Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:34:31, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УСТАЗДЫҢ БИЙИК МЎРТЕБЕСИ

40 жылдан аслам педагогикалық ис-тәжирийбеге ийе физика пәни муғаллими Рустем Бекниязовты бүгин республикамыздың билимлендириў тараўында хызмет етип атырған көпшилик жақсы таныйды.

1982-жылы университетти тамамлаған ол сол ўақыттан берли Кегейли районындағы 34-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өз қәнигелиги бойынша муғаллим болып ислеп келмекте.

Негизи муғаллимлер шаңарағында туўылып камалға келген Рустемниң физика пәнине деген қызығыўшылығын жигит ағасы Қалбай Бекниязов оятқан. Оннан қалаберсе әкеси Ысақ, кемпир апасы Улбоған ападан алған үйдеги тәрбия оны усындай дәрежедеги үлгили муғаллим, перзентлериниң әдиўли әкеси дәрежесине жеткерди.

— Атамыз Бекнияз да аўылда мешитте бала оқытқан деп айтатуғын еди,-дейди Рустем аға. — Кемпир апам Улбоғанның: «атаңызға уқсап муғаллим болың» деген ақыл-нәсияты себепли ме, бир ата-анадан туўылған 11 туўысқаннан жетеўимиз педагог болып жетилистик. Атап айтқанда, қарындасларым Гүлзамира биолог, Нигара, Айымхан, Рамуза, иним Қонысбай филолог, Баҳадыр тарийхшы қәнигелигин ийеледи. Соның ишинде қарындасым Нигара филология илимлериниң докторы дәрежесине жетисти. «Уяда нени көрсең, ушқанда соны көресең» дегениндей ул-қызларым Гүлнара математика, Азамат тарийхшы, Карамат географ, Гүлчеҳра физика, Қуўат энергетика қәнигелиги бойынша билим алды. Бүгинги күни олар халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли хызмет етпекте...

— Жақсы муғаллим болыў ушын не ислеў керек, - деп сорадым оннан гәп арасында.

— Жақсы муғаллим болыў ушын биринши гезекте, өзиң жақсы билимге ийе болып, оқыўшыларды өзиң оқытқан пәнге қызықтыра алыўың керек. Екиншиден, оқыўшыларды сабақтан тыс ўақытлары дөгерекке тартып, олар менен көбирек бирге ислесиў лазым. Мениң өзим оқыўшыларды баслаўыш класты тамамлап атыр­ған ўақытта математикадан имтихан алып таңлап аламан ҳәм сол оқыўшыға физикадан дәслепки түсиниклерди берип бараман. Математиканы билмеген баланың физиканы өзлестириўи қыйын болады. Соның нәтийжеси шығар оқыўшыларым ҳәр жылы өткерилетуғын пәнлер олимпиадасында район ҳәм республика көлеминде жеңимпаз болып келмекте...

— Оқыўшылар менен ислесиўде бираз тәжирийбем аз болған жыллар болды. Педагогларға жаратылып атырған бүгингидей имканият сәл ертелеў болғанында буннан да жоқары нәтийжелерди көрсетиўге болатуғын еди. «Ҳештен кеш жақсы» дегениндей, қудайға мың қәтле шүкир, соңғы жыллары Президентимиз   Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде билимлендириў тараўына үлкен итибар қаратылып, өсип киятырған жас әўладтың тәлим-тәрбиясы ушын аталарша ғамқорлықлар көрсетилмекте. Муғаллимлеримиз қо­сымша жумыслардан азат етилип, өзлериниң бар билим ҳәм күш-жигерин оқыўшылардың тыянақлы билим алыўына қаратпақта. Мен де буннан нәтийжели пайдаланыўға ҳәрекет етпектемен. Жас педагогларға өзимниң ис-тәжирийбемди үйретип атырман...

Ҳақыйқатында да, Р.Бекниязов өзиниң бай ис-тәжирийбесиниң арқасында ра­йон ҳәм республика көлеминде көргизбели ашық сабақлар өтип, физика пәни бойынша баспадан шығып атырған сабақлықларға өзиниң пикир-усыныслары менен белсене қатнасып келмекте.

Оның усындай ийгиликли ислери инабатқа алынып, 2011-жылы «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи ағласы», 2013-жылы «Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириўи ағласы» көкирек белгилери менен сыйлықланды. Ал, 2017-жылы болса «Дўстлик» орденин алыўға миясар болды.

Быйылғы кәсиплик байрам да тәжирийбели устазға үлкен қуўаныш алып келди. Атап айтатуғын болсақ, 1-октябрь — «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен елимизде тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириў, тараўдағы реформаларды нәтийжели әмелге асырыў, жасларға илим үйретиў ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерге бағдарлаў, оларды ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы көп жыллық жемисли мийнетлери ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары тийкарында, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атағы менен сыйлықланыўға ерис­ти.

— Рустем ағаның усындай ҳүрметли атаққа ерисиўи оның пидайы мийнети ҳәм педагогикалық жәмәәтимиздиң беккем аўызбиршилигиниң жемиси деп ойлаймыз, - дейди бизге Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 34-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Бердибай Яхьяев. — Мектебимиз 1991-жылы қурылған болып, онда 114 оқыўшы заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта. 2020-жылы Мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында мектебимизге капитал оңлаў жумыслары исленди. Быйылғы жылы болса, мектептиң дөгереги бетонланып, темир қоршаўлар менен қоршалмақта. Оқыўшыларымыздың физикадан басқа пәнлерге де қызығыўшылығы жоқары. Олар пәнлер олимпиадасы ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўларда белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Мине, бүгин кишкене ғана «Ерполат жыраў» аўылында жайласқан бир мектептиң пидайы муғаллими Рустем Бекниязов ҳәм оның кәсиплеслериниң тәлим-тәрбия бағдарында ислеп атырған жумысларына қысқаша тоқтап өттик. Алдағы ўақытлары республикамыздағы басқа мектеп жәмәәтлери де буннан үлги алып, тәжирийбесин арттыратуғынына исеним арттырамыз.

 

Ә.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF