ЗАМАНЫ КЕЛСЕ, ҒАРРЫЛАРЫ ДА ЖАС БОЛАР...
Расында да, кекселер нәрестедей күтимге мүтәж болады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 20l9-жыл 27-сентябрьдеги 8l6-санлы қарары тийкарында ҳәр жылы октябрь айының биринши ҳәптесин «Кекселер ҳәптелиги» етип белгилеген.
Адамға балалықтың қайта айланып келетуғынындай, зымырап өткен ўақыттың желисинде бүгинги жас әўлад қартайып, ғаррылық мийзанын сүретуғыны тәбийғый ҳалат. Оның айқын мысалларын өзимизден, ата-анамыз, жумыс ислеп, ҳүрметли дем алысқан жәмәәтимиз ағзаларынан көриўге болады. Жасыүлкен устазларымыздың орны мудамы төрде, қәдир-қымбатына жетип, ҳүрмет-иззетке бөлегенимизди көрип өскен жас әўлад ушын үлги, тәлим-тәрбияның дерегине айланады.
Ҳәптеликти ҳәр ким өз үйлеринен баслап, мийнет етип атырған жәмәәтлеринде ислеп кеткен нураныйлардың ҳал-аўҳалларынан хабар алыў ушын үйлерине барсақ қуўанып қалады. Олар менен кеўил ашып сөйлесиў, жеке турмысындағы машқалаларын үйренип, биргелесип шешиўге ҳәрекет етсе жетип атыр. турақ жайларын оңлаў, той-мерекелерин саўысыўға өз мүмкиншиликлерине қарай азлы-көпли жәрдем еткенимиз қандай жақсы. Үш әўлад ўәкиллериниң ушырасыўларын шөлкемлестириў, тарийхый орынларға саяхат жасаў, спорт жарысларын өткерип, концерт бағдарламаларын қойып бериў айтар аўызға жеңил болғаны менен жүдә қурамалы жумыслар көлемине киреди. Кексе әўладтың турмыслық, жумыс бабындағы ис-тәжирийбелери бизлер ушын жүдә керекли, қымбат турады.
Қоңырат районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап қуўатлаў бөлими тәрепинен ҳәптелик алдынан ис-илажлары тийкарында жумыслар алып барылмақта. Халқымыздың кеўлине берип, жан-тәнине сиңип кеткен жақсы пазыйлетлеринен жәрдемге мүтәж шаңарақ ийелерине, төсек тартып жатырған наўқаслардың кеўлин сорап барғанның өзинде тез күнде саўалып кетеди. Район аймағындағы 39 мәҳәлледе кекселер менен ушырасыўлар өткерилип, түрли бағдар ҳәм мазмундағы ис-илажлары дийдинен шықпақта. Фронт артында мийнет еткен әўладларға, жүз жасын нышанламақшы болғанларға ҳәр тәреплеме медициналық жәрдемлер берилиўи, ҳал-жағдайларынан хабар алыў дәстүримизге кирген.
Ҳәптелик шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қоры есабынан 50 нураный қатнасында Хийўа қаласына саяхат шөлкемлестирилди. Нураныйлардың өтиниш-тилеклери бойынша «Ҳәким ата» қойымшылығына зыярат уйымластырдық. «Қырыққыз» поселкасында жайласқан әскерий бөлимшеде хызмет етип атырғанлар менен ушырасыў ядларымызда узақ сақланып қалады.
Ҳәр бир ушырасыўдан соң нураныйларға дастурхан жайылып, саўғалар берилиўи аталарымыз бенен аналарымыздың тыныш-парахат, бийғәрез елимизде жасап, ғамқорлығына бөленгенлерине рийза болысты.
Ә.НУРЫЛЛАЕВ,
Қоңырат районы «Нураныйлар» жәмийетшилик Кеңеси баслығы.