Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:14:51, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРҒА ӘСБАП — ҮСКЕНЕЛЕР  ТАПСЫРЫЛДЫ

Жаслар, жаслар және жаслар. Биз анық айта аламыз, бүгин мәмлекетимизде оларды қоллап-қуўатлаў, итибар ҳәм ғамқорлық жүдә жоқары дәрежеде.

Бүгин жасларымыз барлық тараўларда да алда. Олар не ислеймен десе, барлығы жаратылмақта. Солардың ишинде, әсиресе, социаллық жәрдемге мүтәж жасларымыз «Жаслар дәптери»не киргизилип, олар ушын кең имканиятлар есиги ашылып, көплеген нәтийжели жумысларды әмелге асырыўға тийкар жаратылмақта.

Пайтахтымыздағы Жаслар орайында жумыссыз, бәнтлиги тәмийинленбеген, кәсип-өнерге қызығыўшы, яғный, «Жаслар дәптери»не киргизилген 109 жасқа өзин-өзи бәнт етиўде субсидия тийкарында Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен әсбап-үскенелер салтанатлы жағдайда тапсырылды. Илажда жаслар арасында 15 жасқа қызлар ушын маникюр ҳәм педикюр жумыслары менен шуғылланыўы ушын, 39 жасқа шаштәрезлик пенен шуғылланыўы, 55 жасқа нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыўшы, электротехника буйымларын оңлаўшы ҳәм қурылыс-сантехника жумысларында пайдаланылатуғын әсбап-үскенелер тапсырылды.


— Бул әсбап-үскенелерди тапсырыўдағы мақсетимиз — жасларымыз өзлериниң бизнесин жолға қойып кетиўи ушын тийкар болып табылады. Бизлер бүгин, бүгин сол әсбап-үскенелерди берип, олар менен ортадағы байланысты тоқтаттық дегени емес, Жаслар ислери агентлиги тәрепинен ҳәзирги күнде мониторинг топары дүзилген. Сол топар тәрепинен әсбап-үскене алып, өзлериниң бизнесин жолға қойған жасларды қосымша үйрениў жумысларын басладық. Мәселен, бир жас тигиў машинасын алған болса, ол тигиў менен шуғыллана баслайды. Яки ол жас қандай да машқалаға дус келип атыр ма яки оны пайдаланыў қолынан келмей атырған болса, қосымша оқыў курсларында оқыў мүтәжликлери сезилип атыр ма, барлығы толық үйренилип, бизнесин жолға қойыўда, оның аяққа турып кетиўи ушын мониторинг топарымыздың толық бақлаўында болады, - дейди Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Мақсет­баев.  

Соның менен қатар, бул күни әсбап-үскенелерди қабыл етип алған қызларымыз ушын пайтахтымыздағы гөззаллық салонларының биринде тәжирийбели қәнигелер тәрепинен шеберлик сабақлары өткерилип, қосымша көп нәрселерди үйрениўде әҳмийетли болады. Қулласы, бул күнги илаждағы жаслардың қуўанышында шек жоқ. Енди болса, олар өзин-өзи бәнт етип, дәрамат табыўға қәдем атпақта.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.                                    

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаждан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF