1мийнет, 4 тарийх, 1 тарийх-география, 1 китапханашы (пенсионер), 1 информатика, 1 математика-информатика, 1 педагогика-психология, 1 дене тәрбия, 2 музыка, 1химия, 1 ЭЕМ операторы, 1 эколог, 1 математика, 1 агрономия, 1 рус тили, 1 сүӯретлеӯ өнери, 2 МҒИ-ҳуқық.

Бозатаӯ районында: 1 баслаӯыш тәлим (пенсионер).

Кегейли районында 6: 2 мектепте МҒИ, 1 мектепте физика-астрономия, 1 философия, 1 химия, 1 баслаӯыш тәлим.

Қараөзек районында: 2 мектепте дене тәрбиясы.

Қоңырат районында 9: 1 мектепте дене тәрбия, 1 санаат-технологы, математика, 2 баслаӯыш тәлим, 1 мектепке шекемги тәлим, 1 биология, 1 музыка, 2 тарийх (биреӯи пенсияда).

Тахтакөпир районы 7: 3МҒИ, 2 биология, 1 философия, 1 дене тәрбия.

Тақыятас районы 8: 1 МҒИ (сыртқы бөлим студенти), 1 журналистика (сыртқы бөлим студенти), 1 тарийх (сыртқы бөлим студенти), 1 түркмен тили (сыртқы бөлим студенти), 1 концерт атқарыӯшысы (пенсионер), 1 инглис тили, 1 сахна ҳәм экран драматургиясы, 1  тарийх.

Төрткүл районында 19: 2 кәсиплик тәлим, 1 музыка, 2 тарийх (биреӯи пенсияда), 2 технология, 3 баслаӯыш тәлим (биреӯи пенсияда), 1 мийнет, 2 рус тили ҳәм әдебияты, 1 сүӯрет-сызыӯ, 1 дене тәрбия, 2 оқытыӯшы, 1 биология, баслаӯыш тәлим, 1 мәлимлеме қәӯипсизлиги.

Мойнақ районында: 1 мектепте химия.

Нөкис районында 3: 2 рус тили ҳәм әдебияты (биреӯи пенсияда), 1 немец тили.

Хожели районында 8: 1 баслаӯыш тәлим, 2 10-классты питкерген, дипломсыз қәниге (Оның да биреӯи пенсионер), 1 музыка, 1 тарийх, 2 МҒИ, 1 биология.

Шымбай районында: 1 мектепте МҒИ, руӯхыйлық тийкарлары, ҳуқық.

Шоманай районында 5: 1 тарийх, 1 ҳуқық (пенсияда), 1 химия, 1 математика (пенсияда), 1 технология (пенсияда).

Елликқала районында 13: 3 баслаӯыш тәлим, 2 технология, 1 биология, 1 мәденият (пенсияда), 1 сүӯретлеӯ өнери, 1 тарийх (пенсияда), 1 МҒИ, 1 география, 1 мәденият ҳәм көркем өнер, 1 педагогика-психология.

Көрип өткенимиздей Әмиӯдәрья районындағы 85 мектептен 21 мектепте пенсионер, ал 9 мектептеги үгит-нәсиятшы белгиленген талапқа жуӯап бермейди.

Беруний районындағы 72 мектептен 12 пенсионер, 31 мектепте қәнигелер үгит-нәсиятшы лаӯазымында ислеӯге туӯры келмейди.

Бозатаӯ районында 15 мектепте  3 пенсионер, 1 қәниге емес.

Кегейли районында 38 мектеп, 2 пенсионер, 6 қәниге емес.

Қараөзек районында 33 мектеп, 7 пенсионер, екеӯиниң қәнигелиги туӯры келмейди.

Қоңырат районында 49 мектеп, 4 пенсионер, 9 қәниге емес.

Тахтакөпир районында 23 мектептиң 7 мектебинде қәниге емес адам ислейди.

Тақыятас районында 22 мектепте 4 пенсионер, 8 қәнигелиги туӯры келмейтуғын муғаллим.

Төрткүл районында 67 мектеп болып, 13 пенсионер ҳәм 19 қәнигелиги туӯры келмейтуғын муғаллимлер усы лаӯазымға тартылған.

Мойнақ районында 18 мектептиң 1 мектебинде қәнигелиги туӯры келмейтуғын муғаллим ислейди.

Нөкис районында 31 мектеп болып, 7 пенсионер ҳәм 3 қәниге емес муғаллим ислейди.

Хожели районында 44 мектеп, 5 пенсионер, 8 муғаллимниң қәнигелиги туӯры келмейди.

Шымбай районында  48 мектеп, 1 пенсионер, 1 қәнигелиги туӯры келмейтуғын муғаллим.

Шоманай районында 33 мектепте усы лаӯазымда 9 пенсионер, 5 қәнигелиги туӯры келмейтуғын муғаллим ислейди.

Елликқала районында 72 мектеп, 9 пенсионер, 13 қәнигелиги туӯры келмейтуғын муғаллимлер ислеп атыр.

 

Үгит-нәсиятшы қай ӯақытта оқыӯшылар менен ислесиӯи керек?

Бул енди бүгинги күнниӊ тийкарғы ҳәм шешимин күтип турған басы ашық мәселеси. Мектеплерде үгит-нәсиятшыларға үлкен ӯазыйпалар жүкленген. Түрли дөгереклер, дөретиӯшилик, спорт, қол өнери, сүӯретшилик, тигиӯшиликке ықлас қойған оқыӯшыларды дөгереклерге тартыӯ, мектеплерде өткерилетуғын илажларды шөлкемлестириӯ, илаждың сценарийин таярлаӯ, оқыӯшыларды түрли таңлаӯларға алып барыӯ, талантлы оқыӯшыларды анықлаӯ ҳәм дөретпелерин жүзеге шығарыӯ.

Өзлериңиз билесиз, мектеп - оқыӯ орны. Сонлықтан, онда биринши нәӯбетте оқыӯшыларға пәнлер үйретиледи. Ал, дөретиӯшилик ҳәм ҳәр түрли кәсиплерге қызығыӯшы оқыӯшылар болса, дөгереклерге тартылады. Дөгерек арқалы олардың талантын жүзеге шығарыӯ мектеплерде бурыннан бар еди. Бирақ, усы күнге шекем буның ушын өз алдына штат бирлиги ашылмаған еди.

Дурыс, усы жерде бир ҳақыйқатлыққа көз жумып болмайды. Бурын да мектеплерде дөгереклер ислегени менен бир қанша машқалалар бар еди. Муғаллимлер оқыӯшыларды сабақтан тыс ӯақытта дөгереклерге тартыӯына, ата-анасынан руқсат алыӯына туӯра келген. Бул болса өз-өзинен қыйыншылықларды пайда етип келди. Соның ушын да соңғы жылларға келип, дөгереклер көпшилик жағдайда атына өткерилген, журнал толтырылған, бирақ нәтийжеси онша көринбеген. Ал, енди жаңа штат ашылыӯы менен бул жағдай унамлы тәрепке өзгерди ме? Әлбетте, азғана қозғалыс бар. Бирақ, жоқарыдағы муғаллимлерди қыйнаған машқала және пайда болмақта. Себеби, дөретиӯши адам, жазыӯшы-шайыр, журналистлердиң көпшилиги жумыслы адамлар. Олар ушын мектепте арнаӯлы сабақ қойылмаса, олар қалайынша балалар менен шуғыллана алады? Балаларын оқыӯдан тыс ӯақытта мектепке жибериӯге ата-аналар не дейди? Оның үстине, соңғы жыллары оқыӯға таярлық, репетитор дегенлер шығып, муғаллимлердиң де балаларды мектепте сабақ пайытында услап турыӯы да аңсат болмай атырғаны да ашшы ҳақыйқатлық.

Туӯры, пән дөгереклери усы оқыӯға киремен, келешекте усы кәсиптиӊ нанын жеймен деген оқыӯшылар ушын керек. Буған ата-анасы да қарсы емес. Ал, енди дөретиӯшилик болса, басқа мәселе. Бул тек оқыӯшыныӊ жасырын жатырған талантын жүзеге шығарыӯ, дөретиӯшилигин тасқынлатыӯ ушын ғана керек. Олай болса, үгит-нәсиятшы қашан оқыӯшылар менен шуғылланады деген саӯал пайда болады?

Жоқарыдағылар оқыӯ ӯақтындағы жағдай. Ал, оқыӯшылар дем алысқа шыққан ӯақытта үгит-нәсиятшы не жумыс ислейди? Балаларды мектепке шақырып шуғылландыра ма? Соннан биреӯине бир нәрсе болса оған ким жуӯапкер болады?

Мектеп директорларына қалса, үгит-нәсиятшы мектепте 6 жумыс күнинде ярым мезгил ямаса 3 күн толық жумыс бериӯи керек. Ал, мектепте жүрген менен буннан балаларға қандай пайдасы бар? Буны мектеп директорлары үгит-нәсиятшылардан дем алыс ӯақтында да талап етеди. Неге?

Ҳақыйқатында дөретиӯшилик пенен шуғылланыӯшы адам еркинликти күсейди. Дөретиӯшилик дегенимиздиң өзи де еркинлик, пикирин еркин айтыӯ, дөретиӯ, ишки дебдиӯди шығарыӯ. Оны шегаралап таслап, жазыӯшы-шайырды бир жайға қамап қойып шығарма дөретиӯге ийтермелеӯ яки балаларды тәрбиялаӯды талап етиӯ қалай да нырыққа сыятуғын нәрсе емес. Еркинлигинен айрылған дөретиӯши тек сүлдерин көрсетиӯ менен ӯақтын өткеретуғын адамға айланып қалады. Олай болса, оннан талантларды тәрбиялаӯды қалай талап етиӯ мүмкин? Бул азғана ойланып көриӯди талап ететуғын мәселе.

Еситиӯимизше, Өзбекстанның айырым ӯәлаятларында үгит-нәсиятшылар мектепке емес, ал, оқыӯшылар үгит-нәсиятшыға барып, дөретиӯшилик пенен шуғылланады екен. Ол үйинде отырып, балалардың дөреткенлерин көрип шығады. Ал, бизде, болса керисинше. Үгит-нәсиятшы азанлы-кеш мектепте директордың қас-қабағына қарап жүретуғын болса, ол қай ӯақытта балалардың жазғанларының кемис-қутығын дүзейди, оған баҳасын береди? Бирақ көпшилик мектеп директорларына булай десең, «мәмлекет солай белгилеп қойыпты, ярым штатта ярым күн жумыс бериӯи керек» дегенди айтады. Оларға түсиндириӯ дым қыйын. Айтсаң бетиңе нызам менен урады.

Және бир гәп, мектеплерде ҳәзирги күнге келип, қарақалпақ тили пәниниң өзине ҳәптесине бир сабақ қойылған. Ана тили пәни қысқарғанда, дөретиӯшилик мәселелерин оқыӯшыларға үйретиӯге сабақ, ӯақыт ажыратыӯды сораӯдың өзи тийкарсыздай. Улыӯма алғанда, үгит-нәсиятшы оқыӯшылар менен қашан ислесип, оларға жол-жорық бериӯи туӯралы нызамда ҳеш нәрсе айтылмағаны жумыстың өнимли болыӯына бәрибир кесент етип атырғандай...

 

Оқыӯшылардың дөретпелерин қай жерде жәриялаӯ керек?

Көпшилик буған әлбетте «газета-журналда» деп жуӯап береди. Айтыӯға аңсат, ал, ҳақыйқаты болса, бираз басқаша. Бүгинги күнде республикамызда балалар ушын жалғыз «Жеткиншек» газетасы ғана бар. Оған 700ден аслам мектеп оқыӯшыларының ең талантлы оқыӯшыларының дөретпелеринен таңлап алғанда да ҳәптесине бир мәрте шығатуғын газетада басып үлгере алмайды. Дурыс, басқа республикалық газеталар менен район газеталары да шығады. Журналлар да бар. Бирақ, бир нәрсе анық, оларда балаларға жүдә кем орын ажыратылады. Ал, республикамыз телевидениесинде балалар ушын арнаӯлы көрсетиӯдиң өзи жоқ. Балалар телевидениеси туӯралы буннан бираз алдын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сессиясында айтылған болса да, барлығы сөз жүзинде қалып кетти. Радиода да усыған уқсас жағдай. Ал, «Әмиӯдәрья» журналы менен «Қарақалпақ әдебияты» газеталарында болса, балалардың дөретпелери бериле  бермейди.

Ал, бирақ үгит-нәсиятшыға қойылған қатаң талап елеге шекем алып тасланбаған. Ҳәтте, өткен жылы болып өткен таңлаӯдың шәртинде «оқыӯшылардың таңлаӯға усынған шығармалары китап, газета-журналларда жәрияланған болыӯы шәрт» деген қатаң талап қойылғаны «Ҳәммеге қапшық жетиспейди, бирақ еплеп гүришти алып келиң» деген биймәни гәптей болып көринеди.

 

Үгит-нәсиятшыға мектептен мийнет дем алысы бериледи ме?

Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине жүгинсек, қәлеген жумыс ислеӯши жылына бир мәрте мийнет дем алысын алыӯға ҳақылы. Ал, быйылғы жылы республикамыз мектеплериндеги үгит-нәсиятшылар арасында балалардың жазғы дем алысында мектеплердеги муғаллимлер қатары олардың да мийнет дем алысына шығыӯы үлкен машқалаға айланды. Биреӯлери мийнет дем алысы бериледи десе, ал, екиншилери берилмейди дегенди тапты. Соңғылығында айырым мектеплердиң басшылары тек бир жерде ислейтуғын үгит-нәсиятшылар ушын 36 күнлик дем алыс берген. Ал, айырымлары «Екинши жерде жумысың бар, мийнет дем алысын сол жерден аласаң» деген сылтаӯ менен үгит-нәсиятшыға пулсыз дем алысқа шығыӯға арзасын жаздырып алған. Неге бундай, неге ҳәммеге биртегис мийнет дем алысы берилмейди?

Мәселениң нәзик тәрепи сонда, көпшилик мектеп басшылары «Басқа жерде ислесең, дем алыс пулыңды сол жерден аласаң. Бизде ярым штаттасаң, пулсыз дем алыс ал. Мийнет дем алысын бере алмаймыз» дегенди тапқан. Мениң билиӯимше, қәлеген адам мәкемеде 11 ай ислеп, бир ай дем алыс алыӯына ҳақысы бар. Деген менен, бул қағыйда үгит-нәсиятшыға қолланылмай атырғаны түсиниксиз. Ямаса үгит-нәсиятшы мектепте оқыӯшыларға мәдений-дөретиӯшилик үгит-нәсиятты бийпул бериӯи керек пе?

Жуӯмақлап айтқанда, мектеплерде жаңадан ашылған штатлардың өзине жараса машқалалары көп. Биреӯлер буны «жемтик орынға» айландырған болса, базыларға мектепте төбесин көрсетип кетсе болғаны сыяқлы. Және бир топар болса, бул енди мектеп директорларына тийисли, үгит-нәсиятшылық штатты өзине дерек пенсионерлерди жумыс пенен тәмийинлеӯ усылы етип алған. Ал, гейпаралар болса, қолынан келе ме, жоқ па, усы штаттан бала-шаға бағыӯды нийет еткени жүдә өкинишли.

Узын гәптиң қысқасы, бул мәселеде еле шешилмеген машқалалар көп. Ең жаманы, Президенттиң қарары талаплары усындай немқурайдылықлар себебинен орынланбай атырғаны адамды ойландырады.

 

Сағынбай  ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF