Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:43:09, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ КУБОГЫ»НА СТАРТ БЕРИЛДИ

«Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы кубогы»ның салтанатлы ашылыўы болып, мәресимди  ашып берген Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев соңғы жылларда елимизде барлық тараўлар қатарында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, халықты, әсиресе, жасларды спортқа кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

Буның айқын мысалы сыпатында, бүгинги күнде Республикамызда 3 мыңнан аслам спорт объектлери болып, бунда жасларымыз дене тәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланып келмекте.

Елимиздеги бундай кең көлемдеги спорт базаларының қурылыўы спорт пенен турақлы шуғылланыўшылар ҳәм өсип киятырған жас әўладтың спорт пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылыўына, сондай-ақ, спорт түрлери бойынша шуғылланыўшылардың санының күннен-күнге артып, спортшыларымыздың халық-аралық ареналарда жеңимпазлықты қолға киргизиўине себеп болмақта.

Өткерилип атырған спорт жарысларында республикамыздың барлық министрлик, басқарма ҳәм басқарыў уйымларынан командалар қатнасып атырған болып, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги командалары кубок жарысларын баслап берди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңесиниң Мәлимлеме 
хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF